Лука 14 bob

Дем алыс күнинде шыпа бериў (1-6), Өзиңди жоқары тутпа! (7-14), Тойға мирәт етилгенлер ҳаққында тымсал (15-24), Ийсаға шәкирт болыўдың шәрти (25-35).

1 Бир дем алыс күни Ийса парисейлердиң бир басшысының үйине аўқатқа келгенде, ҳәмме Оны бақлап отырды.
2 Сонда сарсық кеселден азап шеккен бир адам Ийсаның алдына келди.
3 Ийса диний муғаллимлер менен парисейлерден: – Дем алыс күни аўырыў адамға шыпа бериў нызамға туўры келе ме ямаса туўры келмей ме? – деп сорады.
4 Олар үндемеди. Сонда Ийса сол адамға қолын тийгизип шыпа берди де, қайтарып жиберди.
5 Соңынан оларға былай деди: – Араңыздағы бириңиздиң баласы ямаса өгизи қудыққа түсип кетсе, дем алыс күни болыўына қарамастан, оны дәрриў шығарып алмай ма?
6 Олар Ийсаның бул гәпине жуўап бере алмады.
7 Қонақлардың өзлерине төрдеги орынларды таңлап атырғанын көрген Ийса оларға мынадай бир тымсал айтты:
8 – Сени биреў неке тойына шақырғанда, төрдеги орынға отырма. Шақырылғанлар арасында сеннен де сыйлырақ биреў болыўы мүмкин.
9 Олай етпесең, екеўиңизди де шақырған адам саған келип: «Мына адамға орныңды бер» десе, сен уялып, есик беттеги орынға отырыўға мәжбүр боласаң.
10 Сонлықтан қонаққа шақырылғаныңда, барып есик беттеги орынға отыр. Сонда сени қонаққа шақырған адам жаныңа келип: «Достым, төрге шығып отыр», – дейди. Солай етсең, өзиң менен отырған ҳәр бир адамның алдында абырайға ийе боласаң.
11 Себеби ким де ким өзин жоқары тутса, ол пәслетиледи, ал ким де ким өзин пәс тутса, ол жоқары болады.
12 Соңынан Ийса Өзин шақырған үй ийесине: – Түски ямаса кешки зыяпат бергениңде досларыңды, туўысқанларыңды, ағайинлериңди, я бай қоңсыларыңды шақырма. Өйткени олай етсең, олар да сени қонаққа шақырып, саған қайтарады.
13 Керисинше, зыяпат бергениңде жарлы, майып, ақсақ ҳәм соқырларды шақыр.
14 Солай етсең, сен бахытлы боласаң. Себеби олар саған қайтара алмайды. Бирақ ҳақ адамлар қайта тирилгенде, Қудай саған қайтарады, – деди.
15 Ийса менен дастурхан әтирапында отырғанлардың бири бул сөзлерди еситип, Оған: – Қудай Патшалығында дуз татқан адам бахытлы, – деди.
16 Ийса оған былай деди: – Бир адам үлкен зыяпат берип, көп қонақ шақырыпты.
17 Аўқатланатуғын ўақыт болғанда: «Келиңлер, ҳәммеси таяр болды», – деп айтыў ушын, мирәт етилгенлерге өз хызметшисин жиберипти.
18 Бирақ ҳәммеси ойласып қойғандай, сылтаў таба баслапты. Бириншиси оған: «Мен жер сатып алдым, соны барып көриўим керек, өтинемен, мени кешир», – депти.
19 Ал екиншиси: «Мен бес жуп өгиз сатып алдым, соларды сынап көриўге баратырман. Өтинемен, мени кешир», – депти.
20 Үшиншиси де: «Мен тап жаңа үйлендим, сонлықтан келе алмайман», – депти.
21 Хызметши қайтып келип, булардың ҳәммесин хожайынына айтып берипти. Үй ийеси ашыўланып, хызметшисине: «Тез бар да, қаланың үлкен-киши көшелерин аралап, жарлы, майып, соқыр ҳәм ақсақ адамларды бул жерге алып кел», – деп буйырыпты.
22 Соңынан хызметши: «Хожайын, буйырғанларыңызды орынладым, бирақ және де бос орын бар», – депти.
23 Хожайын хызметшисине: «Жолларға ҳәм аўыл соқпақларына барып, адамларды бул жерге келиўге көндир. Сонда үйим адамларға толы болады.
24 Өйткени сизлерге айтатуғыным: мирәт етилгенлердиң ҳеш қайсысы да мениң зыяпатымнан дуз татпайды», – депти.
25 Ийса менен бирге көп халық жүрген еди. Ийса оларға бурылып былай деди:
26 – Ким де ким Маған келип, ата-анасын, ҳаялын, балаларын, ағаинисин, апа-қарындасларын, ҳәтте, өз өмирин де жек көрмесе, ол Мениң шәкиртим бола алмайды.
27 Ким де ким өз атанақ ағашын арқалап, Мениң изимнен жүрмесе, ол Мениң шәкиртим бола алмайды.
28 Араңыздағы бириңиз минара қурмақшы болса, оны питкериў ушын ғәрежет жете ме деп, алдын ала отырып, есаплап шықпай ма?
29 Олай етпесе, тийкарын салып болып, қурып питкере алмай қалса, буны көргенлер оның үстинен күлип:
30 «Мына адам қурыўды баслап, питкере алмады», – дейди.
31 Қайсы бир патша басқа патшаға қарсы урысқа шығажақ болса, өзимниң он мың әскерим менен, киятырған қарсыласымның жигирма мың әскерине қарсы тура аламан ба деп, алдын ала отырып ойланып алмай ма?
32 Күши жетпейтуғын болса, сол патша еле узақта болғанда оған елши жиберип, тынышлық питимин жасаўды сорайды.
33 Солай етип, сизлердиң ҳәр бириңиз өзине тийисли ҳәмме заттан ўаз кешпесе, Мениң шәкиртим бола алмайды.
34 Дуз – жақсы нәрсе. Бирақ дуз өз күшин жойтса, оны қалай және шорлы қылыўға болады?
35 Ол жерге де, қый болыўға да жарамағанлықтан, сыртқа ылақтырып тасланады. Қулағы бар жақсылап еситип алсын!



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16