Лука 23 bob

Ийсаның Пилатқа апарылыўы (1-5), Ийса Ҳирод алдында (6-12), Өлим ҳүкими (13-25), Ийсаның атанақ ағашқа шегелениўи (26-43), Ийсаның жан тапсырыўы (44-49), Ийсаның қәбирге қойылыўы (50-56).

1 Сонда жыйналғанлардың ҳәммеси орынларынан турып, Ийсаны Пилатқа алып барды да,
2 Оны былай деп айыплай баслады: – Бизлер бул Адамның халқымызды жолдан азғырып жүргенин анықладық. Ол Рим патшасы-Қайсарға салық төлеўге қарсы шығып, Өзин Масихпан, яғный Патшаман деп атайды.
3 Пилат Ийсадан: – Сен Яҳудийлердиң Патшасымысаң? – деп сорады. Ийса оған: – Сол екенимди өзиң айттың, – деп жуўап берди.
4 Пилат бас руўханийлер менен халыққа: – Мен бул Адамнан ҳеш бир айып таппай турман, – деди.
5 Бирақ олар айтқанынан қайтпай: – Ол Галила үлкесинен баслап, ҳәтте, усы жерге дейин пүткил Яҳудияда Өз тәлийматын тарқатып, халыққа қозғалаң салып жүр, – дести.
6 Пилат буны еситкенде: – Бул Адам галилалы ма? – деп сорады.
7 Ийсаның Ҳиродқа қараслы үлкеден екенин билгенде, Пилат Оны Ҳиродқа жиберди. Сол күнлери Ҳиродтың өзи де Ерусалимде еди.
8 Ҳирод Ийсаны көргенде қатты қуўанды. Өйткени Ол туўралы көп еситкенликтен, Оны бурыннан көргиси келетуғын ҳәм бир кәрамат көрсетер деп үмитленетуғын еди.
9 Ол Ийсаға көп сораўлар берди, бирақ Ийса ҳеш жуўап бермеди.
10 Ал бас руўханийлер менен диний муғаллимлер сол жерде турып, Ийсаны қатты айыплады.
11 Ҳирод та өз әскерлери менен бирге Оны кемситип масқаралады да, Оған патшаның липасын кийгизип, Пилатқа қайтарып жиберди.
12 Бул ўақыядан бурын бир-бирине душпан болып келген Ҳирод пенен Пилат сол күни дос болып қалды.
13 Пилат бас руўханийлерди, басшыларды ҳәм халықты шақыртып алып,
14 оларға: – Сизлер маған бул Адамды халықты жолдан азғырып жүр деп, алып келдиңлер. Мине, мен сизлердиң көз алдыңызда Оны тергесем де, сизлердиң қойған айыпларыңыздың биреўин де Оннан таппадым.
15 Ҳирод та ҳеш нәрсе таппай, Оны бизлерге қайтарып жиберди. Көрип турғаныңыздай, Ол өлим жазасына ылайық ҳеш нәрсе ислемеген.
16 Сонлықтан Оны жазалап, босатып жиберемен, – деди. [ 17 ]
17 Бирақ халықтың ҳәммеси бир аўыздан: – Бул Адамды жоқ қыл! Бизлерге Барабаны босатып бер! – деп бақырысты.
18 Бараба қалада жүз берген қозғалаңға қатнасып, адам өлтиргени ушын қамалған еди.
19 Пилат Ийсаны босатып жибермекши болып, оларға қарата және сөйледи.
20 Бирақ олар: – Оны атанақ ағашқа шегелет! Шегелет! – деп бақырысты.
21 Пилат үшинши рет оларға: – Ол қандай жаманлық иследи, ақыры? Мен Оннан өлимге ылайықлы ҳеш айып таппадым. Солай екен, Оны жазалап, босатып жиберейин, – деди.
22 Бирақ олар даўысларының барынша бақырыўды даўам етип, Ийсаны атанақ ағашқа шегелетиўди талап қылды ҳәм ақырында өз дегенлерине еристи.
23 Солай етип, Пилат олардың талапларын орынлаўға қарар етти.
24 Олардың сораған адамын, қозғалаң көтергени ҳәм адам өлтиргени ушын қамақта отырған адамды босатып, Ийсаны олардың еркине тапсырды.
25 Әскерлер Ийсаны алып баратырғанда, аўылдан киятырған Симон деген киренели бир адамды услап алып, оған атанақ ағашты арқалатып, Ийсаның изинен жүриўге мәжбүрледи.
26 Ийсаның изине жүдә көп халық ерип жүрди. Арасында Ол ушын зарлап жыласқан ҳаяллар да бар еди.
27 Ийса оларға бурылып былай деди: – Ерусалим қызлары! Мен ушын жыламаңлар. Бирақ өзлериңиз ҳәм балаларыңыз ушын жылаңлар.
28 Себеби: «Нәсилсиз ҳаяллар, ҳеш қашан туўмаған қурсақлар ҳәм бала емизбеген көкиреклер бахытлы!» – деп айтатуғын күнлер келеди.
29 Сонда таўларға: «Үстимизге қулаңлар!», төбешиклерге: «Бизлерди бастырыңлар!» – деседи.
30 Өйткени жап-жасыл ағашқа усылай ислесе, қуўраған ағашқа не қылады екен?
31 Ийса менен бирге еки жынаятшыны да өлимге алып барды.
32 «Бас сүйеги» деген жерге келгенде, олар Ийсаны еки жынаятшы менен бирге атанақ ағашқа шегеледи. Жынаятшылардың биреўи Оның оң тәрепинде, екиншиси шеп тәрепинде еди.
34 Ийса: – Әке, оларды кешире гөр! Олар не ислеп атырғанын билмейди, – деди. Әскерлер шек тасласып, Ийсаның кийимлерин бөлисти.
35 Халық сол жерде қарап турды. Ал басшылар Ийсаның үстинен күлип: – Ол басқаларды қутқарған еди-ғо. Егер Ол Қудайдың жиберген Масихы, Қудайдың Таңлағаны болса, Өзин Өзи қутқарсын, – деди.
36 Әскерлер де Оған жақынласып, Оны масқаралады ҳәм сирке суўын берип:
37 – Егер Сен Яҳудийлердиң Патшасы болсаң, Өзиңди Өзиң қутқар, – дести.
38 Ийсаның бас бетинде: «БУЛ – ЯҲУДИЙЛЕРДИҢ ПАТШАСЫ» деген жазыў бар еди.
39 Атанақ ағашқа шегеленген жынаятшылардың бири: – Сен Масих емессең бе? Қәне, онда Өзиңди де, бизлерди де қутқар, – деп мазақ етти.
40 Ал екиншиси оған кейип: – Өзиң де бирдей жазаға ҳүким етилип турып, Қудайдан қорқпайсаң ба?
41 Бизлер ислеримизге ылайық әдил жаза алдық. Ал Ол ҳеш қандай жаманлық қылған жоқ-ғо, – деди.
42 Соң Ийсаға: – Ийса, Өз Патшалығыңа келгениңде, мени есиңе ал! – деди.
43 Ийса оған: – Саған шынын айтаман: сен бүгин Мениң менен бирге жәннетте боласаң, – деди.
45 Түски саат он екилер шамасында күн жақтысын түсирмей, саат үшлерге дейин пүткил жерди қараңғылық қаплап турды.
46 Ибадатханадағы Мухаддесхананың пердеси ортасынан екиге бөлинип, жыртылып кетти.
47 Ийса бәлент даўыс пенен бақырып: – Әке! Руўхымды Сениң қолыңа тапсыраман, – деди. Усыны айтып болды да, жан тапсырды.
48 Болған ўақыяларды көрген жүзбасы Қудайды алғыслап: – Ҳақыйқаттан да, бул ҳақ Адам екен, – деди.
49 Тамашаға жыйналған пүткил халық болған ўақыяларды көрип, жүрек-баўырлары езилип, излерине қайтты.
50 Бирақ Ийсаны билгенлердиң ҳәммеси ҳәм Галиладан Оның изине ерип келген ҳаяллар буларға узақтан қарап турды.
51 Кеңестиң қарары менен исинде қатнаспаған, кеңес ағзасы болған Юсуп атлы жақсы ҳәм ҳақ бир адам бар еди.
52 Ол Яҳудияның Ариматия қаласынан болып, Қудай Патшалығын күтип жүрген еди. 52Юсуп Пилатқа барып, Ийсаның денесин сорады.
53 Оны атанақ ағаштан түсирип алып, кепинлик таўарға орады ҳәм еле ҳеш ким қойылмаған жартаста ойылған бир қәбирге қойды.
54 Бул яҳудийлердиң таярлық күни болып, дем алыс күни кирип киятырған еди.
55 Ийса менен бирге Галиладан келген ҳаяллар да Юсупке ерип барып, қәбирди ҳәм Ийсаның денесиниң қалай қойылғанын көрди.
56 Олар үйлерине қайтып келип, хош ийисли майлар ҳәм әтирлер таярлап қойды. Ал дем алыс күни Қудайдың буйрығы бойынша дем алды.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16