Лука 12 bob

Кимнен қорқыў керек? (1-12), Ақылсыз бай ҳаққында тымсал (13-21), Тәшиўишленбеңлер! (22-34), Ийсаның қайта келиўине таяр болыў (35-48), Масих ушын болатуғын айырылысыўлар (49-59).

1 Соның арасында көп мыңлаған адамлар жыйналып, бирбирине тығылысып турды. Ийса алды менен Өз шәкиртлерине сөз баслап, былай деди: – Парисейлердиң ашытқысынан, яғный еки жүзлиликтен сақ болыңлар!
2 Ашылмайтуғын ҳеш қандай сыр, билинбейтуғын ҳеш қандай жасырын нәрсе жоқ.
3 Сонлықтан қараңғыда айтқаныңыз жақтыда еситиледи, бекитиўли қапы артында қулаққа сыбырлап айтқаныңыз тамлардың төбесинен жәрияланады.
4 Мениң сизлерге, досларыма айтатуғыным: денени өлтирсе де, буннан соң басқа ҳеш нәрсе ислей алмайтуғынлардан қорқпаңлар!
5 Бирақ кимнен қорқыўыңыз керек екенин айтайын: өлтиргеннен кейин, дозаққа таслаўға қүдирети күшли Қудайдан қорқыңлар. Аўа, сизлерге айтатуғыным: Оннан қорқыңлар.
6 Бес шымшық еки тийинға сатылмай ма? Солай болса да, олардың ҳеш бирин де Қудай умытпайды.
7 Басларыңыздағы шашлардың бәри де Қудайға санаўлы. Сонлықтан қорқпаңлар: көп шымшықлардан сизлер қымбатлырақсызлар-ғо.
8 Сизлерге айтатуғыным: ким де ким Мени адамлар алдында тән алса, Адам Улы да оны Қудайдың периштелериниң алдында тән алады.
9 Ал ким де ким Мени адамлар алдында тән алмаса, оның өзи де Қудайдың периштелериниң алдында тән алынбайды.
10 Адам Улына қарсы бир сөз айтқан ҳәр бир адам кешириледи, бирақ Мухаддес Руўхқа тил тийгизген адам кеширилмейди.
11 Сизлерди мәжилисханаларға, басшыларға ҳәм ҳәкимлерге апарғанда, қалай жуўап бериўди ямаса не айтыўды қайғырмаңлар.
12 Себеби не айтыў керек екенин сизлерге сол ўақытта-ақ Мухаддес Руўх үйретеди.
13 Халық арасынан биреў Ийсаға: – Устаз, әжағама айт, мийрасты мениң менен бөлиссин, – деди.
14 Ийса оған: – Ким Мени сизлерге қазы ямаса мийрасларды бөлиўши етип қойды? – деди.
15 Соңынан халыққа: – Абайлаңлар, дүньяхорлықтан сақ болыңлар! Өйткени адамның өмири оның мал-мүлкиниң көплигине байланыслы емес, – деп,
16 оларға мынадай тымсал келтирди: – Бир бай адамның егислик жери мол зүрәәт берипти.
17 Ол өз-өзине: «Не ислесем екен? Өнимлеримди жыйнап қоятуғын жерим жоқ», – деп пикир жүргизипти.
18 Соңынан: – Былай ислеймен: ғәллеханаларымды бузып, оларды үлкейтип саламан ҳәм сол жерге барлық ғәллем менен мал-мүлкимди жыйнап қояман.
19 Соңынан өз жаныма былай деймен: «Жаным, көп жылға жететуғын мол дүньяң бар. Енди дем ал, ишип-жеп, кеўлиңди хошла», – депти.
20 Бирақ Қудай оған: – Ҳәй, ақмақ, бүгин түнде сениң жаның алынады. Сонда сениң жыйнап-тергенлериң кимге қалады? – депти.
21 Өзи ушын байлық жыйнап, Қудай алдында сықмар болған адамның аўҳалы усындай болады.
22 Ийса шәкиртлерине былай деди: – Сонлықтан сизлерге айтатуғыным: не жеймиз деп, жаныңыз ушын, не кийемиз деп, денеңиз ушын тәшиўишленбеңлер!
23 Жан аўқаттан, дене кийимнен артық-ғо.
24 Ғарғаларға қараңлар: олар екпейди де, ормайды да. Олардың я дән сақлағышлары, я ғәллеханалары жоқ. Бирақ, Қудай оларды асырайды. Ал сизлер қуслардан қаншелли қымбатлысызлар!
25 Тәшиўишлениў себепли, ким сизлердиң араңызда өз өмирин бир саатқа болса да узайта алады?
26 Егер усындай кишкене нәрсе қолыңыздан келмесе, басқа нәрселер ҳаққында тәшиўишлениўдиң неге кереги бар?
27 Лилия гүллериниң қалай өсип турғанына қараңлар! Олар мийнет те етпейди, жип те ийирмейди. Бирақ сизлерге айтатуғыным: Сулайман да өзиниң сән-салтанатында усылардың биреўиндей сәнли кийинбеген еди.
28 Егер бүгин далада өсип турғаны менен, ертең ошаққа тасланатуғын шөпти Қудай усылай кийиндирсе, сизлерди олардан да артық кийиндирмес пе еди, ҳәй, исеними азлар!
29 Сонлықтан да, не ишип, не жейтуғыныңызды излеп, тәшиўишленбеңлер.
30 Себеби усылардың бәрин бул дүньяның бутқа табыныўшылары излеп жүреди. Сизлердиң усыларға мүтәж екениңизди Әкеңиз биледи.
31 Оның орнына, Қудай Патшалығын излеп жүриңлер, сонда булар сизлерге қосымша етип бериледи.
32 Ҳәй, кишкене пада, қорқпа! Әкеңиз сизлерге Патшалықты бериўди мақул тапты.
33 Мал-мүлкиңизди сатып, қайыр-садақа бериңлер. Өзлериңизге тозбайтуғын қалта ислеп, аспанда таўсылмайтуғын ғәзийне жыйнаңлар. Ол жерге уры да жақынламайды, күйе де түсип жемейди.
34 Өйткени байлықларыңыз қай жерде болса, кеўиллериңиз де сол жерде болады.
35 – Беллериңиз буўыўлы болып, шыраларыңыз жанып турсын!
36 Хожайыны неке тойдан қайтып келип, есикти қаққанда, оған дәрриў ашыў ушын күтип турған хызметшилердей болыңлар.
37 Хожайыны келгенде олардың сергек болып турғанын көрсе, сол хызметшилер қандай бахытлы! Сизлерге шынын айтаман: ол белин буўып, хызметшилерин отырғызып, өзи оларға хызмет етеди.
38 Егер хожайыны түн ортасында ямаса таң атқанда келип, хызметшилериниң ояў турғанын көрсе, онда сол хызметшилер қандай бахытлы!
39 Мынаны билип қойыңлар: егер үй ийеси урының қашан келетуғынын билсе, ол үйине урының бузып кириўине жол қоймас еди.
40 Сизлер де таяр болып турыўыңыз шәрт! Себеби Адам Улы сизлер ойламағанда келеди.
41 Сонда Петр: – Ийем, Сен бул тымсалды тек бизлерге айтып атырсаң ба ямаса ҳәммеге ме? – деди.
42 Ийемиз былай деди: – Ийеси үй-ишимдегилерге тийисли аўқатын ўақтында берсин деп, олардың үстинен тайынлаған исенимли ҳәм ақыллы үй басқарыўшы ким?
43 Ийеси келгенде оның солай ислеп атырғанын көрсе, сол хызметши қандай бахытлы!
44 Сизлерге шынын айтып турман: ийеси оны өзиниң пүткил мал-мүлкин басқарыўшы етип тайынлайды.
45 Егер сол хызметши ишинен: «Ийем тез келе қоймас» деп, малайлар ҳәм шорыларды сабап, ишип-жеп, мәс бола басласа,
46 онда сол хызметшиниң ийеси күтпеген күни ҳәм ойламаған ўақытта келип, оны аяўсыз жазалап, исенбейтуғынлардың аўҳалына салады.
47 Ийесиниң еркин билсе де таяр турмаған, оның ерки бойынша ис тутпаған хызметши көп таяқ жейди.
48 Ал оның еркин билмеген ҳәм жазаға турарлы ис ислеген хызметши аз таяқ жейди. Кимге көп берилген болса, оннан көп талап етиледи. Кимге көп исенип тапсырылса, оннан көбирек соралады.
49 – Мен дүнья жүзине от салыўға келдим. Оның ҳәзир-ақ жалынлап кетиўин қаншелли қәлер едим!
50 Мен жүдә аўыр азапҳәсиретти басымнан кешириўим тийис. Бул орынланғанша, қаншелли қыйналаман!
51 Мени жер жүзине татыўлық әкелген, деп ойлап атырсыз ба? Яқ, деймен сизлерге: алаўызлық әкелгенмен.
52 Өйткени буннан былай, бир үйде бес адам болса, олар өз ара бөлинеди. Үшеўи екеўине қарсы, екеўи үшеўине қарсы болады.
53 Әкеси баласына, баласы әкесине қарсы, анасы қызына, қызы анасына қарсы, қәйин енеси келинине, келини қәйин енесине қарсы болып бөлинеди.
54 Соңынан Ийса халыққа да былай деди: – Сизлер батыстан бир булттың көтерилгенин көргениңизде, дәрриў: «Жаўын жаўады» дейсизлер ҳәм сондай болады да.
55 Қубла самалы ескенде: «Күн ыссы болады» дейсизлер ҳәм сондай болады да.
56 Ҳәй, еки жүзлилер! Жер ҳәм аспанның түсин анықлай алсаңлар да, неге ҳәзирги ўақыттың райын анықлай алмайсызлар?
57 Нениң дурыс екенин неге өзлериңиз шеше алмайсызлар?
58 Сен өз даўласың менен бирге басшының алдына баратырғаныңда, жолда оның менен жарасыўға тырыс. Олай етпесең, ол сени қазының алдына апарады, қазы сени хызметкерге тапсырады, ал хызметкер сени қамап таслайды.
59 Саған айтатуғыным: соңғы тийиниңди төлеп таўыспағаныңша, ол жерден ҳеш шыға алмайсаң.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16