Лука 3 bob

Шомылдырыўшы Яқыяның жәриялаўы (1-20), Ийсаның шомылдырылыўы (21-22), Ийсаның шежиреси (23-38).

1 Рим патшасы Тибериус салтанатының он бесинши жылында Яҳудия үлкесинде Понтий Пилат ҳәкимлик қылды. Галиланы Ҳирод, Итурея ҳәм Трахонит үлкелерин оның иниси Филип, Абилена үлкесин Лисанияс басқарды.
2 Ал Ханна менен Каяфа бас руўханий еди. Сонда шөл далада жасап атырған Зекерияның улы Яқыяға Қудайдың сөзи түсти.
3 Яқыя Иордан әтирапындағы барлық үлкелерди аралап, адамларға гүналарының кеширилиўи ушын тәўбеге келиўди ҳәм суўға шомылдырылыўды жәриялап жүрди.
4 Бул Ийшая пайғамбардың китабында жазылғанға туўры келеди: «Шөл далада бақырған биреўдиң даўысы шығады: Ийемизге жол таярлаңлар, Оның жүретуғын жолларын дүзетиңлер!
5 Барлық ойпатлықлар толтырылсын, Таў-төбелер пәске шөксин, Қыйсық жоллар дүзетилсин, Будыр жерлер тегисленсин.
6 Сонда пүткил адамзат Қудайдың қутқаратуғынын көреди».
7 Яқыя шомылдырылыўға келген аламанға былай деди: – Ҳәй, уўлы жыланлардың туқымлары! Келешектеги қәҳәрли жазадан қутылыўды сизлерге ким үйретти?
8 Егер сизлер тәўбе еткен* болсаңлар, буған ылайық жемис бериңлер! Және: «Ата тегимиз Ибрайым ата-ғо», – деп ишлериңизден ойламаңлар. Сизлерге айтатуғыным: Қудай Ибрайымға мына таслардан да урпақ жасап бере алады.
9 Ағашлардың тамырында ҳәзирдиң өзинде-ақ балта жатыр. Жақсы мийўе бермейтуғын ҳәр бир терек шабылып, отқа тасланады.
10 Сонда халық оннан: – Олай болса, бизлер не ислеўимиз керек? – деп сорады.
11 Яқыя оларға: – Кимниң еки кийими болса, биреўин кийими жоққа берсин. Кимниң аўқаты болса, ол да солай ислесин, – деп жуўап берди.
12 Салықшылар да шомылдырылыў ушын келип, Яқыядан: – Устаз, бизлер не ислеўимиз керек? – деп сорады.
13 Яқыя оларға: – Белгиленгенинен артық талап етпеңлер, – деди.
14 Әскерлер де оннан: – Ал бизлер не ислеўимиз керек? – деп сорады. Яқыя оларға: – Ҳеш кимди тонамаңлар, ҳеш кимге жала жаппаңлар, өз ис ҳақыңызға қанаат етиңлер, – деди.
15 Үмит етип күтип турған халықтың ҳәммеси Яқыя туўралы ишлеринен: – Бул Масих емес пе екен? – деп ойлады.
16 Яқыя ҳәммесине жуўап берип: – Мен сизлерди суў менен шомылдыраман, бирақ меннен кейин қүдиретли Биреў киятыр. Мен Оның аяқ кийиминиң баўын шешиўге де ылайықлы емеспен. Ол сизлерди Мухаддес Руўх ҳәм от пенен шомылдырады.
17 Оның жабасы қолында. Ол Өз қырманын тазалап, бийдайын ғәллеханасына жыйнайды, ал сабанын сөнбес отқа жандырады, – деди.
18 Яқыя халыққа басқа да көп нәсият айтып, Хош Хабарды жәриялап жүрди.
19 Үлке ҳүкимдары Ҳирод өз инисиниң ҳаялы Ҳиродия себепли ҳәм басқа да барлық жаман ислери ушын, Яқыя тәрепинен әшкара етилген еди.
20 Ҳирод бурынғы ислеген жаманлықларына қоса Яқыяны қаматып таслады.
21 Пүткил халық шомылдырылғанда, Ийса да шомылдырылды. Ол дуўа еткенде аспан ашылып,
22 Мухаддес Руўх кептер пишинде Оның үстине түсти. Сонда аспаннан: – Сен – Мениң сүйикли Улымсаң, Мен Саған ырзаман, – деген саза еситилди.
23 Ийса Өз хызметин баслағанда отызлар шамасында еди. Адамлар Оны Юсуптың улы сыпатында таныйтуғын еди. Ал Юсуп Ели улы,
24 Ели Маттат улы, Маттат Лебий улы, Лебий Малкий улы, Малкий Янай улы, Янай Юсуп улы,
25 Юсуп Маттатия улы, Маттатия Амос улы, Амос Нахум улы, Нахум Ҳесли улы, Ҳесли Нагай улы, Нагай
26 Махат улы, Махат Маттатия улы, Маттатия Шимий улы, Шимий Юсех улы, Юсех Юда улы,
27 Юда Юханан улы, Юханан Реша улы, Реша Зерубабел улы, Зерубабел Шалтиел улы, Шалтиел Нерий улы,
28 Нерий Малкий улы, Малкий Аддий улы, Аддий Қосам улы, Қосам Елмадам улы, Елмадам Ер улы,
29 Ер Ешу улы, Ешу Елиезер улы, Елиезер Иорым улы, Иорым Маттат улы, Маттат Лебий улы,
30 Лебий Шимон улы, Шимон Яҳуда улы, Яҳуда Юсуп улы, Юсуп Ионам улы, Ионам Елиаким улы,
31 Елиаким Мала улы, Мала Менна улы, Менна Маттата улы, Маттата Натан улы, Натан Даўыт улы,
32 Даўыт Ишай улы, Ишай Обид улы, Обид Боаз улы, Боаз Салмон улы, Салмон Наҳшон улы,
33 Наҳшон Аминадаб улы, Аминадаб Рам улы, Рам Ҳесрон улы, Ҳесрон Парес улы, Парес Яҳуда улы,
34 Яҳуда Яқып улы, Яқып Ысақ улы, Ысақ Ибрайым улы, Ибрайым Терах улы, Терах Нахор улы,
35 Нахор Серук улы, Серук Реу улы, Реу Пелек улы, Пелек Ебер улы, Ебер Шалаҳ улы,
36 Шалаҳ Кенан улы, Кенан Арпакшат улы, Арпакшат Сам улы, Сам Нух улы, Нух Ламек улы,
37 Ламек Метушелах улы, Метушелах Енок улы, Енок Ярет улы, Ярет Махалалел улы, Махалалел Кенан улы,
38 Кенан Енош улы, Енош Шит улы, Шит Адамата улы, ал Адам-ата Қудай улы.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16