Юхан 11 bob

Лазардың өлими (1-16), Ийса – қайта тирилиў ҳәм өмир (17-37), Ийсаның Лазарды тирилтиўи (38-44), Яҳудийлердиң Ийсаны өлтириў ушын тил бириктириўи (45-57).

1 Бетания деген аўылда Лазар атлы бир адам аўырып атырған еди. Оның қарындаслары Мәриям менен Марта да сол аўылда жасайтуғын еди.
2 Кейинирек Ийемиз Ийсаға әтир май қуйып, Оның аяқларын шашы менен сүртетуғын ҳаял, усы Мәриям еди.
3 Апалы-сиңлили Ийсаға: «Ийем, Сениң жақсы көретуғын адамың аўырып атыр», – деп хабар жиберди.
4 Ийса буны еситип: – Бул аўырыўдың изи өлим менен жуўмақланбайды, ал Қудайдың уллыланыўы ушын болады. Солай етип, бул арқалы Қудайдың Улы да уллыланады, – деди.
5 Ийса Мартаны, оның сиңлисин ҳәм Лазарды сүйетуғын еди.
6 Ийса Лазардың аўырып атырғанын еситсе де, Өзи болып атырған жерде және еки күн қалды.
7 Соңынан шәкиртлерине: – Және Яҳудияға барайық, – деди.
8 Шәкиртлери Оған: – Устаз, яҳудийлер Сени жақында ғана тас пенен урмақшы еди-ғо. Сен және сол жерге баражақсаң ба? – деди.
9 Ийса жуўап берип: – Күндиз он еки саат бар емес пе? Күндиз жүрген адам сүрнигип жығылмайды, өйткени ол бул дүньяның нурын көреди.
10 Ал түнде жүриўши сүрнигип жығылады, себеби онда нур жоқ, – деди.
11 Ийса бул сөзлерди айтқаннан соң, оларға және былай деди: – Достымыз Лазар уйықлап қалды. Бирақ Мен оны оятыў ушын кетип баратырман.
12 – Ийем, уйықлап қалған болса, тәўир болады, – деди шәкиртлери.
13 Ийса Лазардың өлимин нәзерде тутқан еди. Бирақ олар Ийса қәдимги уйқы ҳаққында айтты, деп ойлады.
14 Сонда Ийса оларға ашық айтып: – Лазар өлди
15 Сизлердиң исениўиңиз ушын, Мениң сол жерде болмағаныма сизлер ушын қуўанышлыман. Ал енди оған барайық, – деди.
16 Сонда Егиз деп аталған Томас шәкиртлерге: – Жүриңлер кеттик, бизлер де Оның менен бирге өлемиз, – деди.
17 Ийса Бетанияға жақынлағанда, Лазардың қәбирге қойылғанына төрт күн болғанын билди.
18 Бетания Ерусалимге жақын, үш шақырымдай жерде болғанлықтан,
19 көп яҳудийлер Марта менен Мәриямға әжағасының өлими себепли кеўил айтыўға келди.
20 Марта Ийсаның киятырғанын еситип, Оны қарсы алыўға шықты. Ал Мәриям үйде қалды.
21 Марта Ийсаға: – Ийем! Егер Сен усы жерде болғаныңда, әжағам өлмес еди.
22 Бирақ ҳәзир де Сен Қудайдан не сорасаң да, Қудайдың Саған беретуғынын билемен, – деди.
23 Ийса оған: – Сениң әжағаң тириледи, – деди.
24 – Ақыреттеги қайта тирилиўде оның да қайта тирилетуғынын билемен, – деди Марта.
25 Ийса оған: – Мен қайта тирилиў ҳәм өмирмен. Маған исенген адам өлсе де, жасайды.
26 Маған исенип жасап атырған ҳәр бир адам ҳеш қашан өлмейди. Усыған исенесең бе? – деди.
27 Марта Оған: – Аўа, Ийем. Сениң дүньяға келетуғын Масих, Қудайдың Улы екениңе исенемен, – деди.
28 Марта усыны айтып болып кетип қалды ҳәм Мәриямды шақырып алып:– Устаз усы жерде, сени шақырып атыр, – деп оған сыбырлады.
29 Мәриям буны еситиўден тез орнынан турды да, Ийсаның жанына кетти
30 Ийса еле аўылға кирмеген болып, Ол Марта менен ушырасқан жерде еди.
31 Мәриям менен бирге үйде болған ҳәм оған кеўил айтып отырған яҳудийлер оның асығыслық пенен орнынан турып, сыртқа шыққанын көрди. Олар оны жылаў ушын қәбирге кетти деп ойлап, изине ерди.
32 Мәриям Ийса турған жерге келгенде, Оны көрип, аяқларына жығылды да: – Ийем! Егер Сен усы жерде болғаныңда, әжағам өлмес еди, – деди.
33 Мәриямның ҳәм оның менен келген яҳудийлердиң жылағанын көргенде, Ийса руўхый қыйналып, жаны ашыды.
34 – Оны қай жерге қойдыңлар? – деп сорады. – Ийем, келип көр, – деди олар.
35 Ийса көзине жас алды.
36 Сонда яҳудийлер: – Қараңлар, оны қаншелли сүйер екен! – деди.
37 Бирақ олардың айырымлары: – Соқырдың көзлерин ашқан бул Адам Лазарды өлимнен аман алып қалмас па еди? – деди.
38 Ийса және ишинен терең қайғырып, қәбирге барды. Қәбир бир үңгирде болып, оның аўзы тас пенен жабылған еди.
39 Ийса: – Тасты алып қойыңлар, – деди. Марҳумның қарындасы Марта Ийсаға: – Ийем! Енди ийисленип баратыр. Өйткени оның қәбирге қойылғанына төрт күн болды, – деди.
40 Ийса оған: – «Егер Маған исенсең, Қудайдың уллылығын көресең», – деп саған айтқан жоқ па едим? – деди.
41 Солай етип, олар тасты алып қойды. Ийса көзлерин аспанға тигип, былай деди: – Әке! Мениң тилегимди еситкениң ушын, Саған миннетдаршылық билдиремен.
42 Мени ҳәмме ўақыт еситетуғыныңды билемен. Бирақ Мен буны усы жерде турған халық Мени Сениң жибергениңе исениўи ушын айттым.
43 Ийса усыларды айтып, бәлент даўыс пенен: – Лазар, сыртқа шық! – деп бақырды.
44 Сонда аяқ-қоллары кепинлик пенен оралған, бети орамал менен байланған өли тирилип, сыртқа шықты. Ийса оларға: – Оны шешиндирип жибериңлер, кете берсин, – деди.
45 Солай етип, Мәриямға келип, Ийсаның қылған ислерин көрген яҳудийлердиң көбиси Ийсаға исенди.
46 Бирақ айырымлары парисейлерге барып, Ийсаның қылған ислери ҳаққында айтып берди.
47 Сонда бас руўханийлер менен парисейлер жоқарғы кеңесте жыйналып: – Бизлер не қылыўымыз керек? Бул Адам көп кәраматлар* ислемекте.
48 Егер Оны Өз еркине жиберсек, ҳәмме Оған исенип кетеди. Сонда римлилер келип, Ибадатханамызды да, елимизди де жоқ қылады, – деди.
49 Олардың бири, сол жылы бас руўханий болған Каяфа: – Сизлер ҳеш нәрсени билмейсизлер.
50 Пүткил халық набыт болғанынан гөре, бир адамның халық ушын өлиўи сизлер ушын жақсырақ екенин түсинбейсизлер ме? – деди.
51 Ол бул сөзлерди өзлигинен айтпаған еди.
52 Сол жылы ол бас руўханий болғанлықтан, Ийсаның яҳудий халқы ушын, тек яҳудий халқы ушын ғана емес, ал Қудайдың тарқалып кеткен балаларын жыйнап бирлестириў ушын өлетуғынын болжап айтқан еди.
53 Солай етип, сол күннен баслап олар Ийсаны өлтириўге тил бириктирди.
54 Сонлықтан Ийса енди яҳудийлер арасында ашық жүре алмайтуғын болды. Сонда Ол шөлдиң жақынындағы Ефраим деген қалашаға кетип, шәкиртлери менен бирге сол жерде қалды.
55 Яҳудийлердиң Қутқарылыў байрамы жақынлап қалған еди. Диний рәсим бойынша тазаланыў ушын, елдиң ҳәмме тәрепинен көп адамлар байрамнан бурын Ерусалимге келди.
56 Олар Ийсаны изледи ҳәм Ибадатханада турып: – Қалай ойлайсызлар. Ол байрамға келер ме екен? – деп бирбиринен сорады.
57 Ал бас руўханийлер менен парисейлер Ийсаны услаў ушын, ким де ким Оның қай жерде екенин билсе, хабар бериўди буйырған еди.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16