Юхан 3 bob

Ийса ҳәм Никодим (1-21), Ийса ҳәм Яқыя (22-36).

1 Парисейлер арасында яҳудий басшыларының бири болған Никодим атлы бир адам бар еди.
2 Ол бир күни түнде Ийсаға келип, Оған: – Устаз, Сениң Қудайдан келген бир муғаллим екениңди билемиз. Себеби ҳеш ким Қудай оның менен бирге болмаса, Сен ислеп атырған кәраматларды ислей алмайды, – деди.
3 Ийса оған: – Саған шынын, ҳақыйқатын айтаман: ким де ким қайтадан туўылмаса, Қудайдың Патшалығын көре алмайды, – деп жуўап берди.
4 Никодим Ийсадан: – Қартайған адам қалай қайтадан туўыла алады? Ол анасының қурсағына екинши мәрте кирип, қайтадан туўыла ала ма? – деп сорады.
5 Ийса оған жуўап берип былай деди: – Саған шынын, ҳақыйқатын айтаман: ким де ким суўдан ҳәм Мухаддес Руўхтан туўылмаса, Қудай Патшалығына кире алмайды.
6 Денеден туўылған – дене, Мухаддес Руўхтан туўылған – руўх болады.
7 Саған: «Қайтадан туўылыўың керек», – дегениме ҳайран қалма.
8 Самал қәлеген жеринде еседи, оның даўысын еситесең, бирақ қаяқтан келип, қаяққа кететуғынын билмейсең. Мухаддес Руўхтан туўылған ҳәр бир адам да усындай.
9 Никодим Ийсадан: – Бул қалай болыўы мүмкин? – деп сорады.
10 Ийса оған былай деп жуўап берди: – Сен Израилдың устазы бола тура, усыларды билмейсең бе?
11 Саған шынын, ҳақыйқатын айтаман: бизлер билгенимизди сөйлеймиз, көргенимиз ҳаққында гүўалық беремиз. Ал сизлер бизлердиң гүўалығымызды қабыл етпей атырсызлар.
12 Сизлерге жердеги нәрселер ҳаққында айтқанымда исенбесеңлер, аспандағы нәрселер ҳаққында айтсам, қалай исенесизлер?
13 Аспаннан келген Адам Улынан басқа ҳеш ким аспанға шыққан емес.
14 Муўсаның шөлде жыланды жоқары көтергени сыяқлы, Адам Улы да жоқары көтерилиўи тийис.
15 Сонлықтан Оған исенген ҳәр бир адам мәңгилик өмирге ийе болады.
16 Себеби Қудай бул дүньяны соншелли сүйгенликтен, Өзиниң жалғыз Улын берди. Оның Улына исенген ҳәр бир адам набыт болмай, мәңгилик өмирге ийе болады.
17 Қудай Улын бул дүньяны ҳүким етиў ушын емес, ал дүньяны Ол арқалы қутқарыў ушын жиберди.
18 Оған исенген адам ҳүким етилмейди. Ал исенбеген адам әлле қашан ҳүким етилген, өйткени ол Қудайдың жалғыз Улының атына исенбеди.
19 Ҳүким мынадан ибарат: дүньяға нур келди, бирақ адамлардың ислери жаман болғанлықтан, олар нурға қарағанда қараңғылықты жақсы көрди.
20 Жаманлық ислеўши ҳәр бир адам нурды жек көреди ҳәм ислери әшкара болмаўы ушын, нурға келмейди.
21 Бирақ ҳақ ис ислеўши адам ислериниң Қудай алдында исленгени көринсин деп, нурға келеди.
22 Буннан соң, Ийса шәкиртлери менен Яҳудияға келди. Бир неше ўақыт олар менен бирге сол жерде қалып, адамларды шомылдырды.
23 Яқыя да Салимниң қасындағы Айнонда шомылдырып жүрди, себеби ол жерде суў мол еди. Адамлар келип, шомылдырылатуғын еди.
24 Өйткени Яқыя еле қамалмаған еди.
25 Сонда Яқыяның шәкиртлери менен бир яҳудий арасында диний әдет бойынша тазаланыў ҳаққында тартыс пайда болды.
26 Олар Яқыяға келип: – Устаз, Иордан дәрьясының арғы жағасында сениң менен бирге болған, сен гүўалық берген Адам бар-ғо, Сол шомылдырып жүрипти. Ҳәмме адам Оған бармақта, – деди.
27 Яқыя былай деп жуўап берди: – Қудайдан берилмесе, адам өзине ҳеш нәрсе ала алмайды.
28 «Мен Масих емеспен, мен тек Оның алдынан жиберилгенмен», – деп айтқаныма сизлер гүўасызлар.
29 Келиншек кимге тийисли болса, сол күйеў болады. Бирақ күйеўди тыңлап турған досты оның даўысын еситип, қатты қуўанады. Мен де сондай қуўанышқа толдым.
30 Оның уллыланыўы, ал мениң пәсейиўим тийис.
31 Жоқарыдан келген ҳәммеден уллы. Жерден болған жерге тийисли ҳәм жердеги нәрселер ҳаққында сөйлейди. Ал аспаннан келген ҳәммеден уллы.
32 Ол көргени ҳәм еситкени ҳаққында гүўалық береди, бирақ гүўалығын ҳеш ким қабыл етпейди.
33 Оның гүўалығын қабыл еткен Қудайдың ҳақ екенин тастыйықлайды.
34 Қудай тәрепинен жиберилген Қудайдың сөзлерин сөйлейди. Себеби Қудай Руўхын өлшеўсиз береди.
35 Әке Өз Улын сүйеди ҳәм ҳәмме нәрсени Оның қолына тапсырған.
36 Улға исенген адам мәңгилик өмирге ийе болады. Улды тыңламаған адам өмир көрмейди, ал Қудайдың ғәзеби оның үстинде қалады.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16