Лука 13 bob

Тәўбе етиў ҳаққында (1-9), Ийсаның бүкир ҳаялға шыпа бериўи (10-17), Қышқыл туқым ҳәм ашытқы туўралы тымсал (18-21), Тар қапыдан кириңлер! (22-30), Ийсаның Ерусалим туўралы қайғырыўы (31-35).

1 Сол ўақытта гейбиреўлер Ийсаға келип, Пилаттың галилалыларды өлтирткени ҳәм олардың қанын өзлери сойған қурбанлықлары менен араластырып таслағаны ҳаққында айтып берди.
2 Ийса оларға: – Сизлер: «Усындай апатқа ушырағаны ушын, бул галилалылар басқа барлық галилалылардан гүналырақ», – деп ойлайсызлар ма?
3 Яқ, деймен сизлерге. Егер тәўбе етпесеңлер, ҳәммеңиз де усылай набыт боласызлар.
4 Үстилерине Силоҳа минарасы қулап өлген он сегиз адам Ерусалимде жасаўшы адамлардың ҳәммесинен айыплырақ еди, деп ойлайсызлар ма?
5 Яқ, деймен сизлерге. Егер тәўбе етпесеңлер, ҳәммеңиз де усылай набыт боласызлар, – деди.
6 Соңынан Ийса мынадай тымсал айтып берди: – Бир адамның жүзим бағында егилген әнжир ағашы болыпты. Адам оннан мийўе алыў ушын келипти, бирақ таба алмапты.
7 Сонда ол бағманға: «Мине, мен үш жылдан бери бул әнжир ағашынан мийўе алыў ушын келемен, бирақ таба алмайман. Оны шаўып тасла! Неге ол босқа орын ийелеп тур?» – депти.
8 Бирақ бағман оған жуўап берип: «Хожайын, оны быйыл да қалдырың. Мен оның әтирапын қазып, қый төгейин.
9 Мүмкин, ендиги жылы мийўе берип қалар. Егер бермесе, шаўып тасларсыз, – депти.
10 Бир дем алыс күни Ийса мәжилисханалардың биринде тәлим берип отырған еди.
11 Сол жерде он сегиз жылдан бери аўырыў руўхынан қыйналған бир ҳаял бар еди. Ол еки бүкленип қалған болып, бойын ҳеш тик услай алмас еди.
12 Ийса оны көрип, жанына шақырып алды да, оған: – Ҳаял, сен дәртиңнен азат боласаң, – деп,
13 оның үстине қолларын қойғанда, ҳаял сол ўақытта-ақ бойын тиклеп, Қудайға алғыслар айта баслады.
14 Сонда мәжилисхана басшысы Ийсаның дем алыс күни шыпа бергенине ашыўы келип, халыққа: – Жумыс ислеў ушын алты күн бар. Шыпа алыўға дем алыс күни емес, ал сол күнлери келиңлер, – деди.
15 Ийемиз Ийса оған былай деп жуўап берди: – Ҳәй, еки жүзлилер! Дем алыс күни ҳәр бириңиз өгизиңизди ямаса ешегиңизди қорадан шешип алып, суўғарыўға апармайсыз ба?
16 Он сегиз жылдан бери шайтан байлап қойған Ибрайымның мына қызын дем алыс күни бул байлаўдан азат қылыў керек емес пе еди?
17 Ийса усы сөзлерди айтқанда, Оған қарсылық көрсеткенлердиң ҳәммеси уялып қалды. Ал пүткил халық Оның барлық уллы ислерине қуўанды.
18 Соңынан Ийса: – Қудай Патшалығы неге уқсайды? Оны неге мегзетейин?
19 Ол – бир адамның алып, өз бағына еккен қышқыл туқымына уқсайды. Ол өсип, терек болады ҳәм шақаларына аспан қуслары ушып келип, уя салады, – деди.
20 Ийса және былай деди: – Қудай Патшалығын неге уқсатайын?
21 Ол – бир ҳаялдың алып, барлық қамыр ашығанша, үш самар унға араластырған ашытқысына уқсайды.
22 Ерусалимге қарай жол алған Ийса қала ҳәм аўылларды аралап, тәлим берип жүрди.
23 Бир адам Ийсадан: – Ийем, тек аз ғана адам қутқарыла ма? – деп сорады.
24 Сонда Ийса халыққа былай деди: – Тар қапыдан кириўге бар күшиңизди салыңлар! Себеби сизлерге айтатуғыным: көплер кириўге тырысады, бирақ кире алмайды.
25 Үйдиң Ийеси турып қапыны жаўып таслағанда, сизлер сыртта турып, қапыны қаға баслап: «Ийем! Ийем! Бизлерге қапыны аш!» – дейсизлер. Бирақ Ол сизлерге: «Мен сизлерди танымайман ҳәм қаяқтан келгениңизди билмеймен», – деп жуўап береди.
26 Сонда сизлер: «Бизлер Сениң көз алдыңда ишип жедик. Сен бизлердиң көшелеримизде тәлим беретуғын едиң-ғо», – деп айтасызлар.
27 Бирақ Ол: «Сизлерге айтатуғыным: Мен сизлерди танымайман ҳәм қаяқтан келгениңизди билмеймен. Ҳәй, жаманлық қылыўшылардың ҳәммеси Меннен аўлақ кетиңлер!» – дейди.
28 Сизлер Ибрайымды, Ысақты, Яқыпты ҳәм барлық пайғамбарларды Қудай Патшалығында, ал өзлериңиздиң сыртқа қуўып шығарылғаныңызды көргениңизде жылап, пушайман жейсизлер.
29 Шығыстан ҳәм батыстан, арқадан ҳәм қубладан адамлар келип, Қудай Патшалығында дастурхан әтирапына отырады.
30 Мине, сонда соңғылардың гейбиреўлери бириншилер, ал бириншилердиң гейбиреўлери соңғылар болады.
31 Сол ўақытта бир неше парисейлер келип, Ийсаға: – Бул жерден кет, Ҳирод Сени өлтирмекши, – деди.
32 Ийса оларға былай деди: – Барып, сол түлкиге айтыңлар: Мен бүгин ҳәм ертең жинлерди қуўып шығарып, аўырыўларға шыпа беремен, ал үшинши күни исимди жуўмақлайман.
33 Солай болса да, Мен бүгин, ертең ҳәм арғы күни Өз жолым менен жүриўим керек. Өйткени ҳеш бир пайғамбарға Ерусалимнен басқа жерде өлиўге болмайды.
34 Оҳ, Ерусалим, Ерусалим! Пайғамбарларды өлтириўши, Қудайдың саған жибергенлерин тас пенен урыўшы қала! Өз шөжелерин қанатының астына алған мәкийен сыяқлы, Мен де сениң балаларыңды неше рет жыйнамақшы болдым, бирақ сизлер қәлемедиңлер.
35 Мине, үйиңизди Қудай таслап кетип, ол қаңырап қалады. Сизлерге айтатуғыным: «Ийемиздиң атынан Келиўши жарылқанған!» – деп айтқанларыңызға дейин Мени көрмейсизлер.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16