Юхан 1 bob

Шомылдырыўшы Яқыяның гүўалығы (19-28), Қудайдың Қозысы (29-34), Ийсаның дәслепки шәкиртлери (35-51).

1 Ең баста Сөз бар еди. Сөз Қудай менен бирге еди. Сөз Қудай еди.
2 Ең бастан-ақ Ол Қудай менен бирге еди.
3 Ҳәмме нәрсе Ол арқалы жаратылды. Олсыз ҳеш нәрсе жаратылған емес.
4 Онда өмир бар еди. Өмир адамлардың нуры еди.
5 Нур қараңғылықта жарқырайды, қараңғылық оны жеңе алмады.
6 Қудай тәрепинен жиберилген Яқыя атлы бир адам бар еди.
7 Ол нур ҳаққында гүўалық бериўге ҳәм ҳәмме ол арқалы исениўи ушын келди.
8 Оның өзи нур емес еди, бирақ ол нур ҳаққында гүўалық бериўге жиберилген еди.
9 Ҳәмме адамды жақты қылатуғын ҳақыйқый нур дүньяға келди.
10 Сөз дүньяда еди. Дүнья Ол арқалы жаратылған еди, бирақ дүнья Оны танымады.
11 Өз жерине келди, бирақ Өз халқы Оны қабыл етпеди.
12 Бирақ Ол Өзин қабыл еткенлерге, атына исенгенлердиң ҳәммесине Қудайдың балалары болыў ҳуқықын берди.
13 Олар қаннан да, денениң қәлеўинен де, я адамның қәлеўинен де емес, ал Қудайдан туўылды.
14 Сөз адам болып арамызда жасады. Бизлер Оның уллылығын, Әкеден келген, мийрим ҳәм ҳақыйқатқа толы болған жалғыз Улдың уллылығын көрдик.
15 Яқыя Ол ҳаққында бәлент даўыс пенен гүўалық берип былай деди: – «Мениң изимнен Келиўши меннен уллы. Себеби Ол меннен бурын бар еди», – деп айтқан Адамым – Усы.
16 Оның толылығынан ҳәммемиз мийрим үстине мийрим алдық.
17 Өйткени Мухаддес Нызам Муўса арқалы берилген еди, бирақ мийрим ҳәм ҳақыйқат Ийса Масих арқалы келди.
18 Ҳеш ким ҳеш қашан Қудайды көрген емес. Бирақ Оны Әкениң қушағындағы Өзи Қудай болған жалғыз Ул танытты.
19 Яҳудий басшылары Ерусалимнен руўханийлер менен лебийлилерди жиберип, Яқыядан: «Сен кимсең?» деп сорағанда, оның гүўалығы мынадай болды.
20 Ол тән алды, танбады. «Мен Масих емеспен», – деп ашық мойынлады.
21 Олар және Яқыядан: – Ондай болса, сен кимсең? Илияссаң ба? – деп сорады. – Ол емеспен, – деди Яқыя. – Сен сол пайғамбармысаң? – деп сорады олар. – Яқ, – деп жуўап берди ол.
22 Сонда олар Яқыяға: – Кимсең, айт, бизлерди жибергенлерге бир жуўап берейик. Өзиң ҳаққында не дейсең? – деди.
23 Яқыя: – Ийшая пайғамбардың айтқанындай: «Ийемиздиң жолын дүзетиңлер», – деп шөлде бақырған даўыспан, – деди.
24 Парисейлерден жиберилгенлер Яқыядан:
25 – Егер сен Масих, Илияс, я сол пайғамбар болмасаң, сонда неге адамларды шомылдырып жүрсең? – деп сорады.
26 Яқыя оларға былай деп жуўап берди: – Мен суў менен шомылдыраман, бирақ араңызда сизлер танымайтуғын Биреў турыпты.
27 Меннен соң киятырған Адам – Усы. Мен Оның аяқ кийиминиң баўын шешиўге де ылайықлы емеспен.
28 Булардың ҳәммеси Иордан дәрьясының арғы жағасындағы Бетанияда, Яқыяның шомылдырып жүрген жеринде болды.
29 Ертеңине Яқыя өзине қарай киятырған Ийсаны көргенде былай деди: – Мине, Бул – дүньяның гүнасын Өзине алатуғын Қудайдың Қозысы!
30 «Меннен кейин бир Адам киятыр. Ол меннен уллы. Себеби Ол меннен бурын бар еди», – деп айтқаным Усы.
31 Мениң өзим Оны билмейтуғын едим, бирақ Израилдың Оны таныўы ушын мен суў менен шомылдырыўға келдим.
32 Яқыя гүўалық берип және былай деди: – Мухаддес Руўхтың кептер сыяқлы аспаннан түсип, Оның үстинде турғанын көрдим.
33 Мен Оны билмейтуғын едим. Бирақ, мени суў менен шомылдырыў ушын жиберген Қудай маған: «Мухаддес Руўхтың түсип, кимниң үстинде турғанын көрсең, Мухаддес Руўх пенен шомылдыратуғын Сол», – деген еди.
34 Мен буны көрип: «Бул – Қудайдың Улы» деп гүўалық бердим.
35 Ертеңине Яқыя және шәкиртлериниң екеўи менен бирге турған еди.
36 Ол өтип баратырған Ийсаны көрип: – Мине, Қудайдың Қозысы! – деди.
37 Еки шәкирт оның бул сөзлерин еситип, Ийсаның изине ерди.
38 Ийса артына бурылып, изинен киятырғанларды көргенде, олардан: – Не излеп жүрсизлер? – деп сорады. – Қай жерде жасайсаң, Рәбби? – деди олар. (Рәбби – «устаз» дегенди билдиреди.)
39 – Келип көриңлер, – деди Ийса. Олар барып, Ийсаның қай жерде жасайтуғынын көрди ҳәм сол күни Оның менен қалды. Саат төртлер шамасында еди.
40 Яқыяның сөзлерин еситип, Ийсаның изине ерген еки адамның бири Симон Петрдиң туўысқаны Андрей еди.
41 Андрей дәслеп өз туўысқаны Симонды излеп таўып, оған: – Бизлер Масихты таптық, – деди. (Масих – Қудай ўәде еткен Қутқарыўшы.)
42 Андрей оны Ийсаға алып келди. Ийса оған қарап: – Сен Юнус улы Симонсаң. Сен Кифа деп аталасаң, – деди. (Кифа – Петр, яғный «тас» дегенди аңлатады.)
43 Келеси күни Ийса Галилаға бармақшы болды. Филипти таўып, оған: – Изиме ер, – деди.
44 Филип те Андрей менен Петр сыяқлы Бетсайда қаласынан еди.
45 Филип Натаниелди таўып, оған: – Бизлер Муўса Мухаддес Нызамда, пайғамбарлар да Жазыўларында жазған Адамды, Юсуптың Улы, Насыралы Ийсаны таптық, – деди.
46 Натаниел оған: – Насырадан жақсы нәрсе шығар ма еди? – деди. – Келип көр, – деди Филип.
47 Ийса Натаниелдиң Өзине жақынласып киятырғанын көрип, ол ҳаққында былай деди: – Мине, ишинде ҳийлеси жоқ, нағыз израиллы.
48 Натаниел Ийсадан: – Мени қаяқтан таныйсаң? – деп сорады. – Филип сени шақырмастан бурын, сени әнжир ағашының астында көрдим, – деп жуўап берди Ийса.
49 Натаниел Ийсаға: – Устаз, Сен Қудайдың Улысаң, Сен Израилдың Патшасысаң! – деди.
50 Ийса оған: – Сени әнжир ағашының астында көргенимди айтқаным ушын исенип атырсаң ба? Булардан да уллы ислерди көресең! – деди.
51 Ийса және: – Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: аспан ашылғанын, Қудайдың периштелериниң Адам Улының жоқарысында миниптүскенлерин көресизлер, – деди.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16