Лука 24 bob

Ийсаның қайта тирилиўи (1-12), Еммаусқа баратуғын жолда (13-35), Ийсаның шәкиртлерине көриниўи (36-53).

1 Ҳәптениң биринши күни, яғный екшемби күни таң сәҳәрде ҳаяллар таярлап қойған хош ийисли майларын алып, қәбирге келди.
2 Олар қәбирдиң аўзындағы тастың домалатып алып тасланғанын көрди.
3 Бирақ ишке киргенде, Ийемиз Ийсаның денесин таба алмады.
4 Олар буған таң қалысып турғанда, тосаттан жарқыраған кийим кийген еки адам пайда болды.
5 Ҳаяллардың ҳүрейлери ушып, басларын жерге ийгенде, еки адам оларға былай деди: – Тирини өлилердиң арасынан неге излейсизлер?
6 Ол бул жерде жоқ, Ол қайта тирилди! Галилада болғанында, Оның сизлерге не айтқанын еслериңизге түсириңлер
7 Ол сизлерге: «Адам Улы гүнакар адамлардың қолына услап бериледи, атанақ ағашқа шегеленеди ҳәм үшинши күни қайта тириледи», – деген еди-ғо.
8 Сонда олар Ийсаның сөзлерин еслерине түсирди.
9 Қәбирден қайтып барған ҳаяллар булардың ҳәммесин он бир елшиге ҳәм басқа барлық адамларға хабарлады.
10 Бул хабарды елшилерге жеткизгенлер магдалалы Мәриям, Юханна, Яқыптың анасы Мәриям ҳәм олар менен бирге жүрген басқа ҳаяллар еди.
11 Бирақ бул сөзлер елшилерге бос гәп болып көринип, олар ҳаялларға исенбеди.
12 Ал Петр орнынан турып, қәбир тәрепке қарай жуўырып кетти. Ол ишке еңкейип қарағанда, тек жатырған кепинликти ғана көрди. Болған ўақыяға таң қалып, изине қайтты.
13 Тап сол күни шәкиртлердиң екеўи Ерусалимнен он еки шақырымдай қашықлықтағы Еммаус деп аталатуғын бир аўылға баратырып,
14 болған усы ўақыялар ҳаққында өз ара сөйлести.
15 Олар өз ара сөйлесип, пикир алысып баратырғанда, Ийсаның Өзи оларға жақынлап, қатар жүрди.
16 Бирақ олардың көзлери байланғандай болып, Оны танымады.
17 Ийса олардан: – Сизлер өз ара нелер ҳаққында сөйлесип баратырсызлар? – деп сорады. Олар қапалы пишинде тоқтап қалды.
18 Арасындағы Клеопа атлы биреўи Оған: – Ерусалимде болсаң да, усы күнлерде сол жерде жүз берген ўақыялардан ҳеш хабары жоқ, жалғыз Сен шығарсаң, – деди.
19 Ийса олардан: – Қандай ўақыялардан? – деп сорады. Олар жуўап берип: – Насыралы Ийса ҳаққында ўақыялар да. Ол Қудайдың ҳәм пүткил халықтың алдында исинде де, сөзинде де қүдиретли болған пайғамбар еди.
20 Бас руўханийлеримиз бенен басшыларымыз Оны өлим жазасына ҳәм атанақ ағашқа шегелеўге тапсырды.
21 Ал бизлер Оны Израилды қутқарады деп, үмит еткен едик. Мине, бул ўақыялардың болғанына бүгин үш күн болды.
22 Буның үстине, арамыздағы ҳаяллардың гейбиреўлери бизлерди таң қалдырды. Олар ерте таңда қәбирге барып,
23 Оның денесин таппай келди. Қайтып келип, Ийсаның тири екенин билдирген периштелерди көргенин айтып берди.
24 Және бизлердиң ишимиздеги айырымлар қәбирге барып, анық ҳаяллардың айтқанындай екенин көрипти. Бирақ Ийсаның Өзин көрмепти, – дести.
25 Ийса оларға былай деди: – Ҳәй, ақылсызлар! Пайғамбарлардың айтқанларының ҳәммесине шын жүректен исенбейтуғынлар!
26 Масих усы азапларды шегип, Өз салтанатына кириўи керек емес пе еди?
27 Соңынан Муўсаның ҳәм барлық пайғамбарлардың Жазыўларынан баслап, Мухаддес Жазыўлардың ҳәммесинде Өзи ҳаққында айтылғанларды оларға түсиндирип берди.
28 Олар өзлери баратырған аўылға жақынлағанда, Ийса Өзин жолын даўам ететуғын қылып көрсетти.
29 Бирақ олар: – Бизлер менен бирге қал, күн батыўға шамаласып, кеш болажақ, – деп Оннан өтинди. Солай етип, Ийса олар менен бирге қалыў ушын аўылға кирди.
30 Олар менен дастурхан басында отырғанда Ийса нанды алып, Қудайға шүкирлик етти ҳәм сындырып, оларға берди.
31 Сонда ғана олардың көзлери ашылып, Оны таныды. Бирақ Ийса көзден ғайып болды.
32 Олар бир-бирине: – Ол жолда бизлер менен сөйлесип, Мухаддес Жазыўларды түсиндиргенде, жүреклеримиз қуўанышқа толмаған ба еди? – деди.
33 Дәрриў орынларынан турып, Ерусалимге қайтып келди. Он бир елшини ҳәм олар менен бирге жыйналғанларды тапты.
34 Жыйналғанлар: – Ийемиз ҳақыйқаттан қайта тирилип, Симонға көринипти, – дести.
35 Сонда еки шәкирт те жолдағы ўақыяларды ҳәм Ийса нанды сындырғанда, Оны қалай танып қалғанын айтып берди.
36 Олар усыны айтысып турғанда, Ийсаның Өзи олардың ортасында пайда болып: – Тынышлық сизлерге яр болсын! – деди.
37 Бирақ шәкиртлер әрўақ көрип турмыз деп ойлап, таң қалысып, қатты қорқысты.
38 Ийса оларға: – Неге ҳайран қалып турсызлар? Неге кеўиллериңизге бундай гүманлы ойлар келеди?
39 Мениң қолларыма ҳәм аяқларыма қараңлар. Бул Мениң Өзиммен. Маған қол тийгизип көриңлер. Әрўақта ет пенен сүйек болмайды, бирақ көрип турғаныңыздай, Менде бар, – деди.
40 Усыны айтып, оларға қолларын ҳәм аяқларын көрсетти.
41 Ал шәкиртлери қуўанысып ҳәм аң-таң болысып, еле исенбей турғанда, Ийса олардан: – Бул жерде жейтуғын бир нәрсеңиз бар ма? – деп сорады.
42 Олар Оған писирилген балықтың бир бөлегин берди.
43 Ийса оны алып, олардың көз алдында жеди.
44 Сонда Ийса оларға былай деди: – Сизлер менен бирге болғанымда, Мен туўралы Муўсаның Нызамында, пайғамбарлардың Жазыўларында ҳәм Забурда жазылғанлардың ҳәммеси орынланыўы тийис, деп айтқан едим.
45 Кейин Мухаддес Жазыўларды түсиниў ушын олардың зейинлерин ашты
46 ҳәм оларға және: – Былай деп жазылған: «Масих азап шегип, үшинши күни өлимнен қайта тириледи.
47 Ерусалимнен баслап, ҳәмме халықларға Оның аты менен гүналарының кеширилиўи ушын, тәўбеге шақырыўды жәриялаў тийис».
48 Ал сизлер булардың гүўасысызлар.
49 Мине, Мен Әкемниң ўәде еткенин сизлерге жиберемен. Бирақ сизлер жоқарыдан бул қүдиретти алғанға дейин усы қалада қалыңлар, – деди.
50 Соңынан Ийса шәкиртлерин қаладан сыртқа, Бетанияға дейин апарды. Қолларын көтерип, оларға пәтиясын берди.
51 Пәтиясын берип турғанда олардан узақласып, аспанға алынды.
52 Шәкиртлер Ийсаға табынып, үлкен қуўаныш пенен Ерусалимге қайтып келди.
53 Қудайды алғыслап, ҳәмме ўақыт Ибадатханада болды.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16