Юхан 19 bob

Ийсаның өлимге ҳүким етилиўи (1-16), Ийсаның атанақ ағашқа шегелениўи (17-27), Ийсаның жан тапсырыўы (28-37), Ийсаның қәбирге қойылыўы (38-42).

1 Сонда Пилат Ийсаны услап, қамшылаўды буйырды.
2 Әскерлер тикенли шыбықлардан таж өрип, Ийсаның басына салды. Соңынан Оған шым қызыл шапан кийгизди
3 Алдына келип: – Жасасын, Яҳудийлердиң Патшасы! – деп жүзине шапалақ пенен урды.
4 Пилат және сыртқа шығып, яҳудийлерге: – Мине, мениң Оннан ҳеш бир айып таппағанымды сизлерди билсин деп, Оны сизлердиң алдыңызға шығарып атырман, – деди.
5 Сонда басында тикенли тажы, үстинде шым қызыл шапаны бар Ийса сыртқа шықты. Пилат оларға: – Мине, бул Адам! – деди.
6 Бас руўханийлер менен олардың сақшылары Ийсаны көргенде: – Оны атанақ ағашқа шегеле, шегеле! – деп бақырысты. Пилат оларға: – Оны сизлер алып кетип, атанақ ағашқа шегелеңлер. Өйткени мен Оннан ҳеш қандай айып таппай атырман, – деди.
7 Яҳудий басшылары оған жуўап берип: – Бизлерде нызам бар ҳәм сол нызам бойынша, Ол өлиўи шәрт. Себеби Ол Өзин Қудайдың Улы деп атады, – деди.
8 Пилат бул сөзлерди еситкенде, бурынғыдан бетер қорқып кетти.
9 Қайтадан ҳәкимханаға кирип, Ийсадан: – Сен қай жерденсең? – деп сорады. Бирақ Ийса оған жуўап бермеди.
10 Пилат Оған: – Мениң менен сөйлеспейжақсаң ба? Сени азат қылыўға да, атанақ ағашқа шегелетиўге де бийлигим бар екенин билмейсең бе? – деди.
11 Ийса жуўап берип: – Саған Қудайдан берилмегенде, сенде Мениң үстимнен ҳеш қандай бийлик болмас еди. Сонлықтан Мени саған услап бергенниң гүнасы сениң гүнаңнан аўырырақ, – деди.
12 Сол ўақыттан баслап, Пилат Ийсаны азат етиўге тырысты. Бирақ яҳудий басшылары: – Бул Адамды азат қылсаң, Рим патшасы-Қайсардың досты емессең. Өзин патша деп атайтуғын ҳәр бир адам Қайсарға қарсы болады, – деп бақырысты.
13 Пилат бул сөзлерди еситкенде, Ийсаны сыртқа шығарды ҳәм «Тас майданша», еврейше Габбата деп аталған жердеги ҳүким гүрсисине отырды.
14 Таярлық күни, Қутқарылыў байрамынан бир күн бурын саат он екилер шамасында Пилат яҳудийлерге: – Мине, сизлердиң Патшаңыз! – деди.
15 Бирақ олар бақырысып: – Жоқ қыл Оны! Жоқ қыл, атанақ ағашқа шегеле! – деди. Пилат оларға: – Сизлердиң Патшаңызды атанақ ағашқа шегелейин бе? – деди. – Бизлердиң Қайсардан басқа патшамыз жоқ, – деп жуўап берди бас руўханийлер.
16 Солай етип, Пилат Ийсаны атанақ ағашқа шегелеў ушын әскерлерге тапсырды.Әскерлер Ийсаны алып кетти.
17 Ийса Өз атанақ ағашын арқалап, «Бас сүйек орны», еврейше Голгота деп аталған жерге келди.
18 Сол жерде Ийсаны ҳәм Оның менен бирге еки адамды атанақ ағашқа шегеледи. Олардың биреўи оң тәрепте, екиншиси сол тәрепте, ал Ийса ортада еди.
19 Пилат жазыў жаздырып, оны атанақ ағаштың үстине илдиртти. Онда: «НАСЫРАЛЫ ИЙСА – ЯҲУДИЙЛЕРДИҢ ПАТШАСЫ», – деп жазылған еди.
20 Яҳудийлердиң көбиси бул жазыўды оқыды. Өйткени Ийса атанақ ағашқа шегеленген жер қалаға жақын еди ҳәм бул жазыў еврейше, латынша ҳәм грекше жазылған еди.
21 Яҳудийлердиң бас руўханийлери Пилатқа былай деди: – «Яҳудийлердиң Патшасы» деп жазба, «Оның Өзи: Мен – Яҳудийлердиң Патшасыман, деди», – деп жаз.
22 – Не жазажақ болсам жаздым, – деп жуўап берди Пилат.
23 Әскерлер Ийсаны атанақ ағашқа шегелегеннен соң, Оның сыртқы кийимин алды ҳәм оны төрт бөлекке бөлип, ҳәр қайсысы бир бөлектен алды. Көйлегин де алды. Ол тигилмеген болып, бастан-аяқ бир пүтин тоқыма еди.
24 Сонлықтан әскерлер бир-бирине: – Буны жыртпайық, шек таслайық, кимге түссе, сол алсын, – деди. Бул Мухаддес Жазыўдағы мына сөзлердиң орынланыўы ушын болды: «Сыртқы кийимимди өз ара бөлисти, Көйлегим ушын шек таслады». Әскерлер усы айтылғанды иследи.
25 Ийсаның атанақ ағашының қасында Оның анасы, анасының апасы, Клопаның ҳаялы Мәриям ҳәм магдалалы Мәриям турған еди+.Ийсаның атанақ ағашының қасында Оның анасы, анасының апасы, Клопаның ҳаялы Мәриям ҳәм магдалалы Мәриям турған еди+.Ийсаның атанақ ағашының қасында Оның анасы, анасының апасы, Клопаның ҳаялы Мәриям ҳәм магдалалы Мәриям турған еди+.Ийсаның атанақ ағашының қасында Оның анасы, анасының апасы, Клопаның ҳаялы Мәриям ҳәм магдалалы Мәриям турған еди+.Ийсаның атанақ ағашының қасында Оның анасы, анасының апасы, Клопаның ҳаялы Мәриям ҳәм магдалалы Мәриям турған еди.
26 Ийса анасын ҳәм оның жанында турған Өзиниң сүйикли шәкиртин көргенде, анасына: – Апа, мине, сениң улың, – деди.
27 Кейин шәкиртине: – Мине, бул сениң анаң, – деди. Сол ўақыттан баслап, сол шәкирт оны өз үйине алды.
28 Соннан соң, Ийса ҳәммесиниң тамамланғанын билип, Мухаддес Жазыў орынланыўы ушын: – Шөллеп турман! – деди.
29 Сол жерде ашшы шарапқа толы бир гүзе тур еди. Әскерлер сорғышты оған сиңдирип алып, иссоптың шыбығына қадады да, Ийсаның аўзына тутты
30 Ийса оны татып көрип: – Орынланды, – деди де, басын ийип, жан тапсырды.
31 Бул таярлық күни еди. Ертеңги күн Қутқарылыў байрамына туўра келетуғын айрықша дем алыс күни болғанлықтан, яҳудий басшылары денелерди атанақ ағашта қалдырыўды қәлемеди. Олар Пилаттан шегеленгенлердиң аяқларын сындырып, денелерди алып таслаўды сорады.
32 Сонда әскерлер барып, Ийса менен атанақ ағашқа шегеленгенлердиң дәслеп бириншисиниң, соңынан екиншисиниң аяқларын сындырып таслады.
33 Бирақ Ийсаның қасына келгенде, Оның әлле қашан жан тапсырғанын көрип, аяқларын сындырмады.
34 Буның орнына, әскерлердиң бири Оның бүйирин найза менен тести. Сол ўақытта-ақ қан менен суў ағып шықты.
35 Буны көрген адамның гүўалығы ҳақыйқат. Ол өзиниң ҳақыйқатлықты айтып атырғанын биледи. Сизлер де исениўиңиз ушын ол гүўалық берди.
36 Булардың ҳәммеси: «Оның ҳеш бир сүйеги сынбайды», – деген Мухаддес Жазыўдағы сөзлердиң орынланыўы ушын болды.
37 Мухаддес Жазыўдың басқа бир жеринде: «Өзлери найза менен тескен Адамға қарайды», – делинген.
38 Буннан соң, ариматиялы Юсуп Ийсаның денесин алып кетиў ушын Пилаттан рухсат сорады. Юсуп Ийсаның шәкирти еди. Бирақ ол яҳудий басшыларынан қорққанлықтан, буны жасырып жүрген еди. Пилат рухсат бергеннен соң, Юсуп барып, Ийсаның денесин алып кетти.
39 Бурын түнде Ийсаға келген Никодим де жүз қадаққа жақын мирра менен алоэ араласпасын алып келди.
40 Олар Ийсаның денесин алып, яҳудийлердиң жерлеў дәстүри бойынша, Оны хош ийисли затлар менен кепинликке орады.
41 Ийса атанақ ағашқа шегеленген жерде бир бағ болып, бул бағдың ишинде еле ҳеш ким қойылмаған бир жаңа қәбир бар еди.
42 Бул күн яҳудийлердиң таярлық күни болғанлықтан, қәбир жақын жайласқаны себепли, олар Ийсаны сол жерге қойды.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16