Юхан 2 bob

Ийсаның биринши кәраматы (1-12), Ийсаның Ибадатханадан сатыўшыларды қуўыўы (13-25).

1 Еки күн өткеннен соң, Галиланың Кана қаласында үйлениў тойы болды. Ийсаның анасы сол жерде еди.
2 Ийса менен шәкиртлери де тойға мирәт етилген еди.
3 Шарап таўсылғанда, Ийсаның анасы Оған: – Олардың шарабы таўсылды, – деди.
4 Ийса оған: – Апа, бул Мениң жумысым емес. Мениң ўақтым еле келген жоқ, – деди.
5 Ийсаның анасы хызметшилерге: – Ол сизлерге не десе де, соны ислеңлер, – деди.
6 Сол жерде диний әдет бойынша яҳудийлер тазаланыў ушын қолланатуғын, ҳәр қайсысы шама менен жүз литр алатуғын алты тас гүзе бар еди.
7 Ийса хызметшилерге: – Гүзелерди суўға толтырыңлар, – деди. Олар гүзелерди аўзына дейин толтырды.
8 Сонда Ийса хызметшилерге: – Енди буннан алып, той басқарыўшыға апарыңлар, – деди. Олар алып барды. 9
9 Той басқарыўшы шарапқа айланған суўды татып көрди. Оның қаяқтан келгенин билмеди, тек алып келген хызметшилер ғана билетуғын еди. Той басқарыўшы күйеўди шақырып:
10 – Ҳәр бир адам алдын жақсы шарапты, адамлар мәс болғаннан соң пәсирегин береди. Бирақ сен жақсы шарапты ҳәзирге дейин сақлапсаң-ғо, – деди.
11 Ийса бул биринши кәраматын Галиланың Кана қаласында ислеп, Өз уллылығын көрсетти. Шәкиртлери де Оған исенди.
12 Буннан кейин Ийса анасы, туўысқанлары ҳәм шәкиртлери менен Капарнаҳум қаласына келди ҳәм ол жерде бир неше күн қалды.
13 Яҳудийлердиң Қутқарылыў байрамы жақынласып қалғанда, Ийса Ерусалимге кетти.
14 Ибадатханада ири қара мал, қой ҳәм кептер сатыўшыларды, сол жерде отырған ақша алмастырыўшыларды көрди.
15 Ийса арқаннан қамшы ислеп, қойлар менен ири қара малға қосып ҳәммесин Ибадатханадан қуўып шығарды. Ақша алмастырыўшылардың ақшаларын шашып, столларын аўдарып таслады.
16 Ол кептер сатыўшыларға: – Мыналарды бул жерден жоқ етиңлер, Әкемниң үйин базарға айландырмаңлар! – деди.
17 Сонда шәкиртлери: «Сениң үйиңе болған қызғанышым Мени жеп жиберди», – деп айтылған Мухаддес Жазыўдағы аятты еслерине түсирди.
18 Яҳудий басшылары Ийсадан: – Буларды ислеўге бийлигиң бар екенин бизлерге қандай кәраматлы белги менен дәлиллей аласаң? – деп сорады.
19 Ийса оларға жуўап берип: – Бул Ибадатхананы бузыңлар, Мен оны үш күнниң ишинде қайта тиклеймен, – деди.
20 Олар Ийсаға: – Бул Ибадатхана қырық алты жылда қурылған, Сен оны үш күнниң ишинде тиклемекшимисең? – деди.
21 Бирақ Ийсаның Ибадатхана деп айтқаны Өз денеси еди.
22 Ийса өлимнен қайта тирилгеннен соң, шәкиртлери Оның бул сөзлерин еслерине түсирип, Мухаддес Жазыўға ҳәм Ийсаның бул сөзине исенди.
23 Ийса Ерусалимде, Қутқарылыў байрамында болғанда, көплер Ол ислеген кәраматларды көрип, Оның атына исенди.
24 Бирақ Ийса ҳәмме адамлардың кеўиллерин билгенликтен, оларға исенбеди.
25 Оған адам ҳаққында ҳеш кимниң гүўалығының ҳәжети жоқ еди. Өйткени адамның кеўлинде не бар екенин Ол билетуғын еди.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16