Лука 17 bob

Кеширим, исеним ҳәм хызмет ҳаққында (1-10), Мақаў кесел болған он адамның шыпа табыўы (11-19), Қудай Патшалығының келиўи (20-37).

1 Ийса Өз шәкиртлерине және былай деди: – Адамларды гүнаға азғырыўшы нәрселердиң болыўы сөзсиз. Бирақ олар ким арқалы келсе, сол адам ҳәсирет шегеди!
2 Ол адамның мына кишкенелердиң биреўин азғырғанынан гөре, мойнына дигирман тасы байланып, теңизге тасланғаны оған жақсырақ болар еди.
3 Абайлы болыңлар! Егер туўысқаның саған қарсы гүна ислесе, оған ескертиў жаса. Егер гүнасын мойынласа, оны кешир.
4 Егер ол саған қарсы бир күнниң ишинде жети рет гүна ислесе, жети рет те саған келип: «Гүнамды мойынлайман» десе, оны кешир.
5 Сонда елшилер Ийемиз Ийсаға: – Исенимимизди арттыр, – деди.
6 Ийемиз былай деди: – Егер исенимиңиз қышқыл туқымдай ғана болса да, бул тут ағашына: «Тамырың менен қопарылып, теңизге отырғызыл», – десеңлер, ол сөзиңизди тыңлайды.
7 Араңызда қайсы бириңиздиң жер айдап ямаса мал бағып жүрген хызметшиси даладан қайтқанда, оған: «Тез келип, дастурханға отыр», – дейди?
8 Керисинше, оған: «Мениң кешки аўқатымды таярла, белиңди буўып, ишип-жеп болғанымша, маған хызмет ет. Соңынан өзиң ишип жейсең», – деп айтпай ма?
9 Буйырғанын орынлағаны ушын хызметшисине миннетдаршылық билдирер ме екен?
10 Сол сыяқлы сизлер де өзлериңизге буйырылғанның ҳәммесин орынлағаннан соң: «Бизлер арзымайтуғын қуллармыз, тек ўазыйпамызды ғана орынладық», – деңлер.
11 Ийса Ерусалимге баратырып, Самария ҳәм Галила үлкелери арасындағы шегара жерлер арқалы жүрди.
12 Ол бир аўылға кирип киятырғанда мақаў кесел болған он адам гезлести. Олар узақта турып,
13 қатты даўыслап: – Устазымыз Ийса, бизлерге реҳим ет! – деди.
14 Ийса оларды көрип: – Барып, өзлериңизди руўханийлерге көрсетиңлер, – деди. Олар кетип баратырғанда мақаў кеселден жазылып кетти.
15 Олардың ишиндеги биреўи өзиниң шыпа тапқанын көрип, бәлент даўыс пенен Қудайды алғыслап, қайтып келди де,
16 Ийсаның аяғына жығылып, Оған миннетдаршылық билдирди. Бул адам самариялы еди.
17 Сонда Ийса: – Шыпа тапқан он адам емес пе еди? Қалған тоғызы қаяқта?
18 Қудайға алғыс айтыў ушын, мына шет еллиден басқа ҳеш ким қайтып келмеди ме? – деди.
19 Соң оған: – Орныңнан тур да, кете бер, исенимиң сени қутқарды, – деди.
20 Парисейлер Қудай Патшалығының қашан келетуғынын сорағанда, Ийса оларға былай деп жуўап берди: – Қудай Патшалығы көзге көринип келмейди.
21 «Мине, бул жерде» ямаса «Әне, ана жерде» деп те айтпайды. Себеби Қудай Патшалығы сизлердиң ишиңизде, – деди.
22 Соң Ийса шәкиртлерине былай деди: – Адам Улының күнлериниң бирин болса да көриўди аңсайтуғын ўақытларыңыз келеди. Бирақ, көре алмайсызлар.
23 Сизлерге: «Әне, Ол ана жерде» ямаса «Мине, Ол бул жерде» десе, бармаңлар, олардың излерине ермеңлер.
24 Өйткени шақмақ шағып, аспанды бир шетинен екинши шетине дейин жарқыратып жибергендей, Адам Улы да Өз күнинде солай пайда болады.
25 Бирақ дәслеп Ол көп азап шегип, бул әўлад тәрепинен қабылланбаўы тийис.
26 Нухтың заманында қалай болған болса, Адам Улының күнлеринде де солай болады.
27 Нух кемеге минген күнге дейин адамлар ишип жеди, үйленди, турмысқа шықты. Соңынан суў тасқыны басып, ҳәммени набыт қылды.
28 Луттың заманында да сондай болды: адамлар ишип жеди, саўда-сатық иследи, егин екти, жай салды.
29 Бирақ, Лут Содом қаласынан шыққан күни аспаннан от ҳәм күкирт жаўып, ҳәммени набыт қылды.
30 Адам Улы пайда болатуғын күни де тап сондай болады.
31 Сол күни тамның төбесинде болған адамның затлары үйинде қалса, оларды алайын деп төменге түспесин. Ким де ким атызда болса, үйине қайтпасын.
32 Луттың ҳаялын еске түсириңлер!
33 Ким де ким өз жанын сақламақшы болса, ол оны набыт қылады, ал ким де ким өз жанын набыт қылса, ол оны сақлайды.
34 Сизлерге айтатуғыным: сол түни бир төсекте жатырған еки адамның биреўи алынады, екиншиси қалдырылады.
35 Бирге дигирман тартқан еки ҳаялдың биреўи алынады, екиншиси қалдырылады. [ 36 ]
36 Сонда шәкиртлери Ийсадан: – Ийем, бул ўақыялар қай жерде болады, – деп сорады. Ийса оларға: – Өлик қай жерде болса, қузғынлар да сол жерге жыйналады, – деди.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16