Лука 11 bob

Дуўа етиў ҳаққында (1-13), Ийса ҳәм Белзебүл (14-28), Кәраматлы белги ҳаққында (29-32), Жақтылық ҳәм көз ҳаққында (33-36), Ийса диндарлар ҳаққында (37-54).

1 Күнлердиң биринде Ийса бир жерде дуўа етип турған еди. Дуўа етип болғаннан соң, шәкиртлериниң бири Оған: – Ийем! Яқыя өз шәкиртлерине дуўа етиўди үйреткениндей, Сен де бизлерге дуўа етиўди үйрет, – деди.
2 Ийса оларға былай деди: – Дуўа еткениңизде былай деңлер: Әке! Сениң атың мухаддес бола берсин. Сениң Патшалығың келсин.
3 Бизлерге ҳәр күни күнделикли нанымызды бере гөр.
4 Гүналарымызды кешире гөр. Өйткени бизлер де өзлеримизге гүна қылған ҳәр бир адамды кеширемиз. Бизлердиң азғырылыўымызға жол қойма.
5 Ийса оларға және былай деди: – Айтайық, араңыздағы бириңиздиң достысы бар. Ол ярым ақшамда достысына барып: «Достым! Маған қарызға үш нан берип тур.
6 Себеби сапарда жүрген бир достым келип еди, оның алдына қоятуғын ҳеш нәрсем жоқ», – депти.
7 Сонда достысы иштен: «Мениң тынышымды алма. Есигим беклеўли. Балаларым да мениң менен бирге төсекте жатыр. Орнымнан турып, саған ҳеш нәрсе бере алмайман», – деп жуўап берипти.
8 Бирақ сизлерге айтатуғыным: орнынан турып, досты болғаны ушын сорағанын бермесе де, изинен қалмай сорағаны себепли ол орнынан турып, қанша сораса, сонша береди.
9 Сонлықтан сизлерге айтатуғыным: сораңлар, сизлерге бериледи. Излеңлер, табасызлар. Есикти қағыңлар, ол сизлерге ашылады.
10 Өйткени сораған ҳәр бир адам алады, излеген табады, есик қаққанға ашылады.
11 Араңызда қайсы әке баласы балық сораса, оған балық орнына жылан береди?
12 Мәйек сораса, оған шаян береди?
13 Солай етип, өзлериңиз жаман бола тура, өз балаларыңызға жақсы сыйлар бериўди билсеңиз, аспандағы Әке де Өзинен сорағанларға Мухаддес Руўхты бериўи сөзсиз.
14 Бир күни Ийса бир адамнан гүңелек жинди қуўып шығарды. Жин шыққаннан соң, гүңелек адам сөйлей баслағанда, халық ҳайран қалды.
15 Бирақ олардың гейбиреўлери: «Ол жинлерди жинлердиң баслығы Белзебүл-шайтанның күши менен қуўып шығарып жүр», – дести.
16 Ал басқалары Ийсаны сынап көрмекши болып, аспаннан кәраматлы белги көрсетиўин талап етти.
17 Бирақ Ийса олардың ойларын билип, былай деди: – Өз ара қарсы болып бөлинген ҳәр бир патшалық жоқ болады. Өз ара қарсы болып бөлинген ҳәр бир үй қулайды.
18 Егер шайтан өз ара қарсы болып бөлинсе, оның патшалығы қалай сақланады? Сизлер Мени: «Жинлерди Белзебүл-шайтанның күши менен қуўып шығарып жүр», – дейсизлер.
19 Егер Мен жинлерди Белзебүл-шайтанның күши менен қуўып шығаратуғын болсам, онда сизлердиң шәкиртлериңиз оларды кимниң күши менен қуўып шығарып жүр? Солай етип, олар сизлердиң надурыс екениңизди әшкаралайды.
20 Бирақ, егер Мен жинлерди Қудайдың күши менен қуўып шығарып атырған болсам, онда сизлерге Қудай Патшалығының жетип келгени.
21 Тистырнағына дейин қуралланған бир күшли адам өз үйин қорғаса, оның мал-мүлки аман болады.
22 Ал оннан да күшлирек биреў оған ҳүжим жасап, оны жеңсе, оның исенген барлық қуралларын тартып алып, олжасын бөлистиреди.
23 Ким де ким Мениң менен бирге болмаса, ол Маған қарсы. Ким де ким Мениң менен бирге жыйнамаса, ол шашады.
24 Жаўыз руўх адамнан шыққаннан кейин суўсыз жерлерди гезип, дем алыўға орын излейди. Таба алмағаннан соң, ол: «Шыққан үйиме қайтайын», – дейди.
25 Қайтып келгенде, үйдиң тазаланып ҳәм жыйналып турғанын көреди.
26 Сонда ол барып, өзинен де жаўыз жети руўхты ертип келеди де, кирип сол үйде турады. Солай етип, сол адамның соңғы аўҳалы бурынғыдан да жаман болады.
27 Ийса усыларды айтып турғанда халық ишинен бир ҳаял даўыслап, Оған: – Сени көтерген қурсақ ҳәм Сени емизген көкиреклер қандай бахытлы! – деди.
28 Бирақ Ийса оған: – Қудайдың сөзин тыңлап, оны орынлаўшылар оннан да бахытлы! – деди.
29 Халық жыйналып, көбейип атырғанда, Ийса оларға былай деп айта баслады: – Бул әўлад – жаман әўлад! Ол кәраматлы белги талап етпекте. Бирақ оған Юнустың кәраматлы белгисинен басқасы көрсетилмейди.
30 Юнус Ниневия турғынлары ушын қандай белги болса, Адам Улы да бул әўлад ушын сондай белги болады.
31 Қубладағы ҳаял патша ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде усы әўладтың адамлары пенен бирге турып, оны айыплайды. Себеби ол Сулайманның даналығын еситиў ушын, жер бетиниң арғы шетинен келген-ғо. Бирақ бул жерде Сулайманнан да уллы Биреў бар.
32 Ниневия турғынлары ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде усы әўлад пенен бирге турып, оны айыплайды. Өйткени Юнус жәриялағанда, олар тәўбе еткен-ғо. Бирақ бул жерде Юнустан да уллы Биреў бар.
33 – Ҳеш ким де шыраны жағып, оны жасырын жерге ямаса ыдыстың астында қоймайды. Керисинше, киргенлер жақтыны көрсин деп, оны шыра қойғышқа қояды.
34 Көзиң – денеңниң шырағы. Егер көзиң саў болса, пүткил денең де жарық болады. Егер көзиң саў болмаса, денең де пүткиллей қараңғы болады.
35 Сонлықтан да, абайла, ишиңдеги жарық қараңғы болмасын!
36 Егер пүткил денең жарық болып, ҳеш бир қараңғы жери болмаса, шыра сени өз нуры менен жақты қылғаны сыяқлы, денең пүткиллей жарық болады.
37 Ийса усы сөзлерди айтып турғанда, бир парисей Оны үйине аўқатланыўға шақырды. Ийса оның үйине кирип, аўқатланыўға отырды.
38 Ийсаның аўқаттан бурын қол жуўмағанын көрип, парисей таң қалды.
39 Сонда Ийемиз оған: – Ҳәй парисейлер, сизлер табақ-кесениң сыртын тазалайсызлар, бирақ өз ишиңиз нәпсиқаўлық ҳәм жаўызлыққа толы.
40 Ҳәй, ақылсызлар, сыртын жаратқан ишин де жаратқан емес пе?
41 Жақсысы, ишиңиздегиден қайыр-садақа бериңлер, сонда сизлер ушын ҳәмме нәрсе таза болады.
42 Ҳәсирет шегесизлер, парисейлер! Сизлер жалбыз, ийисли шөп ҳәм ҳәр түрли палыз өнимлериниң оннан бирин бересизлер, бирақ әдилликке ҳәм Қудайдың сүйиспеншилигине бийпәрўа қарайсызлар. Буны да ислеп, оны да қалдырмаўыңыз керек еди-ғо.
43 Ҳәсирет шегесизлер, парисейлер! Сизлер мәжилисханаларда төрде отырыўды, базарда өзлериңизге сәлем берилиўин жақсы көресизлер.
44 Сизлер ҳәсирет шегесизлер! Себеби сизлер адамлар билмей үстилеринен басып өтетуғын белгисиз қәбирлерге уқсайсызлар, – деди.
45 Сонда нызам муғаллимлериниң бири Ийсаға: – Устаз! Сен бул сөзлерди айтып, бизлерди де қапа қылып атырсаң, – деди.
46 Бирақ Ийса: – Сизлер де ҳәсирет шегесизлер, нызам муғаллимлери! Өйткени сизлер көтерип жүриўге қыйын жүклерди адамларға артып, өзлериңиз оларды көтерисиўге бармағыңызды да қозғамайсызлар.
47 Сизлер ҳәсирет шегесизлер! Себеби сизлер ата-бабаларыңыз өлтирген пайғамбарларға мазарлар орнатасызлар.
48 Солай етип, сизлер ата-бабаларыңыздың ислерин мақуллап, оларды дәлиллейсизлер. Олар пайғамбарларды өлтирген еди, ал сизлер оларға мазарлар орнатасызлар+.
49 Сонлықтан да, Қудайдың даналығы былай деген: «Мен оларға пайғамбарлар менен елшилерди жиберемен. Олар гейбиреўлерин өлтирип, гейбиреўлерин қуўғын қылады».
50 Сол себептен Абылдың қанынан баслап, қурбанлық шалынатуғын орын менен Ибадатхана арасында өлтирилген Зекерияның қанына дейин, дүнья жаратылғаннан бери төгилген барлық пайғамбарлардың қаны усы әўладтан талап етиледи.
51 Аўа, сизлерге айтатуғыным: усы әўладтан талап етиледи!
52 Ҳәсирет шегесизлер, нызам муғаллимлери! Өйткени сизлер қутқарылыў ҳаққында билим қапысының гилтин тартып алдыңлар: бул қапыдан өзлериңиз де кирмедиңлер, кирмекши болғанларға да тосқынлық жасадыңлар, – деди.
53 Ийса сол жерден кетип баратырғанда, ашыўланған диний муғаллимлер менен парисейлер Оны қысқыға алып, көп сораўларға жуўап бериўге мәжбүрледи.
54 Олар Ийсаны сөзинен тутып айыплаў ушын, Оны аңлыды.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16