Юхан 15 bob

Жүзим ағашы ҳәм оның шақалары (1-17), Дүньяның жек көриўи (18-27).

1 – Мен – ҳақыйқый жүзим ағашыман, ал Әкем бағман.
2 Мендеги жемис бермейтуғын ҳәр бир шақаны Ол кесип таслайды. Жемис беретуғын ҳәр бир шақаны және де көбирек жемис берсин деп, путап тазалайды.
3 Мениң сизлерге айтқан сөзлерим арқалы сизлер әлле қашан тазасызлар.
4 Менде болыңлар, Мен де сизлерде боламан. Ағашта болмаған шақа өз-өзинен жемис бере алмағаны сыяқлы, сизлер де Менде болмасаңлар, жемис бере алмайсызлар.
5 Мен – жүзим ағашыман, сизлер – шақаларсыз. Ким Менде болып, Мен онда болсам, ол көп жемис береди. Себеби Менсиз ҳеш нәрсе ислей алмайсызлар.
6 Ким де ким Менде болмаса, шақа сыяқлы сыртқа тасланып, қуўрап қалады. Бундай шақалар жыйналып, отқа тасланып жандырылады.
7 Егер сизлер Менде болып, Мениң сөзлерим сизлерде болса, қәлегениңизди сораңлар, сизлерге бериледи.
8 Сизлер көп жемис берсеңлер, Әкем уллыланады. Сонда Мениң шәкиртлерим боласызлар.
9 Әкениң Мени сүйгени сыяқлы, Мен де сизлерди сүйдим. Мениң сүйиспеншилигиме садық болыңлар.
10 Мен Әкемниң буйрықларын орынлап, Оның сүйиспеншилигине садық болғанымдай, сизлер де егер Мениң буйрықларымды орынласаңлар, Мениңсүйиспеншилигиме садық боласызлар.
11 Буларды сизлерге Мениң қуўанышым сизлерде болыўы ушын ҳәм қуўанышыңыз толы болыўы ушын айттым.
12 Мениң буйрығым бул: Мен сизлерди қалай сүйген болсам, сизлер де бир-бириңизди солай сүйиңлер.
13 Дослары ушын өз жанын берген адамның сүйиспеншилигинен артық сүйиспеншилик жоқ.
14 Егер сизлер буйырғанларымды орынласаңлар, Мениң досларым боласызлар.
15 Буннан былай, сизлерди «қул» деп атамайман. Өйткени қул хожайынының не ислейтуғынын билмейди. Сизлерди «досларым» деп атайман. Себеби Әкемнен еситкенлеримниң ҳәммесин сизлерге билдирдим.
16 Сизлер Мени емес, Мен сизлерди таңладым. Барып жемис берсин ҳәм жемиси турақлы болсын деп, сизлерди тайынладым. Солай етип, Мениң атым менен Әкеден не сорасаңлар да, Ол сизлерге береди.
17 Сизлерге буйрығым сол: бир-бириңизди сүйиңлер!
18 – Егер дүнья сизлерди жек көрсе, сизлерден алдын оның Мени жек көргенин билиңлер.
19 Сизлер бул дүньяники болғаныңызда, дүнья өзине тийислилерди сүйер еди. Бирақ, сизлер бул дүньяники емессизлер: өйткени Мен сизлерди дүньядан таңлап алдым. Сонлықтан дүнья сизлерди жек көреди.
20 Мениң: «Хызметши хожасынан уллы емес», – деген сөзлеримди еслериңизге түсириңлер. Егер адамлар Мени қуўдаласа, сизлерди де қуўдалайды. Егер Мениң сөзимди тыңласа, сизлердиң сөзлериңизди де тыңлайды.
21 Бул ислердиң ҳәммесин сизлерге Мениң атым себепли ислейди. Себеби олар Мени Жибергенди билмейди.
22 Егер Мен келмегенимде ҳәм оларға айтпағанымда, олардың гүналары болмас еди. Бирақ енди гүналарына кеширим жоқ.
23 Мени жек көрген адам Мениң Әкемди де жек көрген болады.
24 Егер Мен олар арасында ҳеш ким ислемеген ислерди ислемегенимде, оларда гүна болмас еди. Енди болса, олар ислеримди көрсе де, Мени де, Әкемди де жек көрди.
25 Бирақ бул олардың Мухаддес Нызамындағы: «Мени бийкарға жек көрди», – деген сөзлердиң орынланыўы ушын болды.
26 Әкемнен сизлерге Мен жиберетуғын Жубатыўшы, яғный Әкемнен шығатуғын Ҳақыйқат Руўхы келгенде, Ол Мен туўралы гүўалық береди.
27 Сизлер де гүўалық бересизлер. Өйткени әўелденақ Мениң менен биргесизлер.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16