Юхан 14 bob

Ийса – жол, ҳақыйқат ҳәм өмир (1-14), Ийсаның Мухаддес Руўхты ўәде етиўи (15-31).

1 Ийса шәкиртлерине былай деди: – Жүреклериңиз ғам шекпесин. Қудайға исениңлер, Маған да исениңлер.
2 Әкемниң үйинде орын көп. Егер олай болмағанда, сизлерге айтпас едим. Өйткени Мен сизлер ушын орын таярлаўға кетип баратырман.
3 Мен барып, сизлер ушын орын таярлағанымнан соң, сизлер де Мен болатуғын жерде болыўыңыз ушын, және келип, сизлерди Өз жаныма алып кетемен.
4 Мен баратуғын жерге апаратуғын жолды сизлер билесизлер.
5 Томас Ийсаға: – Ийем, Сениң қаяққа баратуғыныңды билмеймиз-ғо. Жолды қалай биле аламыз? – деди.
6 Ийса оған былай деди: – Мен жол, ҳақыйқат ҳәм өмирмен. Мен арқалы болмаса, ҳеш ким Әкеге бара алмайды.
7 Егер Мени билсеңлер, Әкемди де билесизлер. Ҳәзирден баслап Оны билесизлер ҳәм Оны көрдиңлер.
8 Филип Ийсаға: – Ийем, бизлерге Әкени көрсет, бизлерге соның өзи жеткиликли, – деди.
9 Ийса оған былай деди: – Филип, Мен сонша ўақыттан бери сизлер менен бирге болсам да, Мени еле билмейсең бе? Мени көрген Әкени көрген болады-ғо. Сен не ушын: «Бизлерге Әкени көрсет», – деп айтып атырсаң?
10 Мениң Әкеде, Әкениң Менде екенине исенбейсең бе? Сизлерге айтқан сөзлеримди Өзлигимнен айтып турған жоқпан, ал Менде жасап атырған Әке Өз ислерин ислеп атыр.
11 Мениң Әкеде, Әкениң Менде екенине исениңлер. Ҳеш болмаса, ислеген ислерим арқалы Маған исениңлер.
12 Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: Маған исенген адамның өзи де Мен ислеген ислерди ислейди, ҳәтте, олардан да үлкенирек ислерди ислейди. Себеби Мен Әкеме баратырман.
13 Әке Улы арқалы уллыланыўы ушын, Мениң атым менен не сорасаңлар да, ҳәммесин орынлайман.
14 Мениң атым менен бир нәрсе сорасаңлар, Мен оны орынлайман.
15 – Егер Мени сүйсеңлер, Мениң буйрықларымды орынлайсызлар.
16 Мен Әкемнен сорайман ҳәм Ол сизлер менен мәңги бирге болыўы ушын басқа Жубатыўшыны жибереди.
17 Ол – Ҳақыйқат Руўхы. Дүнья Оны қабыл ете алмайды. Өйткени Оны көрмейди де, танымайды да. Бирақ сизлер Оны билесизлер. Себеби Ол сизлер менен бирге жасайды, Ол ишиңизде болады.
18 Сизлерди жетим қылып қалдырмайман, сизлерге қайтып келемен.
19 Бираздан кейин, дүнья Мени қайтып көрмейди. Бирақ сизлер Мени көресизлер. Өйткени Мен қайта тирилемен, сизлер де қайта тирилесизлер.
20 Сол күни сизлер Мениң Әкемде, сизлердиң Менде ҳәм Мениң сизлерде екенимди билесизлер.
21 Мениң буйрықларымды билип, оларды орынлаған адам – Мени сүйетуғын адам. Мени сүйген адамды Әкем де сүйеди. Мен де оны сүйип, оған Өзимди көрсетемен.
22 Исқариотлы емес басқа Яҳуда Ийсаға: – Ийем, бул қалай болғаны, Өзиңди дүньяға емес, бизлерге көрсетежақсаң ба? – деди.
23 Ийса оған былай деп жуўап берди: – Ким де ким Мени сүйсе, Мениң сөзимди орынлайды. Әкем де оны сүйеди. Бизлер оған келип, оның менен бирге жасаймыз.
24 Мени сүймеген адам сөзлеримди орынламайды. Сизлер еситип атырған сөзлер Меники емес, ал Мени жиберген Әкемдики.
25 Мен еле сизлер менен бирге болған ўақтымда сизлерге буларды айттым.
26 Әкемниң Мениң атымнан жиберетуғын Жубатыўшысы, Мухаддес Руўх сизлерге ҳәммесин үйретеди. Ол Мениң сизлерге айтқанларымның ҳәммесин еслериңизге түсиреди.
27 Мен сизлерге тынышлық қалдыраман. Өз тынышлығымды сизлерге беремен. Мен беретуғын тынышлық дүнья беретуғын тынышлыққа уқсамайды. Жүреклериңиз ғам шекпесин, қорқпаңлар.
28 Сизлер Мениң: «Сизлерден кетемен ҳәм және сизлерге қайтып келемен», – дегенимди еситтиңлер. Егер сизлер Мени сүйгениңизде: «Әкемниң жанына баратырман», – дегениме қуўанар едиңлер. Себеби Әкем Меннен уллы.
29 Булар жүз бергенде исениўиңиз ушын, еле жүз берместен бурын, сизлерге ҳәзирден айттым.
30 Сизлер менен енди көп сөйлеспеймен. Өйткени бул дүньяның ҳәкими киятыр. Оның Мениң үстимнен ҳеш қандай бийлиги жоқ.
31 Бирақ бул дүнья Мениң Әкемди сүйетуғынымды ҳәм Оның Маған буйырғанларының ҳәммесин орынлайтуғынымды билиўи тийис. Қәне турыңлар, бул жерден кетейик.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16