Лука 6 bob

Дем алыс күни ҳаққында тартыс (1-11), Ийсаның он еки елшисин таңлаўы (12-16), Ийсаның тәлийматы ҳәм шыпа бериўи (17-19), Бахытлылар ҳәм бахытсызлар (20-26), Душпанларыңызды сүйиңлер! (27-36), Басқаларды ҳүким етпеңлер! (37-42), Терек мийўесинен билинер (43-49).

1 Бир дем алыс күни Ийса бийдай атызының арасы менен өтип баратырғанда, Оның шәкиртлери бийдай масақларын үзип алып, алақанлары менен уўқалап жей баслады.
2 Гейпара парисейлер оларға: – Сизлер неге дем алыс күнинде ислеўге болмайтуғын исти ислеп атырсызлар? – деди.
3 Ийса оларға жуўап берип: – Өзи де, қасындағылар да аш болғанда Даўыттың не ислегенин сизлер оқымағансызлар ма?
4 Ол Қудайдың Үйине кирип, тек руўханийлерге ғана жеўге болатуғын Қудайға арналған нанларды өзи де жеп, қасындағыларға да берген емес пе? – деди.
5 Және оларға: – Адам Улы дем алыс күниниң де ийеси, – деди.
6 Ийса басқа бир дем алыс күни мәжилисханаға кирип, тәлим бере баслады. Сол жерде оң қолы ләң бир адам бар еди.
7 Диний муғаллимлер менен парисейлер Ийсадан айып табыў ушын, дем алыс күни аўырыўларға шыпа бермес пе екен деп, Оны аңлыды.
8 Бирақ Ийса олардың усы ойын билип, қолы ләң адамға: – Орныңнан турып, ортаға шық, – деди. Ол орнынан турып, ортаға шықты.
9 Сонда Ийса оларға: – Сизлерге бир сораў берейин: нызам бойынша дем алыс күни не ислеген дурыс: жақсылық па ямаса жаманлық па? Адамның жанын қутқарыў ма ямаса набыт қылыў ма? – деди.
10 Ийса әтирапындағылардың ҳәммесине қарап шықты да, қолы ләң адамға: – Қолыңды соз, – деди. Ол солай ислегенде, қолы бурынғыдай сап-саў болып қалды.
11 Сонда олар қатты ашыўға минип, Ийсаға не ислеў керек екенин өз ара кеңесе баслады.
12 Сол күнлери Ийса дуўа етиў ушын таўға шықты ҳәм түнди Қудайға дуўа етиў менен өткизди.
13 Таң атқанда, Өз шәкиртлерин жанына шақырып алып, арасынан он екисин таңлап алды да, оларды «елшилер» деп атады.
14 Олар: Ийса Петр деп атаған Симон ҳәм оның иниси Андрей, Яқып пенен Юхан, Филип пенен Бартоломей,
15 Матта менен Томас, Алпейдиң улы Яқып пенен ўатансүйер деп аталған Симон,
16 Яқыптың улы Яҳуда ҳәм кейин Ийсаға сатқынлық ислеген Яҳуда Исқариот.
17 Ийса олар менен бирге таўдан төмен түсип, бир тегислик жерге келип турды. Сол жерде Оның көплеген шәкиртлери, пүткил Яҳудия ҳәм Ерусалимнен, Тир ҳәм Сидондағы үлкен теңиз жағасынан келген көп халық бар еди.
18 Олар Ийсаны тыңлаўға ҳәм өз кеселликлерине шыпа табыўға келген еди. Жаўыз руўхлардан азап шеккен адамлар да келип, шыпа тапты.
19 Пүткил халық Ийсаға қол тийгизиўге тырысатуғын еди. Себеби Оннан күш шығып, ҳәммеге шыпа беретуғын еди.
20 Ийса шәкиртлерине қарап былай деди: – Жарлы болғанлар, сизлер бахытлысызлар! Себеби Қудайдың Патшалығы сизлердики.
21 Ҳәзир аш болып жүргенлер, сизлер бахытлысызлар! Себеби тоқ боласызлар. Ҳәзир жылап жүргенлер, сизлер бахытлысызлар! Себеби күлесизлер.
22 Адамлар сизлерди Адам Улы ушын жек көрсе, араларынан шетлетсе, хорлап, атларыңызға дақ түсирсе, сизлер бахытлысызлар!
23 Сол күни қуўанып, шадлыққа бөлениңлер! Өйткени сизлердиң аспандағы сыйлығыңыз үлкен. Олардың ата-бабалары да пайғамбарларға усылай ислеген.
24 Бирақ, ҳәй байлар, сизлер ҳәсирет шегесизлер! Себеби сизлер өз ҳәзлигиңизди әлле қашан алып болдыңлар.
25 Ҳәзир тоқ болғанлар, сизлер ҳәсирет шегесизлер! Себеби сизлер аш қаласызлар. Ҳәзир күлип атырғанлар, сизлер ҳәсирет шегесизлер! Себеби сизлер өкирип жылайсызлар.
26 Ҳәмме сизлерди мақтаса, сизлер ҳәсирет шегесизлер! Себеби олардың ата-бабалары жалған пайғамбарларға усылай ислеген.
27 – Бирақ, Мени тыңлап отырған сизлерге айтатуғыным: Душпанларыңызды сүйиңлер, өзлериңизди жек көретуғынларға жақсылық ислеңлер.
28 Сизлерди ғарғайтуғынларға жақсы тилек тилеңлер, қапа қылатуғынлар ушын дуўа етиңлер.
29 Бетиңниң бир жағына урғанға екинши бетиңди де тут. Шапаныңды тартып алғанға көйлегиңди де алыўға рухсат ет!
30 Сеннен сораған ҳәр бир адамға бер, сеникин алғаннан қайтарып бериўди талап қылма!
31 Адамлардың сизлерге не ислегенин қәлесеңлер, сизлер де оларға соны ислеңлер!
32 Егер сизлер өзлериңизди сүйгенлерди ғана сүйсеңлер, бул ушын қандай алғыс аласызлар? Гүнакарлар да өзлерин сүйгенлерди сүйеди-ғо.
33 Егер өзлериңизге жақсылық ислегенлерге ғана жақсылық ислесеңлер, бул ушын қандай алғыс аласызлар? Гүнакарлар да усылай ислейди-ғо.
34 Егер сизлер қайтарып алыўдан үмит етип, қарыз берсеңлер, бул ушын қандай алғыс аласызлар? Гүнакарлар да қанша қарыз берсе, сонша қайтарып алыў ушын, гүнакарларға қарыз береди-ғо.
35 Бирақ сизлер душпанларыңызды сүйиңлер. Жақсылық қылып, ҳеш нәрсе дәметпей, қарыз бериңлер. Сонда сизлер үлкен сыйлық алып, қүдиретли Қудайдың балалары боласызлар. Өйткени Ол жақсылықты билмейтуғынларға да, жаман адамларға да мийримли.
36 Солай етип, Әкеңиз мийрим-шәпәәтли болғаны сыяқлы, сизлер де мийрим-шәпәәтли болыңлар.
37 – Басқаларды ҳүким етпеңлер, сонда сизлер де ҳүким етилмейсиз. Айыпламаңлар, сонда сизлер де айыпланбайсыз. Кешириңлер, сонда сизлер де кеширилесиз.
38 Бериңлер, сонда сизлерге де бериледи. Басып, силкитип толтырылған, тасып төгилген мөлшер менен етеклериңизге салып бериледи. Сизлер қандай өлшем менен өлшеп берсеңлер, Қудай да сизлерге сондай өлшем менен өлшеп береди.
39 Ийса оларға және бир тымсал айтты: – Соқырды соқыр жетелеп жүре ала ма? Екеўи де бир шуқырға қулап түспей ме?
40 Шәкирт устазынан уллы емес. Бирақ ҳәр бир адам билимин жетилистиргеннен кейин, өз устазындай болады.
41 Сен неге туўысқаныңның көзиндеги шөпти көрип турып, өз көзиңдеги қаданы сезбейсең?
42 Өз көзиңдеги қаданы көрмей турып, қалай: «Туўысқаным, қәне, көзиңдеги шөпти шығарып алайын», – деп туўысқаныңа айта аласаң? Ҳәй, еки жүзли! Дәслеп өз көзиңдеги қаданы шығар, сонда анық көрип, туўысқаныңның көзиндеги шөпти шығара аласаң.
43 – Жаман мийўе беретуғын жақсы терек ҳәм жақсы мийўе беретуғын жаман терек жоқ.
44 Ҳәр бир терек мийўесинен билинеди: ҳеш ким шеңгелден әнжир жыйнамайды, тикенликтен жүзим термейди.
45 Жақсы адам кеўлиндеги жақсы ғәзийнесинен жақсылық шығарады, ал жаман адам кеўлиндеги жаман ғәзийнесинен жаманлық шығарады. Адамның кеўли неге толып тасса, аўзынан сол шығады-ғо.
46 Неге сизлер Мени: «Ийем, Ийем» деп шақырып, айтқанларымды қылмайсызлар?
47 Маған келип, сөзлеримди тыңлап, оларды орынлайтуғын адамның кимге уқсайтуғынын сизлерге айтайын:
48 ол – жерди терең етип қазып, тийкарын жар тас үстине қалап, үй салған адамға уқсайды. Сел тасып, сол үйди соққылағанда, үй беккем салынғанлығы себепли, оны қозғалта алмайды.
49 Бирақ сөзлеримди еситсе де, оны орынламайтуғын адам үйин жер үстине тийкарсыз салған адамға уқсайды. Суўлар тасып, бул үйди соққылағанда, ол сол ўақытта-ақ қулап, қатты қыйралып қалады.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16