Лука 20 bob

Ийсаның бийлиги ҳаққында сораў (1-8), Жаўыз дийханлар ҳаққында тымсал (9-19), Салық төлеў туўралы (20-26), Қайта тирилиў ҳаққында сораў (27-40), Масих кимниң Урпағы? (41-44), Диний муғаллимлер ҳаққында (45-47).

1 Күнлердиң биринде Ийса халыққа Ибадатханада тәлим берип, оларға Хош Хабарды жәриялап турғанда, Оның қасына бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлер ақсақаллар менен бирге келип,
2 Оннан: – Бизлерге айтшы, бул ислерди қандай бийлик пенен ислеп жүрсең ҳәм бундай бийликти Саған ким берди? – деп сорады.
3 Ийса жуўап қайтарып: – Мен де сизлерден бир нәрсени сорайын. Айтыңларшы:
4 Яқыяның шомылдырыўы аспаннан болды ма ямаса адамлардан ба? – деди.
5 Олар өз ара ойласып: – Егер «аспаннан» десек, Ол бизлерге: «Онда неге сизлер оған исенбедиңлер», – деп айтар.
6 Ал егер «адамлардан» десек, пүткил халық бизлерге тас атар, өйткени олар Яқыяның пайғамбар екенине исенеди, – дести.
7 Сонлықтан олар Ийсаға: – Қаяқтан екенин билмеймиз, – деп жуўап берди.
8 Сонда Ийса оларға: – Мен де сизлерге бул ислерди қандай бийлик пенен ислейтуғынымды айтпайман, – деди.
9 Соңынан Ийса халыққа мына тымсалды айтып берди: – Бир адам жүзим бағын отырғызыпты ҳәм оны дийханларға ижараға берип, өзи узақ ўақытқа алыс жерге кетип қалыпты.
10 Терим мәўсими келгенде, бағдың жемисинен тийисли үлесин алыў ушын, ол дийханларға өзиниң бир хызметшисин жиберипти. Бирақ дийханлар оны урып, қуры қол қайтарыпты.
11 Ол басқа хызметшисин жибергенде, оны да урып, масқаралап, қуры қол қайтарыпты.
12 Үшиншисин жумсағанда, оны да жарадар етип, қуўып жиберипти.
13 Сонда жүзим бағының ийеси: «Не қылсам екен? Сүйикли улымды жиберейин. Мүмкин, оны ҳүрмет етер», – депти.
14 Бирақ дийханлар оны көрип, өз ара ойласып: «Бул мийрасхор-ғо. Жүриңлер, оны өлтирейик, сонда мийрас мүлки бизлерге қалады», – десипти де,
15 оны жүзим бағынан сыртқа шығарып, өлтирипти. Енди жүзим бағының ийеси оларға не ислейди?
16 Ол келип, сол дийханларды жоқ қылады да, жүзим бағын басқаларға береди. Буны еситкенлер: – Қудай сақласын! – дести.
17 Бирақ Ийса көзлерин оларға тигип: – Олай болса, Мухаддес Жазыўдағы: «Қурылысшылар керексиз деп таслаған тас, Үйдиң мүйешиниң тийкарғы тасы болды» , – деген сөзлер нени аңлатады?
18 Сол тасқа түскен ҳәр бир адамның шыл-пәршеси шығады. Тас кимниң үстине түссе, соны женшип таслайды, – деди.
19 Ийсаның бул тымсалды өзлерине тийгизип айтып атырғанын түсинген диний муғаллимлер менен бас руўханийлер Оны сол ўақытта-ақ қолға алыўға тырысты, бирақ халықтан қорқты.
20 Олар Ийсаны дыққат пенен аңлый баслады. Ийсаны сөзинен тутып, Оны ҳәкимниң бийлигине ҳәм ҳүкимине тапсырыў ушын, Оған өзлерин ҳақ нийетли қылып көрсететуғын жансызларды жиберди.
21 Жансызлар Ийсадан: – Устаз, бизлер Сениң ҳақыйқатты айтып тәлим берип атырғаныңды билемиз. Ҳеш кимниң бет-жүзине қарамай, Қудайдың жолын дурыс үйретип отырсаң.
22 Айтшы, бизлердиң Рим патшасыҚайсарға салық төлеўимиз дурыс па ямаса надурыс па? – деп сорады.
23 Бирақ Ийса олардың ҳийлесин түсинип, оларға:
24 – Маған бир динар көрсетиңлер. Бунда кимниң сүўрети бар ҳәм кимниң аты жазылған? – деди. Олар: – Қайсардың, – деп жуўап берди.
25 Сонда Ийса: – Олай болса, Қайсардың ҳақын Қайсарға, Қудайдың ҳақын Қудайға бериңлер, – деди.
26 Солай етип, олар Ийсаны халық алдында айтқан бирде бир сөзинен тута алмады. Оның жуўапларына таң қалысып, лал болып қалды.
27 Қайта тирилиў жоқ деўши саддукейлердиң айырымлары Ийсаға келип, Оннан:
28 – Устаз, Муўса бизлерге: «Егер биреўдиң ағасы баласыз өлип ҳаялын қалдырса, иниси оның ҳаялын алып, өз ағасының урпағын даўам еттирсин», – деп жазып қалдырған.
29 Жети ағайинли бар еди: бириншиси үйленип, баласыз өлди.
30 Екиншиси де,
31 үшиншиси де сол ҳаялды алды. Ҳаялды жетеўиниң ҳәммеси де алып, бала қалдырмай өлип кетти.
32 Ең соңында ҳаялдың өзи де қайтыс болды.
33 Ал қайта тирилиўде ол жетеўиниң ишинде қайсысының ҳаялы болады? Ол жетеўине де ҳаял болған еди-ғо, – деп сорады.
34 Ийса жуўап берип былай деди: – Бул дүньяның адамлары үйленеди ҳәм турмысқа шығады.
35 Ал келеси дүньяға ҳәм өлимнен қайта тирилиўге ылайықлы болғанлар үйленбейди де, турмысқа да шықпайды.
36 Олар периштелер сыяқлы болғанлықтан, енди өлмейди. Өлимнен қайта тирилгенликтен, Қудайдың балалары болады.
37 Муўса да өлгенлердиң қайта тирилетуғынын жанып турған пута ҳаққында аятта көрсеткен еди. Ол сол жерде Жаратқан Ийемизди: «Ибрайымның Қудайы, Ысақтың Қудайы, Яқыптың Қудайы» деп атаған.
38 Қудай өлилердиң емес, ал тирилердиң Қудайы. Себеби Оған тийисли адамлардың ҳәммеси тири.
39 Диний муғаллимлердиң гейбиреўлери: – Устаз, Сен дурыс айттың, – деди.
40 Оған және сораў бериўге ҳеш кимниң батылы бармады.
41 Ийса оларға былай деди: – Неге Масихты Даўыттың Урпағы деседи?
42 Даўыттың өзи Забурда: «Ийем мениң Ийеме айтты:
43 „Душпанларыңды аяғыңның астына бастырмағанымша, Мениң оң жағымда отыр!“» – деген-ғо.
44 Солай етип, Даўыт Оны «Ийем» деп атаған болса, Ол қалайынша оның Урпағы болады?
45 Пүткил халық тыңлап турғанда, Ийса Өз шәкиртлерине:
46 – Диний муғаллимлерден сақ болыңлар! Олар узын кийим кийиўди, базар майданларында өзлерине сәлем берилиўин, мәжилисханаларда сыйлы орында, зыяпатларда төрде отырыўды жақсы көреди.
47 Олар жесир ҳаяллардың үйлерин жалмап жутып, көзге көриниў ушын узын дуўа етеди. Бундай адамлар ең аўыр жаза алады, – деди.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16