Лука 5 bob

Ийсаның дәслепки шәкиртлери (1-11), Ийсаның мақаў кесел болған адамға шыпа бериўи(12-16), Ийсаның ләң адамға шыпа бериўи (17-26), Ийсаның Лебийди шақырыўы (27-32), Ораза ҳаққында сораў (33-39).

1 Бир күни Ийса Генесарет көлиниң жағасында турғанда, халық Қудайдың сөзин еситиў ушын Оның жанында тығылысып турды.
2 Сонда Ийса көлдиң жағасында турған еки қайықты көрди. Ал балықшылар қайықтан түсип, аўларын жуўып атырған еди.
3 Қайықлардың бири Симонға тийисли еди. Ийса оған минип, Симоннан жағадан бираз арманырақ жүзип барыўын өтинди де, қайықта отырып, халыққа тәлим бере баслады
4 Сөзин тамамлағаннан соң, Симонға: – Тереңирек жерге жүзип барып, балыққа аў сал, – деди.
5 Симон Оған жуўап берип: – Устаз! Бизлер түни менен мийнет етип, ҳеш нәрсе тута алмадық. Бирақ, Сениң сөзиң бойынша аў саламан, – деди.
6 Олар усылай ислегенде, көп балық тутқанлығы соншелли, ҳәтте, аўлары да жыртыла баслады.
7 Сонда олар басқа қайықтағы шериклерине белги берип, жәрдемлесиўге шақырды. Жолдаслары келип, еки қайықты да суўға батар дәрежеде балыққа толтырды.
8 Буны көрген Симон Петр Ийсаның аяғына жығылып: – Ийем! Мениң қасымнан кет, өйткени мен гүнакар адамман, – деди.
9 Себеби өзлериниң буншама көп балық аўлағанына өзи де, қасындағылар да ҳайран қалған еди.
10 Симонның шериклери болған Зебедейдиң уллары Яқып пенен Юхан да усындай аўҳалда еди. Ийса Симонға: – Қорқпа, буннан былай адамларды аўлайтуғын боласаң, – деди.
11 Сонда олар қайықларын жағаға шығарды да, ҳәммесин қалдырып, Ийсаның изине ерди.
12 Ийса бир қалада болғанда, пүткил денеси мақаў кесел болған бир адам келди. Ол Ийсаны көрип, аяғына жығылды да: – Ийем! Егер Сен қәлесең, мени мақаў кеселден тазалай аласаң-ғо, – деп жалынды.
13 Ийса қолын созып, оған тийгизди де: – Қәлеймен, тазалан! – деди. Ол сол ўақытта-ақ мақаў кеселден тазаланды.
14 Ийса оған: – Буны ҳеш кимге айтпа! Тек руўханийге барып, өзиңди көрсет те, мақаў кеселден тазаланғаныңды адамларға дәлиллеў ушын, Муўса буйырған қурбанлықты бер, – деп буйырды.
15 Бирақ Ийса ҳаққында хабар бурынғыдан да көбирек жайылды. Көп халық Оны тыңлап, аўырыўларына шыпа алыў ушын, Оның алдына ағып келе берди.
16 Ал Ийса аўлақ жерге барып, дуўа ететуғын еди.
17 Бир күни Ийса тәлим берип отырғанда, Галила менен Яҳудияның барлық аўылларынан ҳәм Ерусалимнен келген парисейлер менен диний муғаллимлер Оның қасында еди. Ал Ийсада аўырыўларға шыпа бериўши Жаратқан Ийемиздиң қүдирети бар еди.
18 Сонда биреўлер ләң болған адамды төсеги менен көтерип алып келди. Олар Ийсаның алдына оны қойыў ушын, үйге киргизиўге тырысты.
19 Адамлардың көплигинен алып кире алмаған олар тамның басына шықты. Оны ашты да, ләң адамды төсеги менен ортаға, Ийсаның алдына түсирди.
20 Ийса олардың исенимин көрип: – Достым, сениң гүналарың кеширилди, – деди.
21 Диний муғаллимлер менен парисейлер: «Қудайға тил тийгизип турған Бул ким? Гүналарды жалғыз Қудайдан басқа ким кешире алады?» – деп ишлеринен ойлай баслады.
22 Ийса олардың не ойлағанын билип, оларға: – Ишлериңизден неге бундай нәрселерди ойлап турсызлар?
23 Қайсысын айтыў аңсатырақ: «Гүналарың кеширилди», – деў ме ямаса: «Орныңнан турып, жүре бер», – деў ме?
24 Бирақ, Адам Улының жер бетинде гүналарды кешириўге бийлиги бар екенин билип қойыңлар, – деп жуўап берди де, ләң адамға: – Саған айтаман: орныңнан турып, төсегиңди ал да, үйиңе бар! – деди.
25 Сонда ләң адам ҳәммениң көз алдында дәрҳал орнынан турып, өзи жатқан төсегин алды да, Қудайды алғыслап үйине қайтты.
26 Ҳәмме қатты таң қалысып, Қудайға мақтаўлар айтты. Олар қорқынышқа толып: – Бизлер бүгин таң қаларлық ислер көрдик, – дести.
27 Соннан кейин, Ийса сол жерден шығып, салық кеңсесинде отырған Лебий атлы салықшыны көрди де, оған: – Изиме ер! – деди.
28 Ол орнынан турды да, ҳәмме нәрсесин қалдырып, Ийсаның изине ерди.
29 Лебий өз үйинде Ийса ушын үлкен зыяпат иследи. Олар менен бирге көплеген салықшылар ҳәм басқа да адамлар дастурханлас болды.
30 Парисейлер менен диний муғаллимлер Ийсаның шәкиртлерине наразылық билдирип: – Сизлер неге салықшылар ҳәм гүнакарлар менен бирге ишипжеп отырсызлар? – деди.
31 Ийса оларға жуўап берип: – Шыпакерге дени саўлар емес, ал аўырыўлар мүтәж.
32 Мен ҳақ адамларды емес, ал гүнакарларды тәўбеге шақырыўға келдим, – деди.
33 Олар Ийсаға: – Яқыяның шәкиртлери жийи-жийи ораза тутып, дуўа етеди. Парисейлердиң шәкиртлери де солай ислейди. Ал Сениң шәкиртлериң ишип-жеп жүрипти, – деди.
34 Ийса оларға: – Күйеў өзлери менен бирге болғанда, тойға келгенлерди ораза тутыўға мәжбүр ете аласызлар ма?
35 Бирақ, олардан күйеўди тартып алып кетилетуғын күнлер келеди, олар сонда, сол күнлери ораза тутады, – деди.
36 Ийса оларға және бир тымсал айтып, былай деди: – Ҳеш ким жаңа кийимнен жыртып алып, ески кийимге жамаў салмайды. Олай етсе, жаңа кийим де жыртылып қалады, жаңа жамаў да ески кийимге үйлеспейди.
37 Ҳеш ким жаңа шарапты да ески меске қуймайды. Олай етсе, жаңа шарап мести жарып ағып кетеди, мес те бузылады. 3
38 Жаңа шарапты жаңа меске қуйыў керек.
39 Ҳеш ким ески шарапты ишип көрип, жаңасын қәлемейди: өйткени «ескиси жақсырақ», – дейди.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16