Лука 21 bob

Жесир ҳаялдың садақасы (1-4), Ақырзаманның белгилери (5-19), Ерусалимниң қыйратылыўы (20-24), Адам Улының қайта келиўи (25-28), Сергек болып, дуўа етиңлер! (29-38).

1 Ийса нәзер салып, Ибадатхананың садақа қутысына Қудайға арналған сыйларын салып атырған байларды көрди.
2 Ол бир ғәрип жесир ҳаялдың да еки тийин салғанын көрип:
3 – Сизлерге ҳақыйқатын айтаман: бул жарлы жесир ҳаял ҳәммеден көп салды.
4 Өйткени булардың ҳәммеси өз байлықларынан аўысқанын салды. Ал бул ҳаял жарлы болса да, күн көрисине керекли барлық ақшасын салды, – деди.
5 Гейбиреўлер Ибадатхананың сулыў таслар ҳәм Қудайға арналған сыйлар менен безетилгенин айтып турғанда, Ийса:
6 – Сизлер усы жерде көрип турғанларыңыздан тас үстинде тас қалмай, ҳәммеси қыйратылатуғын күнлер келеди, – деди.
7 Олар Ийсадан: – Устаз, булар қашан болады? Булардың болатуғынын алдын ала қандай белги билдиреди? – деп сорады.
8 Ийса оларға: – Алданыўдан сақ болыңлар! Себеби көплер Мениң атым менен келип: «Мен – Масихпан» ямаса «Ўақыт жақын» дейди. Олардың излерине ермеңлер.
9 Урыслар ҳәм көтерилислер ҳаққында еситкениңизде, қорқпаңлар. Өйткени дәслеп усылар болыўы тийис. Бирақ ақыры дәрҳал келмейди, – деди.
10 Соңынан Ийса оларға былай деди: – Миллет миллетке қарсы, патшалық патшалыққа қарсы көтериледи.
11 Күшли жер силкиниўлер, көп жерлерде ашаршылықлар ҳәм қырғынлар болады. Аспаннан қорқынышлы қубылыслар ҳәм уллы кәраматлы белгилер жүз береди.
12 Бирақ булардың ҳәммесинен бурын адамлар сизлерди услап алып қуўғын қылады, мәжилисханаларға тапсырып, қамаққа салады. Мениң атым ушын сизлерди патшалар менен ҳәкимлердиң алдына алып барады.
13 Сонда сизлерге Мен туўралы гүўалық бериўге мүмкиншилик туўылады.
14 Сонлықтан өзлериңизди қалай қорғаўды алдын ала ойламаўды кеўиллериңизге түйип алыңлар.
15 Себеби Мен сизлерге сондай шешенлик пенен даналық беремен, сизлерге қарсы шыққанлардың ҳеш қайсысы да қарсы сөйлей де, сөзлериңизди бийкарлай да алмай қалады.
16 Ҳәтте, ата-ана, аға-ини, ағайинтуўған ҳәм досларыңыз да сизлерге сатқынлық ислейди. Ал гейбиреўлериңизди өлтиреди.
17 Мениң атым себепли, сизлерди ҳәмме жек көреди.
18 Бирақ басларыңыздағы бир тал шаш та набыт болмайды.
19 Сабырлық пенен өз жаныңызды қутқарасызлар.
20 – Ерусалимди әскерлердиң қоршап алғанын көргениңизде, оның ўайран болатуғын ўақтының жақынлағанын билиңлер.
21 Сонда Яҳудиядағылар таўларға қашсын. Қаланың ишиндегилер тез сыртқа шықсын, әтираптағылар қалаға кирмесин.
22 Өйткени сол күнлер Мухаддес Жазыўда айтылғанлардың ҳәммеси орынланатуғын жаза күнлери болады.
23 Сол күнлери жүкли ҳәм емизиўли ҳаялларға қандай қыйын болады! Себеби жер жүзинде үлкен апатшылық болып, бул халық Қудайдың ғәзебине ушырайды.
24 Олар қылыш жүзинен өткерилип, барлық еллерге тутқын етилип алып кетиледи. Басқа миллетлердиң дәўраны тамам болмағанша, Ерусалим олар тәрепинен аяқ асты қылынады.
25 – Қуяш, ай ҳәм жулдызларда кәраматлы белгилер пайда болады. Жер жүзинде халықлар теңиздиң шуўлап толқынланғанынан үмитсизликке түсип албырайды.
26 Адамлар дүньяға киятырған апатшылықты күтип, қорқыўдан ҳәлсизленеди. Өйткени аспан күшлери силкинеди.
27 Сонда адамлар Адам Улының уллы қүдирет ҳәм салтанат пенен бултта киятырғанын көреди.
28 Бул ўақыялар бола баслағанда турып, басларыңызды көтериңлер. Себеби қутқарылыўыңыз жақын.
29 Ийса оларға мына тымсалды айтып берди: – Әнжир ағашына ҳәм басқа барлық тереклерге қараңлар.
30 Олардың жапырақ шығара баслағанын көргениңизде, жаздың жақынлағанын өзлериңиз билесизлер.
31 Сол сыяқлы, сизлер бул ўақыялардың болып атырғанын көргениңизде, Қудай Патшалығының жақын екенин билиңлер.
32 Сизлерге шынын айтып турман: бул әўлад жоқ болып кетпесинен бурын булардың ҳәммеси болады.
33 Аспан ҳәм жер жойылады, бирақ Мениң сөзлерим ҳеш жойылмайды.
34 Сақ болыңлар! Шағал мәслик қылып, мәс болып, турмыс тәшиўишлери астында жүреклериңизди аўыр жүк баспасын. Және сол күн сизлерге тор сыяқлы тосаттан түспесин.
35 Өйткени сол күн пүткил жер жүзинде жасаўшылардың басына түседи.
36 Сол себептен болажақ бул ислерден қутылып, Адам Улы алдында тура алыў ушын ҳәмме ўақыт сергек болып, дуўа етиңлер.
37 Ийса күндиз Ибадатханада тәлим берип, ал түнлерин болса қаладан шығып, Зәйтүн таўында өткизетуғын еди.
38 Таң атыўдан пүткил халық Ийсаны тыңлаў ушын Ибадатханаға келетуғын еди.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16