Лука 10 bob

Ийсаның жетпис еки шәкиртин жибериўи (1-12), Тәўбе етпеген қалалар ҳәсирет шегеди! (13-16), Жетпис еки шәкирттиң қайтып келиўи (17-24), Мийримли самариялы ҳаққында тымсал (25-37), Мәриям ҳәм Марта (38-42).

1 Буннан кейин, Ийемиз Ийса басқа жетпис еки шәкиртин таңлап алып, Өзи барғысы келип жүрген ҳәр бир қала ҳәм орынларға оларды екеў-екеўден Өзинен бурын жиберип атырып
2 былай деди: – Орылатуғын егин көп, бирақ жумысшылар аз. Сонлықтан зүрәәттиң ийеси болған Ийемизден Өзиниң атызына егинди оратуғын жумысшылар жибериўин дуўа етип сораңлар.
3 Барыңлар! Мине, Мен сизлерди қозыларды қасқырлардың арасына жибергендей, жиберип атырман.
4 Шыжлан да, дорба да, аяқ кийим де алмаңлар, жолда ҳеш кимге сәлем де бермеңлер.
5 Қайсы үйге кирсеңлер де, дәслеп: «Бул үйде аманлық болсын!» – деп сәлем бериңлер.
6 Егер сол үйде аманлықты сүйиўши адам болса, сизлер тилеген аманлық сол адамда қалады, ал егер болмаса, өзлериңизге қайтады.
7 Сол үйде қалып, бергенин ишип жеңлер. Өйткени мийнет еткен адам өз мийнет ҳақысына ылайықлы. Үйден-үйге көшип жүрмеңлер.
8 Егер қандай да бир қалаға келгениңизде сизлерди қабыл етсе, бергенин жеңлер.
9 Сол жердеги аўырыў адамларға шыпа берип, оларға: «Сизлерге Қудай Патшалығы жақынлады», – деңлер.
10 Бирақ қандай да бир қалаға келгениңизде сизлерди қабыл етпесе, көшеге шығып:
11 «Қалаңыздан аяқларымызға жуққан шаңды да сизлерге ескертиў ретинде қағып таслаймыз. Бирақ билип қойыңлар, Қудай Патшалығы жақынлады», – деп айтыңлар.
12 Сизлерге айтатуғыным: ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күни Содом қаласының аўҳалы сол қаланың аўҳалынан жеңилирек болады.
13 – Ҳәсирет шегесең, Хоразин! Ҳәсирет шегесең, Бетсайда! Егер сизлерде исленген кәраматлар Тир ҳәм Сидон қалаларында исленгенинде, олар әлле қашан бетин тырнап, шашын жулып қайғырып, тәўбе етер еди.
14 Бирақ ҳүким шығарылатуғын қыяметқайым күнинде Тир менен Сидонның аўҳалы сизлердиң аўҳалыңыздан жеңилирек болады.
15 Ҳәй сен, Капарнаҳум, аспанға көтерилесең бе? Яқ, дозаққа қулатыласаң.
16 Ийса шәкиртлерине және былай деди: – Ким де ким сизлерди тыңласа, оның Мени тыңлағаны болады. Ким де ким сизлерди қабыл алмаса, оның Мени қабыл алмағаны болады. Ал ким де ким Мени қабыл алса, оның Мени Жибергенди қабыл алғаны болады.
17 Ийсаның жетпис еки шәкирти қуўаныш пенен қайтып келип: – Ийем! Сениң атыңды тилге алсақ, жинлер де бизлерге бойсынады, – деди.
18 Ийса оларға: – Шайтанның жылдырым сыяқлы аспаннан түскенин көрдим.
19 Минекей, Мен сизлерге жыланлар менен шаянларды аяқ асты қылып, душпанның пүткил күш-қүдиретин жеңиўге бийлик бердим. Сизлерге ҳеш нәрсе зыянын тийгизе алмайды.
20 Бирақ жаўыз руўхлардың сизлерге бойсынғанына емес, ал атларыңыздың аспанда жазылғанына қуўаныңлар, – деди.
21 Сонда Ийса Мухаддес Руўхтан шадланып былай деди: – О, Әке, аспан ҳәм жердиң Ийеси! Буларды даналардан ҳәм ақыллылардан жасырып, нәрестедей адамларға ашып билдиргениң ушын, Сени мақтайман! Аўа, Әке! Себеби Сениң қәлеўиң усындай еди.
22 Маған ҳәммеси Әкемнен берилген. Улдың ким екенин Әкеден басқа ҳеш ким билмейди. Әкениң ким екенин де тек ғана Улы ҳәм Улы таңлап ашып билдиргиси келгенлер ғана биледи.
23 Соңынан Ийса бурылып, шәкиртлерине аўлақта былай деди: – Сизлердиң көрип атырғаныңызды көрип турған көзлер бахытлы!
24 Мениң сизлерге айтатуғыным: қаншама пайғамбарлар менен патшалар сизлердиң көргенлериңизди көргиси келген еди, бирақ көрмеди. Еситкенлериңизди еситкиси келген еди, бирақ еситпеди.
25 Сонда бир нызам муғаллими орнынан турып, Ийсаны сынап көриў ушын, Оннан: – Устаз, мәңгилик өмирди алыўым ушын не қылыўым керек? – деп сорады.
26 Ийса оған: – Мухаддес Нызамда не деп жазылған? Сен оны қалай түсинесең? – деди.
27 Ол жуўап берип: – «Ийең болған Қудайыңды пүткил жүрегиң, пүткил жаның, пүткил күшиң ҳәм пүткил ақыл-ойың менен сүй». Және де: «Өзиңди сүйгениң сыяқлы, жақыныңды да сүй», – делинген, – деди.
28 Ийса оған: – Дурыс жуўап бердиң, усылай исле, сонда жасайсаң, – деди.
29 Бирақ ол өзин ақлағысы келип, Ийсадан: – Мениң жақыным ким? – деп сорады.
30 Ийса оған былай деп жуўап қайтарды: – Бир адам Ерусалимнен Ерихоға киятырып, қарақшылардың қолына түсип қалыпты. Қарақшылар оның кийимлерин шешип алып, оны сабап, өлимши етип таслап кетипти.
31 Сонда бир руўханий сол жол менен жүрип, оны көрип, басқа жаққа бурылып кетипти.
32 Бир лебийли де сол жерге келип, оны көрип, басқа жаққа бурылып кетипти.
33 Бирақ сол жерден өтип баратырған самариялы бир адам ол жатырған жерге келип, оны көргенде жаны ашыпты ҳәм
34 жанына барып, жарақатларын май ҳәм шарап пенен жуўып таңыпты. Оны ешегине мингизип, мийманханаға алып келип, оған ғамхорлық көрсетипти.
35 Ертеңине еки динар шығарып, мийманхана ийесине берипти де: «Оған жақсылап қара. Егер буннан артық ғәрежет шығарсаң, қайтып келгенимнен соң төлеймен», – депти.
36 Енди усы үшеўиниң ишинде қайсысы қарақшылардың қолына түскен адамның жақыны болады, деп ойлайсаң?
37 Нызам муғаллими: – Оған мийримлилик көрсеткени, – деди. Ийса оған: – Бар, сен де усылай исле, – деди.
38 Олар жол жүрип киятырғанда, Ийса бир аўылға кирди. Бул жерде Марта атлы бир ҳаял Оны үйине қабыл етти.
39 Мартаның Мәриям деген сиңлиси бар еди. Ол Ийсаның аяқ бетинде отырып, Оның сөзлерин тыңлады.
40 Ал Марта қонақ күтиў менен бәнт болды. Ол Ийсаға келип: – Ийем, сиңлимниң ҳәмме исти мениң бир өзиме қалдырғанына қарамайсаң ба? Оған айт, маған жәрдемлессин, – деди.
41 Бирақ Ийса оған жуўап берип: – Марта, Марта, сен көп нәрселерди уўайымлап, тәшиўишленесең.
42 Тек бир нәрсе ғана зәрүр-ғо. Мәриям дурыс жолды таңлады, бул оннан тартып алынбайды, – деди.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16