Юхан 16 bob

Мухаддес Руўхтың иси (5-16), Қайғыңыз қуўанышқа айланады (17-33).

1 – Мен буларды сизлерге исенимнен қайтпаўыңыз ушын айттым.
2 Сизлерди мәжилисханадан қуўып жибереди. Ҳәтте, сизлерди өлтирип атырған ҳәр бир адам буның менен Қудайға хызмет етип атырман, деп ойлайтуғын ўақыт келеди.
3 Буларды Әкемди де, Мени де билмегенликтен ислейди.
4 Сол ўақыт келгенде буларды сизлерге айтқанымды еске түсириўиңиз ушын сизлерге билдирген едим. Әўелден сизлерге буларды айтқан жоқпан, себеби Мен сизлер менен бирге едим.
5 – Енди болса, Мени Жибергенниң жанына баратырман. Деген менен, араңызда ҳеш ким Меннен: «Қаяққа баратырсаң?» – деп сорап атырған жоқ.
6 Бирақ сизлерге буларды айтқаным ушын, жүрегиңиз қайғыға толды.
7 Соған қарамастан, Мен сизлерге ҳақыйқатын айтаман: Мениң кеткеним сизлер ушын жақсырақ. Егер Мен кетпесем, сизлерге Жубатыўшы келмейди. Егер кетсем, Оны сизлерге жиберемен.
8 Ол келгенде, гүна ҳаққында, ҳақлық ҳаққында ҳәм ҳүким ҳаққында дүньяның алжасқанын әшкаралайды.
9 Гүна соннан ибарат: адамлар Маған исенбейди.
10 Ҳақлық соннан ибарат: Мен Әкемниң жанына кетип баратырман ҳәм енди қайтып Мени көрмейсизлер.
11 Ҳүким соннан ибарат: бул дүньяның ҳәкими ҳүким етилди.
12 Сизлерге және де айтатуғынларым көп, бирақ ҳәзир сизлер көтере алмайсызлар.
13 Бирақ Ол, яғный Ҳақыйқат Руўхы келгенде, сизлерди толық ҳақыйқатқа қарай жетелейди. Ол Өзлигинен сөйлемейди, тек нени еситсе, соны сөйлейди ҳәм келешекте не болатуғынын сизлерге билдиреди.
14 Ол Мени уллылайды. Өйткени Ол Меникинен алып, сизлерге билдиреди.
15 Әкемде не бар болса, ҳәммеси Меники. Сонлықтан: «Ол Меникинен алып, сизлерге билдиреди», – деген едим.
16 Бираздан соң, сизлер Мени қайтып көрмейсизлер. Және бираздан соң, Мени көресизлер.
17 Сонда шәкиртлердиң гейбиреўлери бир-бирине: – «Бираздан соң, сизлер Мени көрмейсизлер, және бираздан соң, Мени көресизлер» ҳәм «Себеби Әкеме кетип баратырман», – деп айтып, Ол бизлерге не демекши?
18 «Бираздан соң» дегени не? Не айтқанына түсинбей атырмыз-ғо, – деди.
19 Ийса олардың Өзине бир сораў бермекши болғанын билип, оларға былай деди: – «Бираздан соң, Мени көрмейсизлер, және бираздан соң, Мени көресизлер», – дегеним ҳаққында бир-бириңизден сорап турсызлар ма?
20 Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: сизлер жылап, аза тутасызлар, ал дүнья қуўанады. Сизлер қайғырасызлар, бирақ қайғыңыз қуўанышқа айланады.
21 Ҳаял бала туўғанда азап шегеди, өйткени оның ўақты келди. Бирақ баласын туўғаннан соң, дүньяға адам келгенликтен қуўанып, шеккен азабын умытып кетеди.
22 Сол сыяқлы, сизлер де ҳәзир қайғырып атырсызлар. Бирақ Мен сизлерди және көремен ҳәм жүрегиңиз қуўанышқа толады. Бул қуўанышты сизлерден ҳеш ким тартып ала алмайды.
23 Сол күни Меннен ҳеш нәрсе сорамайсызлар. Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: Мениң атым менен Әкемнен не сорасаңлар да сизлерге береди.
24 Ҳәзирге дейин сизлер Мениң атым менен ҳеш нәрсе сорамадыңлар. Сораңлар, аласызлар, сонда қуўанышыңыз толы болады.
25 Сизлерге буларды тымсаллар менен айттым. Бирақ Мен сизлерге тымсаллар менен сөйлемейтуғын ўақыт келеди, сонда Әкем ҳаққында сизлерге ашықтан-ашық айтаман.
26 Сол күни Мениң атым менен Әкемнен сорайсызлар. Сизлер ушын Әкемнен Мен сорайман, деп атырғаным жоқ.
27 Әкемниң Өзи сизлерди сүйеди, себеби сизлер Мени сүйип, Мениң Әкемнен келгениме исендиңлер.
28 Мен Әкемнен шығып, дүньяға келдим. Енди дүньяны қалдырып, Әкеме қайтып баратырман.
29 Шәкиртлери Ийсаға: – Мине, енди ашық айтып турсаң, ҳеш тымсал қолланып атырған жоқсаң.
30 Сениң ҳәмме нәрсени билетуғыныңды енди билемиз. Ҳеш кимниң Саған сораў бериўиниң ҳәжети жоқ. Сол себепли, Сениң Қудайдан келгениңе исенемиз, – деди.
31 Ийса оларға жуўап берип былай деди: – Енди исенесизлер ме?
32 Мине, ҳәммеңиз үйлериңизге тарқап кетип, Мени жалғыз қалдыратуғын ўақтыңыз келеди, ол келип қалды да. Бирақ Мен жалғыз емеспен, өйткени Әкем Мениң менен бирге.
33 Буларды сизлерге Менде болып, тынышлық алыўыңыз ушын айттым. Бул дүньяда қыйыншылық көресизлер, бирақ мәрт болыңлар, Мен дүньяны жеңдим!



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16