Юхан 12 bob

Мәриямның Ийсаның аяқларына әтир май қуйыўы (1-11), Ийсаның Ерусалимге салтанатлы түрде кириўи (12-19), Ийсаның Өз өлими ҳаққында алдын ала айтыўы (20-36), Яҳудийлердиң Ийсаға исенбеўи (37-43), Ақырғы күн ҳәм ҳүким (44-50).

1 Қутқарылыў байрамынан алты күн алдын Ийса Бетанияға, Өзи өлимнен тирилткен Лазар жасайтуғын жерге келди.
2 Сол жерде Ийса ушын кешки зыяпат берилди. Марта хызмет етип жүрген еди. Ийса менен дастурхан әтирапында жамбаслап жатырғанлардың арасында Лазар да бар еди.
3 Сонда Мәриям ярым литр жүдә қымбатлы, сап әтир майын алып келип, Ийсаның аяқларына қуйды ҳәм Оның аяқларын шашлары менен сүртти. Үйдиң иши майдың хош ийисине толып кетти.
4 Сонда Ийсаның шәкиртлериниң бири, соңынан Оған сатқынлық ислейтуғын Яҳуда Исқариот:
5 – Не ушын бул май үш жүз динарға сатылып, ақшасы жарлыларға берилмеди? – деди.
6 Бул сөзлерди ол жарлыларды ойлағаны ушын емес, ал уры болғаны ушын айтты. Орталықтағы пулдың қутысы онда болып, ол қутыға салынғанлардан өзине алатуғын еди.
7 Ийса: – Ҳаялды тынышына қой! Ол буны Мениң жерленетуғын күним ушын сақлап қойған.
8 Жарлылар ҳәмме ўақыт сизлер менен бирге, бирақ Мен сизлер менен ҳәмме ўақыт бирге болмайман, – деди.
9 Көплеген яҳудийлер Ийсаның Бетанияда екенин билип, сол жерге келди. Олар тек Ийса ушын емес, ал Ол өлимнен тирилткен Лазарды көриў ушын да келди.
10 Ал бас руўханийлер Лазарды да өлтириўге тил бириктирген еди.
11 Өйткени ол себепли, көп яҳудийлер олардан кетип қалып, Ийсаға исенетуғын еди.
12 Ертеңине Ерусалимдеги байрамға келген көп халық Ийсаның да сол жерге келетуғынын еситип қалды.
13 Олар хурма шақаларын алып, Ийсаны қарсы алыўға шықты ҳәм бәлент даўыс пенен былай деди: – Ҳосанна! «Ийемиздиң аты менен киятырған Израилдың Патшасы жарылқансын!»
14 Мухаддес Жазыўда:«Қорқпа, Ерусалим халқы!
15 Мине, гүрреге минип, сениң Патшаң киятыр» , – деп жазылғандай, Ийса бир гүррени таўып, оған минди.
16 Оның шәкиртлери дәслеп буны түсинбеди. Бирақ Ийса уллылыққа ерискеннен соң, бул сөзлердиң Ол ҳаққында жазылғанын ҳәм халықтың буларды Ол ушын ислегенин еслерине түсирди.
17 Ийсаның Лазарды қәбирден шақырып, оны өлимнен тирилткен ўақтында Ийса менен бирге болған халық көргенлерин айтып жүрди.
18 Сонлықтан Ийсаның бул кәраматты ислегенин еситкен көп адамлар Оны қарсы алыўға шықты.
19 Ал парисейлер бир-бирине: – Көрип турсызлар ма? Қолыңыздан ҳеш нәрсе келмей атыр. Пүткил дүнья Оның изине ерип кетти! – деди.
20 Байрамда сыйыныў ушын Ерусалимге келгенлер арасында базы греклер де бар еди.
21 Олар Галиланың Бетсайда қаласынан болған Филипке келип: – Мырза, бизлер Ийсаны көриўди қәлеймиз, – деп өтиниш етти.
22 Филип барып, буны Андрейге айтты. Андрей менен Филип Ийсаға барып хабарлады.
23 Ийса оларға былай деп жуўап берди: – Адам Улының уллыланатуғын ўақты келди.
24 Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: бийдай дәни жерге түсип өлмесе, ол жалғыз қалады. Ал егер өлсе, көп зүрәәт береди.
25 Өз жанын сүйетуғын адам оны жойтады. Ал бул дүньяда өз жанын жек көретуғын адам оны мәңгилик өмир ушын сақлайды.
26 Ким де ким Маған хызмет етиўди қәлесе, изиме ерсин. Мен қай жерде болсам, Мениң хызметшим де сол жерде болады. Ким де ким Маған хызмет етсе, оны Әкем иззет етеди.
27 Енди жүрегим қайғыға толды. Мен не дейин? «Әке, Мени бул ўақыттан қутқар», – дейин бе? Бирақ Мен усы ўақыт ушын келгенмен.
28 Әке, Өз атыңды уллыла! Сонда аспаннан: – Атымды уллыладым, Мен оны және де уллылайман, – деген саза келди.
29 Сол жерде турып, буны еситкен халық: «Аспан гүркиреди», – деди. Ал басқалары: «Оған периште сөйледи», – деди.
30 Ийса оларға жуўап берип: – Бул саза Мен ушын емес, ал сизлер ушын еситилди.
31 Ҳәзир бул дүньяның ҳүким етилетуғын ўақты келди. Ҳәзир бул дүньяның ҳәкими қуўып шығарылады.
32 Мен жерден жоқарыға көтерилгенимде, ҳәмме адамларды Өзиме тартаман, – деди.
33 Ийса буны қандай өлим менен өлетуғынын билдириў ушын айтты.
34 Халық Оған былай деп жуўап берди: – Бизлер Мухаддес Жазыўдан Масихтың мәңги жасайтуғынын еситкенбиз. Қалай Сен: «Адам Улы жоқарыға көтерилиўи тийис», – деп атырсаң? Бул Адам Улы дегени ким?
35 Ийса былай деди: – Және аз ўақыт нур сизлер менен бирге болады. Сизлерди қараңғылық баспаўы ушын, нур бар ўақытта жүрип қалыңлар. Қараңғылықта жүрген адам қаяққа баратырғанын билмейди.
36 Сизлерде нур бар ўақытта нурға исениңлер. Сонда нурдың балалары боласызлар. Ийса усы сөзлерди айтып болып, олардың көзлеринен тасаланды.
37 Ийса олардың көз алдында сонша кәраматлар ислесе де, олар Ийсаға исенбеди.
38 Солай етип, Ийшая пайғамбардың айтқан мына сөзлери орынланды: «Ийем, бизлер айтқан хабарға ким исенди? Ийемниң қүдирети кимге көринди?»
39 Сонлықтан олар исене алмады. Себеби Ийшая пайғамбар және былай деген еди:
40 «Қудай олардың көзлерин соқыр етти Ҳәм жүреклерин тас қылды. Көзлери менен көрмейди, Жүреклери менен түсинбейди. Мен оларға шыпа бериўим ушын, Маған қайтып келмейди».
41 Ийшая Ийсаның уллылығын көргенликтен, Ол ҳаққында сөйлеп, усы сөзлерди айтқан еди.
42 Соған қарамастан, басшылар арасында да көбиси Ийсаға исенди. Бирақ парисейлерден қорқып, мәжилисханадан қуўылмаўы ушын, исенимлерин ашық мойынламады.
43 Өйткени олар Қудайдың мақтаўынан гөре, адамның мақтаўын көбирек жақсы көрди.
44 Сонда Ийса бәлент даўыс пенен былай деди: – Маған исенген адам Мени Жиберген Қудайға исенген болады.
45 Және де, Мени көрген адам Мени Жиберген Қудайды көрген болады.
46 Маған исенген ҳәр бир адам қараңғылықта қалмаўы ушын, Мен дүньяға нур болып келдим.
47 Ким де ким Мениң сөзлеримди еситсе де, бирақ оларды орынламаса, Мен оны ҳүким етпеймен. Себеби Мен дүньяны ҳүким етиў ушын емес, ал оны қутқарыў ушын келдим.
48 Мени тән алмай, сөзлеримди қабылламаған адамның ҳүким етиўшиси бар. Мениң сөйлеген сөзим ақырғы күни оны ҳүким етеди.
49 Өйткени Мен Өзлигимнен сөйлеген жоқпан. Ал Мени жиберген Әкемниң Өзи не айтыўымды ҳәм қалай сөйлеўимди Маған буйырды.
50 Оның буйрығының мәңгилик өмир екенин билемен. Сонлықтан Мен не айтсам да, Әкемниң Маған айтқанын айтып атырман.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16