Юхан 20 bob

Ийсаның қайта тирилиўи (1-10), Ийсаның магдалалы Мәриямға көриниўи (11-18), Ийсаның шәкиртлерине көриниўи (19-23), Ийсаның Томасқа көриниўи (24-29), Бул китаптың мақсети (30-31).

1 Ҳәптениң биринши күни, яғный екшемби күни таң азанда, еле қараңғы болғанда, магдалалы Мәриям қәбирге келди ҳәм қәбирдиң аўзындағы тастың алып тасланғанын көрди.
2 Ол жуўырып, Симон Петрге ҳәм Ийсаның жақсы көретуғын сол шәкиртине барды да, оларға: – Ийемизди қәбирден алып кетипти. Оны қай жерге қойғанын билмеймиз, – деди.
3 Сонда Петр менен басқа шәкирт шығып, қәбирге қарай жол алды.
4 Олар жуўырып кетти. Бирақ сол шәкирт Петрден тезирек жуўырып, қәбирге биринши болып келди.
5 Ол еңкейип ишке қарап, сол жерде кепинликтиң жатырғанын көрди, бирақ ишке кирмеди.
6 Оның изинен Симон Петр жетип келип, қәбирге кирди. Сол жерде жатырған кепинликти ҳәм
7 Ийсаның басына оралған орамалды көрди. Орамал кепинлик пенен бирге емес, ал бөлек жерде бүкленип турған еди.
8 Сонда қәбирге биринши болып келген сол шәкирт те ишке кирди ҳәм усыларды көрип, исенди.
9 Себеби олар Ийсаның өлимнен қайта тирилиўи тийис екенин айтқан Мухаддес Жазыўды елеге дейин түсинбейтуғын еди.
10 Буннан соң, шәкиртлер үйлерине қайтып кетти.
11 Ал Мәриям қәбирдиң сыртында жылап турған еди. Жылап турып, еңкейип қәбирдиң ишине қарады
12 ҳәм ақ кийимли еки периштени көрди. Бири Ийсаның денеси жатқан жердиң бас ушында, екиншиси аяқ ушында отырған еди.
13 Олар Мәриямнан: – Ҳаял, сен неге жылап турсаң? – деп сорады. – Ийемди алып кетипти. Оны қай жерге қойғанын билмеймен, – деди ол.
14 Усыларды айтып болып, арқасына бурылды ҳәм Ийсаның турғанын көрди. Бирақ Оның Ийса екенин танымады.
15 Ийса оған: – Ҳаял, сен неге жылап турсаң? Кимди излеп жүрсең? – деди. Мәриям Оны бағман деп ойлап, Оған: – Мырза, егер Оны сен алып кеткен болсаң, қай жерге қойғаныңды маған айт, мен Оны алып қайтайын, – деди.
16 Ийса оған: – Мәриям! – деди. Мәриям бурылып, еврейшелеп: – Рәббуний! – деди. (Рәббуний – «устаз» дегенди аңлатады.)
17 Ийса оған: – Маған қол тийгизбе! Себеби Мен еле Әкемниң жанына көтерилмедим. Ал сен туўысқанларыма барып, Мениң Әкемниң ҳәм сизлердиң Әкеңиздиң, Мениң Қудайымның ҳәм сизлердиң Қудайыңыздың алдына көтерилип баратырғанымды айт, – деди.
18 Магдалалы Мәриям шәкиртлерге барып, оларға: – Мен Ийемди көрдим! – деди ҳәм Ийсаның өзине не айтқанларын оларға хабарлады.
19 Ҳәптениң биринши күни, яғный екшемби күни кеште шәкиртлер бирге жыйналған еди. Яҳудий басшыларынан қорққанлықтан, олар үйдиң қапыларын илип қойғанда, Ийса келди. Олардың ортасында турып, оларға: – Тынышлық сизлерге яр болсын! – деди
20 Буны айтып, оларға қолларын ҳәм бүйирин көрсетти. Шәкиртлер Ийемизди көрип, қатты қуўанды.
21 Ийса оларға және былай деди: – Тынышлық сизлерге яр болсын! Әкем Мени жибергени сыяқлы, Мен де сизлерди жиберип атырман.
22 Усылай деди де, оларға қарай үплеп: – Мухаддес Руўхты алыңлар.
23 Сизлер кимниң гүналарын кеширсеңлер, Қудай да оның гүналарын кеширеди. Сизлер кимниң гүналарын кеширмесеңлер, Қудай да оның гүналарын кеширмейди, – деди.
24 Он еки шәкирттиң бири, Егиз деп аталған Томас Ийса келгенде олардың арасында жоқ еди.
25 Сонлықтан басқа шәкиртлер оған: – Бизлер Ийемизди көрдик, – дести. Бирақ Томас оларға: – Оның қолларындағы шеге излерин көрмегенимше, бармағым менен шеге излерин ҳәм қолларым менен Оның бүйирин услап көрмегенимше, исенбеймен, – деди.
26 Бир ҳәптеден соң, Ийсаның шәкиртлери және үйде жыйналған еди. Томас та олар менен бирге еди. Үйдиң қапылары илик болғанда, Ийса келип, олардың ортасында турды да: – Тынышлық сизлерге яр болсын! – деди.
27 Соңынан Томасқа: – Бармағыңды берман соз. Қолларыма қара, қолыңды созып, бүйиримди услап көр. Гүманланбай, исен, – деди.
28 Томас Оған жуўап берип: – Ийем мениң, Қудайым мениң! – деди.
29 Ийса оған: – Сен Мени көргенликтен исендиң. Бирақ, көрмей исенгенлер қандай бахытлы! – деди.
30 Ийса шәкиртлериниң алдында бул китапта жазылмаған басқа да көп кәраматлар иследи.
31 Бирақ булар сизлердиң Ийсаның Масих, Қудайдың Улы екенине исениўиңиз ушын ҳәм исенип, Оның аты менен өмирге ийе болыўыңыз ушын жазылды.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16