Лука 2 bob

Ийсаның туўылыўы (1-7), Шопанлар ҳәм периштелер (8-21), Шимон ҳәм Аннаның Ийса менен ушырасыўы (22-40), Ийсаның балалығы (41-52).

1 Сол күнлери Рим патшасы Август пүткил Рим патшалығының турғынлары дизимнен өтиўи тийис, деген пәрман шығарды.
2 Бул биринши дизимнен өтиў Кирини Сирияға ҳәкимлик қылған заманда болды.
3 Ҳәр бир адам дизимнен өтиў ушын өз қаласына барды.
4 Юсуп те Галиладағы Насыра қаласынан жолға шығып, Яҳудиядағы Бейтлеҳем деп аталған Даўыттың қаласына келди. Өйткени ол Даўыттың урпағынан еди.
5 Дизимнен өтиў ушын, оның менен бирге қалыңлығы болған ҳәмледар Мәриям да барды.
6 Олар сол жерде болғанда Мәриямның айы-күни толып,
7 туңғыш Улын туўды. Оны қундақлап, бир ақырға жатқызды, себеби мийманханада оларға орын жоқ еди.
8 Сол әтирапта шопанлар болып, олар түнде өз падасын далада қараўыллайтуғын еди.
9 Тосаттан олардың алдында Жаратқан Ийемиздиң бир периштеси пайда болып, Ийемиздиң салтанаты олардың әтирапын жарқыратып жиберди. Олар қатты қорқып кетти.
10 Периште оларға: – Қорқпаңлар! Мен сизлерге ҳәмме адамларды шексиз қуўандыратуғын хош хабар жәриялайман.
11 Бүгин Даўыттың қаласында сизлер ушын Қутқарыўшы туўылды. Ол – Ийемиз Масих.
12 Сизлер ушын оның белгиси мынадай: сизлер ақырда қундақлаўлы жатырған Нәрестени табасызлар, – деди.
13 Бирден периштениң қасында аспандағы периштелердиң үлкен топары пайда болды ҳәм былай деп Қудайды алғыслады:
14 «Аспанда Қудай алғыслансын, Қудайға унайтуғын жердеги адамларға тынышлық болсын!»
15 Периштелер аспанға көтерилгеннен соң, шопанлар бир-бирине: – Жүриңлер, Бейтлеҳемге барайық. Жаратқан Ийемиз бизлерге билдирген, сол жүз берген ўақыяны көрейик, – дести.
16 Олар асығыслық пенен келип, Мәриям менен Юсупты ҳәм ақырда жатырған Нәрестени тапты.
17 Оны көрип, периштелерден Нәресте ҳаққында еситкенлерин айтып берди.
18 Буны еситкен адамлардың ҳәммеси шопанлардың сөзлерине таң қалысты.
19 Ал Мәриям бул сөзлерди жүрегинде сақлап, ойлап жүрди.
20 Шопанлар өзлерине айтылғанлардың ҳәммесин еситип-көргенлери ушын Қудайды алғыслап, мақтаў айтып, қайтып кетти.
21 Арадан сегиз күн өтип, Нәрестени сүннет еткенде, Оның атын Ийса деп қойды. Мәриям ҳәмледар болмасынан бурын, периште Оған усы атты берген еди.
22 Муўсаның Нызамы бойынша тазаланыў күнлери тамам болғанда, Юсуп пенен Мәриям Ийсаны Жаратқан Ийемизге арнаў ушын, Оны Ерусалимге алып келди.
23 Өйткени Жаратқан Ийемиздиң Нызамында: «Туўылған ҳәр бир туңғыш ул Жаратқан Ийемизге арналсын», – деп жазылған.
24 Және Жаратқан Ийемиздиң Нызамында айтылғандай, олар «жуп қумыры ямаса кептердиң еки палапанын» қурбан етпекши болды.
25 Сол ўақытта Ерусалимде Шимон атлы бир адам бар еди. Ол ҳақ ҳәм диншил адам болып, Израилдың тәселле табыўын интизарлық пенен күтип жүр еди. Мухаддес Руўх оған яр еди.
26 Жаратқан Ийемиз жиберген Масихты көрмегенше өлмейтуғынын оған Мухаддес Руўх алдын ала айтқан еди.
27 Шимон Мухаддес Руўхтың басқарыўында Ибадатханаға келди. Ийсаның ата-анасы Мухаддес Нызам бойынша тийисли үрп-әдетлерди орынлаў ушын Оны Ибадатханаға алып келгенде,
28 Шимон Оны қолына алып, Қудайды алғыслап былай деди:
29 «О, Қүдиретли Ийем, Өзиң айтқаныңдай, енди қулыңды бул дүньядан тынышлық пенен жибересең.
30 Себеби көзлерим Сениң ҳәмме халықлар ушын таярлап
31 қойған қутқарыўыңды көрди:
32 Ол басқа миллетлердиң көзин ашатуғын нур болып, Сениң халқың Израилға даңқ келтиреди».
33 Нәрестениң ата-анасы Ол туўралы айтылған сөзлерге таң қалысты.
34 Шимон оларға пәтиясын берип, Оның анасы Мәриямға: – Мине, бул Нәресте Израилда көп адамлардың қулаўына ҳәм қайта тиклениўине себепши болады. Ол Ийемиздиң белгиси болып, Ол себепли көп талас-тартыслар келип шығады.
35 Сонда көп адамлардың жүреклериниң түпкириндеги ой-қыяллары әшкара болып, ал сениң кеўлиңе ҳәсирет қылышы суғылады, – деди.
36 Сол жерде Ашер урыўынан шыққан Пануелдиң қызы Анна атлы, жүдә қартайған бир пайғамбар ҳаял да бар еди. Ол турмысқа шыққаннан соң, күйеўи менен жети жыл жасады.
37 Соңынан сексен төрт жасына дейин жесир болып, Ибадатханадан шықпай ораза тутып ҳәм дуўа етип, күни-түни Қудайға сыйынатуғын еди.
38 Сол ўақытта ол да жақынлап келип, Қудайға шүкирлик билдирди ҳәм Ерусалимниң қутқарылыў күнин күткенлердиң ҳәммесине Нәресте ҳаққында айтып берди.
39 Юсуп пенен Мәриям Жаратқан Ийемиздиң Нызамы бойынша барлық тийисли нәрселерди орынлап болғаннан соң, Галиладағы өз қаласы Насыраға қайтып келди.
40 Нәресте өсип, күш пенен ақыл-даналыққа толысып барды ҳәм Қудайдың мийрими Оның үстинде еди.
41 Ийсаның ата-анасы ҳәр жылы Қутқарылыў байрамында Ерусалимге баратуғын еди.
42 Ийса он еки жасқа толғанда, олар әдеттегидей Ерусалимге байрамлаўға келди.
43 Байрам күнлери тамам болғаннан соң, олар үйине қарай жолға шықты, ал жас өспирим Ийса Ерусалимде қалып қойған еди. Бирақ буны ата-анасы билмеди.
44 Олар Ийсаны басқалар менен киятыр деп ойлап, бир күнлик жолды басып өткеннен соң, Оны ағайинлери менен танысларының арасынан изледи.
45 Таппағаннан кейин, Оны излеп Ерусалимге қайтып барды.
46 Үш күннен соң, олар Ийсаны Ибадатханадан тапты. Ол диний муғаллимлердиң ортасында олардың сөзлерин тыңлап, сораўлар берип отырған еди.
47 Тыңлап отырғанлардың ҳәммеси Оның ақылына ҳәм берген жуўапларына ҳайран қалысты.
48 Ата-анасы Ийсаны көрип, аң-таң болды ҳәм анасы Оған: – Балам, Сен неге бизлерге бундай иследиң? Әкең менен екеўимиз қатты қайғырып, Сени изледик, – деди.
49 Ийса оларға: – Мени излеўдиң неге кереги бар еди? Әкемниң үйинде болыўым керек екенин билмедиңиз бе? – деди.
50 Бирақ олар Ийсаның айтқан сөзлерин түсинбеди.
51 Ийса олар менен бирге Насыра қаласына қайтып келип, олардың тилин алып жүрди. Ал Оның анасы болған ўақыялардың ҳәммесин кеўлинде сақлады.
52 Ийсаның жасы да, ақыл-даналығы да өсип, Қудайдың ҳәм адамлардың сүйиспеншилигине бөленип барды.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16