Лука 19 bob

Салықшы Зақайдың қутқарылыўы (1-10), Он мина ҳаққында тымсал (11-27), Ийсаның Ерусалимге салтанатлы түрде кириўи (28-44), Ийсаның Ибадатханадан сатыўшыларды қуўыўы (45-48).

1 Ийса Ерихо қаласына кирип, оның ишинен өтти.
2 Сол жерде Зақай атлы бир адам бар еди. Өзи салықшылардың баслығы болып, бай адам еди.
3 Ол Ийсаның қандай екенлигин көриўге умтылатуғын еди. Бирақ адамлар көп болғанлықтан, көре алмады. Өйткени оның бойы пәс еди.
4 Ийсаны көриў ушын ол алға қарай жуўырып, жабайы әнжир терегине шығып алды. Себеби Ийса усы жерден өтиўи керек еди.
5 Ийса сол жерге келгенде жоқарыға қарап, оған: – Зақай, тезирек төмен түс! Бүгин сениң үйиңде қалыўым керек, – деди.
6 Ол тезлик пенен төмен түсип, Ийсаны қуўаныш пенен қабыл алды.
7 Буны көргенлердиң ҳәммеси: – Ол гүнакар адамның үйине қонаққа барды, – деп наразылық билдире баслады.
8 Бирақ Зақай орнынан турып, Ийемизге: – Ийем, мал-мүлкимниң ярымын жарлыларға беремен. Егер кимниң ҳақын жеген болсам, төрт есе артығы менен қайтарып беремен, – деди.
9 Сонда Ийса: – Бүгин бул үйге қутқарылыў келди. Өйткени бул адам да Ибрайымның урпағы-ғо.
10 Себеби Адам Улы адасқанларды таўып, қутқарыў ушын келди, – деди.
11 Буларды тыңлап отырғанларға Ийса тымсал менен сөзин даўам етти. Өйткени Ол Ерусалимге жақынласып қалғанлықтан, олар: «Қудай Патшалығы жақын арада келеди», – деп ойлаған еди.
12 Сонлықтан Ийса былай деди: – Бир ақсүйек адам өзине патшалық бийлигин алып қайтыў ушын, узақ елге кетпекши болыпты.
13 Ол өзиниң он хызметшисин шақырып алып: «Мен қайтып келемен дегенше, бул ақшаны айланысқа жибериңлер», – деп, оларға он мина берипти.
14 Бирақ оған қараслы пуқаралар оны жек көретуғын еди. Сонлықтан оның изинен ўәкиллерин жиберип: «Оның бизлердиң үстимизден патша болыўын қәлемеймиз», – деп айтып қалыпты.
15 Бирақ ол патша болып қайтып келгенде, өзи берген ақшалар менен ким қанша арттырғанын билиў ушын хызметшилерин өзине шақыртыпты.
16 Бириншиси келип: «Хожайын! Сениң бир минаң және он мина арттырды», – депти.
17 Хожайыны оған: «Бәрекелла, жақсы хызметшим! Кишкене исте исенимли болғаның ушын, сен он қала үстинен басқарыўға бийлик аласаң», – депти.
18 Екиншиси келип: «Хожайын, сениң бир минаң және бес мина арттырды», – депти.
19 Хожайыны оған да: «Сен бес қаланың үстинен басқарыўшы боласаң», – депти.
20 Соңынан басқасы да келип: «Хожайын! Мине, сениң минаң. Мен оны бет орамалға түйип сақладым.
21 Мен сеннен қорқтым. Себеби сен қоймаған жериңнен алып, екпеген жериңнен оратуғын қатал адамсаң», – депти.
22 Хожайыны оған: «Ҳәй, жаман хызметши! Сени өз аўзыңнан шыққан сөзлериң менен айыплайман. Мениң қоймаған жерден алатуғын, екпеген жерден оратуғын қатал адам екенимди биледи екенсең,
23 неге енди ақшамды айланысқа берип жибермедиң? Сонда мен қайтып келгенимде, оны пайдасы менен қайтарып алар едим-ғо», – депти.
24 Соң қасында турғанларға қарап: «Оннан минаны алың да, он минасы барға бериңлер», – депти.
25 «Хожайын, оның он минасы бар-ғо», – десипти олар.
26 Сизлерге айтатуғыным: кимде бар болса, оған және де мол етип бериледи, ал кимде жоқ болса, оның бары да тартып алынады.
27 Енди үстилеринен патша болыўымды қәлемеген душпанларымды бул жерге алып келиң де, көзимниң алдында өлтириңлер, – депти патша.
28 Усыларды айтып болғаннан кейин Ийса жол баслап, Ерусалимге қарай жүрди.
29 Ол Зәйтүн деп аталатуғын таўдың етегиндеги Бетфаге ҳәм Бетания деген аўылларға келгенде еки шәкиртин жумсап,
30 оларға былай деди: – Қарсы алдыңыздағы аўылға барыңлар. Оған киргениңизде, еле ҳеш ким минбеген, байлап қойылған гүррени табасызлар. Оны шешип, алып келиңлер.
31 Егер биреў: «Оны неге шешип атырсызлар?» – деп сораса, «Ол Ийемизге керек», – деп айтыңлар.
32 Жиберилгенлер барып, Ийсаның өзлерине айтқанларын анық тапты.
33 Олар гүррени шешип атырғанда, оның ийелери: – Гүррени неге шешип атырсызлар? – деп сорады.
34 Олар: – Ол Ийемизге керек, – деп жуўап берди.
35 Олар гүррени Ийсаға алып келди. Оның үстине өзлериниң шапанларын салып, оған Ийсаны миндирди.
36 Ийса баратырғанда, адамлар жолға шапанларын төседи.
37 Ийса Зәйтүн таўынан төмен түсетуғын жерге жақынлағанда, Оның барлық шәкиртлериниң топары өзлери көрген барлық кәраматлары ушын қуўанышлы түрде бәлент даўыс пенен Қудайға мақтаўлар айта баслады:
38 «Ийемиздиң атынан келиўши Патша жарылқанған! Аспанда тынышлық, ең жоқарыдағы Қудайға алғыс болсын!»
39 Халық арасында турған гейбир парисейлер Ийсаға: – Устаз, шәкиртлериңе тыйым сал, – деди.
40 Ийса оларға: – Сизлерге айтатуғыным: егер олар үндемей қалса, таслар бақырады, – деди.
41 Ийса Ерусалимге жақынлағанда оны көрип жылап жиберди де:
42 – Оҳ, ҳеш болмаса усы күниңде тынышлығыңа нелер керек екенин билсең еди! Бирақ бул ҳәзир сениң көзлериңнен жасырылған.
43 Душпанларың бекинислер жасап, сени қоршап, жәнжақтан қысатуғын күнлер басыңа түседи.
44 лар сени ҳәм сениң ишиңдеги балаларыңды жер менен жексен қылады. Сенде тас үстинде тас қалдырмайды. Өйткени сен Қудайдың саған келген ўақтын билмедиң, – деди.
45 Соңынан Ийса Ибадатханаға кирип, ол жерден сатыўшыларды қуўып шығара баслады.
46 Оларға: – «Мениң үйим дуўа ететуғын үй болады», – деп Мухаддес Жазыўда айтылған, ал сизлер оны қарақшылардың уясына айландырдыңлар! – деди.
47 Ийса ҳәр күни Ибадатханада тәлим беретуғын еди. Бас руўханийлер, диний муғаллимлер ҳәм халық басшылары Оны жоқ қылыўдың жолын изледи.
48 Бирақ буның илажын таба алмады, себеби пүткил халық Ийсаның сөзлерин жан-тәни менен тыңлайтуғын еди.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16