Лука 18 bob

Жесир ҳаял ҳәм қазы ҳаққында тымсал (1-8), Парисей ҳәм салықшы ҳаққында тымсал (9-14), Ийса ҳәм кишкене балалар (15-17), Байлық ҳәм мәңгилик өмир (18-30), Ийсаның Өз өлими ҳәм қайта тирилиўи ҳаққында үшинши рет билдириўи (31-34), Ийсаның бир соқыр адамға шыпа бериўи (35-43).

1 Ийса шәкиртлерине бәрқулла дуўа етип, үмит үзбеў кереклигин билдириў ушын бир тымсал айтып берди.
2 Ол былай деди: – Бир қалада Қудайдан да қорқпайтуғын, адамлардан да уялмайтуғын бир қазы болыпты.
3 Сол қалада бир жесир ҳаял да турады екен. Ҳаял оған қайта-қайта келип: «Мениң ҳуқықымды даўласымнан қорғаң», – деп өтине береди екен.
4 Бирақ қазы көп ўақытқа дейин буны ислегиси келмепти. Соңынан өз өзине: «Мен Қудайдан да қорқпайман, адамлардан да уялмайман.
5 Бирақ, мына жесир ҳаял маған тынышлық бермей атырғаны ушын оның ҳуқықын қорғай қояйын. Болмаса, ол қайта-қайта келип, мениң мазамды алар», – депти.
6 Ийемиз Ийса сөзин даўам етип былай деди: – Әдилсиз қазының сөзлерине қулақ салыңлар.
7 Қудай Өзине күни-түни жалбарынып атырған, Өзи таңлап алған адамлардың ҳуқықын қорғамай ма? Оларды көп күттирип қоя ма?
8 Сизлерге айтатуғыным: көп кешикпей олардың ҳуқықын қорғайды. Бирақ Адам Улы келгенде, жер жүзинде исеним табар ма екен?
9 Өзлериниң ҳақлығына исенип, басқаларды кемситетуғын айырым адамларға Ийса мына тымсалды да айтып берди:
10 – Еки адам дуўа етиў ушын Ибадатханаға кирипти. Олардың биреўи парисей, екиншиси салықшы екен.
11 Парисей турып алып мынадай деп дуўа етипти: «О, Қудайым! Мен басқа адамлардай тонаўшы, наҳақ, неке ҳадаллығын бузыўшы ямаса, ҳәтте, мына салықшы сыяқлы болмағаным ушын, Саған шүкирлик етемен.
12 Ҳәптесине еки мәрте ораза тутаман. Барлық тапқан табысымның оннан бирин беремен».
13 Ал салықшы алыста турып, көзин аспанға көтериўге де батылы бармай, қатты өкинип: «О, Қудайым! Мендей гүнакарға реҳим ет!» – депти.
14 Сизлерге айтатуғыным: парисей емес, ал усы адам ақланып үйине қайтыпты. Себеби өзин жоқары тутқан ҳәр бир адам пәслетиледи, ал өзин пәс тутқан адам жоқары болады.
15 Қолын тийгизсин деп, адамлар Ийсаға бөбеклерин алып келди. Шәкиртлери буны көрип, оларға кейиди.
16 Бирақ Ийса оларды қасына шақырып алып, шәкиртлерине: – Балалардың Маған келиўине рухсат бериңлер, оларға тосқынлық жасамаңлар. Өйткени Қудай Патшалығы усындайлардики.
17 Сизлерге шынын айтаман: ким де ким Қудай Патшалығын кишкене бала сыяқлы қабыл етпесе, ол оған кире алмайды, – деди.
18 Бир басшы Ийсадан: – Ийгиликли Устаз! Мәңгилик өмирди алыўым ушын не ислеўим керек? – деп сорады.
19 Ийса оған: – Сен неге Мени ийгиликли деп атап атырсаң? Жалғыз Қудайдан басқа ҳеш ким ийгиликли емес.
20 Оның буйрықларын билесең-ғо: «Неке ҳадаллығын бузба, адам өлтирме, урлық ислеме, жалған гүўалық берме, ата-анаңды ҳүрметле», – деди.
21 Бирақ ол: – Булардың ҳәммесин мен бала ўақтымнан бери орынлап киятырман, – деди.
22 Буны еситкен Ийса оған: – Саған және бир нәрсе жетиспейди. Барлық мал-мүлкиңди сатып, ақшасын жарлыларға үлестирип бер. Сонда сениң ғәзийнең аспанда болады. Соңынан келип, Мениң изиме ер, – деди.
23 Басшы буны еситип, қатты қапа болды. Себеби ол жүдә бай еди.
24 Ийса оның қапа болғанын көрип: – Байлығы барлардың Қудай Патшалығына кириўи қандай қыйын!
25 Бай адамның Қудай Патшалығына кириўинен гөре, түйеге ийнениң көзинен өтиў аңсатырақ, – деди.
26 Буны еситкенлер: – Олай болса, ким қутқарыла алады? – деп сорады.
27 – Адамлардың қолынан келмеген нәрсе Қудайдың қолынан келеди, – деди Ийса.
28 Сонда Петр: – Минекей, бизлер ҳәмме нәрсемизди таслап, Сениң изиңе ердик, – деди.
29 Ийса шәкиртлерине: – Сизлерге шынын айтаман: Қудай Патшалығы ушын я үйин, я ҳаялын, я туўысқанларын, я ата-анасын, я балаларын қалдырып кеткен ҳәр бир адам
30 бул дүньяда неше есе артығы менен алады ҳәм келешекте мәңгилик өмирге ийе болады, – деди.
31 Ийса он еки шәкиртин қасына шақырып алып, оларға былай деди: – Минекей, бизлер енди Ерусалимге қарай көтерилип баратырмыз. Сол жерде пайғамбарлардың Адам Улы туўралы жазғанларының ҳәммеси орынланады.
32 Ол басқа миллет адамларына услап бериледи. Олар Оның үстинен күледи, масқаралайды, бетине түкиреди
33 ҳәм қамшылап сабап, өлтиреди. Ал Ол үшинши күни қайта тириледи.
34 Бирақ шәкиртлери бул сөзлерден ҳеш нәрсе түсинбеди. Бул сөзлер оларға жасырын болып, айтылғанлардың мәнисин аңламады.
35 Ийса Ерихо қаласына жақынлағанда, жолдың шетинде тиленшилик етип, бир соқыр адам отыр еди.
36 Қасынан адамлардың өтип баратырғанын еситкен ол: – Не болып атыр? – деп сорады.
37 – Насыралы Ийса өтип баратыр, – дести адамлар оған.
38 Сонда ол: – Даўыттың Урпағы Ийса! Маған реҳим ете гөр! – деп бақырып жиберди.
39 Алдында кетип баратырғанлар үнин шығармаўды айтып, оған кейиди. Бирақ ол оннан да бетер қатты бақырып: – Даўыттың Урпағы! Маған реҳим ете гөр! – деди.
40 Сонда Ийса тоқтап, соқыр адамды қасына алып келиўди буйырды. Соқыр адам жақынлағанда, Ийса оннан:
41 – Сен ушын не ислеўимди қәлейсең? – деп сорады. – Ийем, көзлерим көретуғын болсын, – деди ол.
42 Ийса оған: – Көзлериң көретуғын болсын, исенимиң сени қутқарды, – деди.
43 Сол ўақытта-ақ соқыр адамның көзлери көре баслады ҳәм Қудайды алғыслап, Ийсаның изине ерди. Буны көрген пүткил халық та Қудайды мақтады.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16