Лука 15 bob

Жойтылған қой ҳаққында тымсал (1-7), Жойтылған гүмис теңге ҳаққында тымсал (8-10), Жойтылған ул ҳаққында тымсал (11-32).

1 Ийсаны тыңлаў ушын көп салықшылар менен гүнакарлар Оның қасына жақынлап келген еди.
2 Парисейлер менен диний муғаллимлер буны көрип: – Ол гүнакарларды қабыл етип, олар менен бирге аўқат жейди, – деп наразылық билдирди.
3 Сонда Ийса оларға мына тымсалды айтып берди:
4 – Айтайық, араңыздағы бириңиздиң жүз қойы болып, биреўин жойтып алса, ол тоқсан тоғызын шөл далада қалдырып, жойтылған бир қойын таппағанша излеп жүрмес пе едиТаўып алғаннан соң қуўанып кетип, оны ийнине көтерип алады да,?
5 Таўып алғаннан соң қуўанып кетип, оны ийнине көтерип алады да,
6 үйине келип, дослары менен қоңсыларын шақырып, оларға: «Мениң менен бирге қуўаныңлар, жойтылған қойымды таўып алдым», – дейди.
7 Сизлерге айтатуғыным: сол сыяқлы, тәўбе етиўге ҳәжети жоқ тоқсан тоғыз ҳақ адамнан гөре, тәўбе еткен бир гүнакарға аспанда көбирек қуўанады.
8 – Айтайық, бир ҳаялдың он гүмис теңгеси болып, биреўин жойтып алса, ол шыра жағып, үйди сыпырып, таппағанша муқыятлап излемес пе еди?
9 Таўып алғаннан соң, қурдаслары менен қоңсыларын шақырып: «Мениң менен бирге қуўаныңлар, жойтылған теңгемди таўып алдым», – дейди.
10 Сизлерге айтатуғыным: Қудайдың периштелери де тәўбе еткен бир гүнакар ушын усылай қуўанады.
11 Ийса және былай деди: – Бир адамның еки улы бар екен.
12 Олардың генжетайы әкесине: – Әке, мал-мүлкиңниң маған тийисли бөлегин бер, – депти. Сонда әкеси мал-мүлкин еки улына бөлип берипти.
13 Бир неше күн өткеннен соң, киши ул бары-жоғын жыйнап алып, узақ елге кетип қалыпты. Ол жерде бузық жолға түсип, мал-мүлкин жөнсиз сарп етипти.
14 Жигит ҳәммесин сарп етип болғаннан соң, сол елде аўыр ашаршылық болып, ол жоқшылыққа ушырапты.
15 Ол барып, сол елдиң бир турғынына жалланыпты. Ал ол адам жигитти даласындағы шошқаларды бағыўға жиберипти.
16 Жигит шошқалар жейтуғын жем менен қарнын тойдырыўға да зар болыпты. Бирақ оған ҳеш ким ҳеш нәрсе бермепти.
17 Оның ақылы енип: – Әкемниң қаншама жалланған жумысшылары нанға тойып жүр, ал мен бул жерде аштан өлейин деп атырман.
18 Турып әкеме барайын, оған: «Әке, мен Қудайға ҳәм саған қарсы гүна иследим.
19 Енди сениң балаң деп аталыўға ылайықлы емеспен. Мени жалланған жумысшыларыңның қатарына қабыл ет», – деп айтайын, – депти.
20 Солай етип, жигит әкесине қарай жолға шығыпты. Ол еле узақта киятырғанда, әкеси улын көрип, баўыры елжиреп кетипти. Жуўырып барып, улын қушақлап сүйе баслапты.
21 Улы оған: – Әке, мен Қудайға ҳәм саған қарсы гүна иследим. Енди сениң улың деп аталыўға ылайықлы емеспен, – депти.
22 Бирақ әкеси хызметшилерине: – Тез болыңлар, ең жақсы кийим әкелип, оған кийгизиңлер. Қолына жүзик тағып, аяғына аяқ кийим бериңлер.
23 Бағып семиртилген баспақты әкелип сойыңлар, ишип-жеп, кеўил көтерейик.
24 Себеби мениң бул улым өлген еди – тирилди, жойтылған еди – табылды, – депти. Солай етип, олар тойлай баслапты.
25 Сол ўақытта үлкен улы атызда еди. Қайтып киятырып үйине жақынлағанда, нама ҳәм ойын-күлки сеслерин еситипти.
26 Хызметшилериниң биреўин шақырып алып: – Бул не? – деп сорапты.
27 Хызметши оған: – Иниңиз қайтып келди, әкеңиз оның аман-саў қайтып келгени ушын семиртилген баспақты сойды, – деп жуўап берипти.
28 Үлкен улы ашыўланып, үйге киргиси келмепти. Сонда әкеси сыртқа шығып, оннан ишке кириўди өтинипти.
29 Бирақ ол әкесине былай депти: – Мине, мен саған неше жылдан бери хызмет етип киятырман, ҳеш қашан сениң буйрығыңа қарсы шыққан емеспен. Бирақ досларым менен ўақты хошлық етиўим ушын, сен маған бир ылақ та берген жоқсаң.
30 Ал енди болса, мал-мүлкиңди бузық ҳаялларға сарп етип келген мына улыңа семиртилген баспақты сойыпсаң.
31 Әкеси оған: – Улым! Сен ҳәмме ўақыт мениң менен биргесең. Мениң барлық мал-мүлким сеники-ғо.
32 Бирақ бүгин қуўанып, кеўил көтериўимиз керек. Өйткени сениң бул иниң өлген еди – тирилди, жойтылған еди – табылды, – депти.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16