Марк 12 bob
1 Ийса оларға тымсаллар менен сөйлей баслады: – Бир адам жүзим бағын отырғызып, оны дийўал менен қоршапты ҳәм жүзимниң суўын сығыўға арналған шуқыр қазып, гүзет минарасын орнатыпты. Соңынан бағын дийханларға ижараға берип, өзи узақ жерге кетип қалыпты.
2 Терим мәўсими келгенде, ол бағдың жемисинен тийисли үлесин алыў ушын, дийханларға өзиниң бир хызметшисин жиберипти.
3 Бирақ олар хызметшини услап алып сабап, қуры қол қайтарыпты.
4 Ол және оларға басқа хызметшисин жибергенде, оның басын жарып, бийабырай қылыпты.
5 Сонда ол және басқа бир хызметшисин жибергенде, олар оны өлтирипти. Ол және де көп басқа хызметшилерин жибергенде, гейбиреўлерин сабап, гейбиреўлерин өлтирипти.
6 Енди бир ғана адам, оның сүйикли улы қалыпты. Ең ақырында ол: «Улымды ҳүрмет етер» деп, оларға өз улын жиберипти.
7 Бирақ дийханлар бир-бирине: «Бул – мийрасхор-ғо. Жүриңлер, оны өлтирейик, сонда мийрас мүлки бизлерге қалады», – десипти.
8 Солай етип, оны услап алып өлтирип, жүзим бағынан сыртқа шығарып таслапты.
9 Енди жүзим бағының ийеси не ислейди? Ол келип, дийханларды жоқ қылады да, жүзим бағын басқаларға береди.
10 Сизлер мына Мухаддес Жазыўды оқымағансызлар ма: «Қурылысшылардың керексиз деп таслаған тасы, Үйдиң мүйешиниң тийкарғы тасы болды.
11 Ийемиз қылған бул ис, Көзимизге әжайып көринди!»
12 Олар бул тымсалдың өзлерине қарсы айтылғанын билип, Ийсаны қолға алыўға тырысты. Бирақ халықтан қорққанлықтан Оны қалдырып, кетип қалды.
13 Соңынан олар Ийсаны сөзинен тутыў ушын, парисейлердиң ҳәм Ҳиродтың адамларының гейбиреўлерин Оған жиберди.
14 Олар Ийсаға келип: – Устаз! Бизлер Сениң дурыс адам екениңди ҳәм жағымпазлық етпейтуғыныңды билемиз. Өйткени Сен адамлардың бет-жүзине қарамай, Қудайдың жолын дурыс үйретип отырсаң. Рим патшасыҚайсарға салық төлеў дурыс па ямаса надурыс па? Төлеўимиз керек пе ямаса керек емес пе? – деп сорады.
15 Бирақ Ийса олардың еки жүзлилигин билип: – Мени неге сынап атырсызлар? Маған бир динар әкелиңлер, көрейин, – деди.
16 Олар алып келгенде, Ол: – Бунда кимниң сүўрети бар ҳәм кимниң аты жазылған? – деп сорады. Олар: – Рим патшасы-Қайсардың, – деди.
17 Сонда Ийса оларға жуўап берип: – Қайсардың ҳақын Қайсарға, Қудайдың ҳақын Қудайға бериңлер, – деди. Олар Оған таң қалысты.
18 Соңынан қайта тирилиў жоқ деўши саддукейлердиң бир нешеси Ийсаға келип:
19 – Устаз! Муўса бизлерге: «Егер биреўдиң ағасы баласыз өлип, ҳаялын қалдырса, иниси оның ҳаялын алып, өз ағасының урпағын даўам еттирсин», – деп жазып қалдырған.
20 Ағайинли жети жигит бар еди. Олардың бириншиси үйленип, изинде бала қалдырмай өлип кетти.
21 Сол ҳаялды екиншиси алып, ол да изинде бала қалдырмай өлип кетти. Үшиншисине де солай болды.
22 Жети ағайинлиниң ҳеш қайсысы да изинде бала қалдырмастан өлип кетти. Ең соңында ҳаялдың өзи де қайтыс болды.
23 Олар қайта тирилгенде, ҳаял қайсысының ҳаялы болады? Себеби ол жетеўине де ҳаял болған-ғо, – деп сорады.
24 Ийса оларға жуўап берип: – Сизлер Мухаддес Жазыўларды да, Қудайдың қүдиретин де билмегенликтен алжасып турсызлар.
25 Өйткени адамлар өлимнен қайта тирилгенде үйленбейди де, турмысқа да шықпайды, ал аспандағы периштелер сыяқлы болады.
26 Өлгенлердиң қайта тирилиўи туўралы Муўсаның китабында, жанып турған пута ҳаққында аятта, Қудайдың не айтқанын оқымағансызлар ма? Қудай Муўсаға: «Мен – Ибрайымның Қудайыман, Ысақтың Қудайыман, Яқыптың Қудайыман», – деген-ғо.
27 Қудай өлилердиң емес, ал тирилердиң Қудайы. Сизлер қатты алжасып турсызлар, – деди.
28 Диний муғаллимлердиң бири олардың тартысларын еситти. Ийсаның оларға жақсы жуўап бергенин көрип, Оннан: – Буйрықлардың ишинде ең баслысы қайсы? – деп сорады.
29 Ийса оған: – Ең баслы буйрық бул: «Тыңла, Израил! Қудайымыз болған Ийемиз – жалғыз Ийемиз.
30 Ийең болған Қудайыңды пүткил жүрегиң, пүткил жаның, пүткил ақыл-ойың ҳәм пүткил күшиң менен сүй».
31 Екиншиси мынадай: «Өзиңди сүйгениң сыяқлы, жаныңдағы адамды да сүй». Булардан уллы буйрық жоқ, – деди.
32 Диний муғаллим Оған: – Аўа, Устаз! «Қудай – жалғыз, Оннан басқа қудай жоқ», – деп дурыс айттың.
33 Қудайды пүткил кеўлиң, пүткил ақылың, пүткил күшиң менен сүйиў ҳәм өзиңди сүйгениң сыяқлы, жаныңдағы адамды да сүйиў – жағылған ҳәмме қурбанлықлардан ҳәм Қудай жолына берилген садақалардан артық, – деди.
34 Ийса оның ақылға сай жуўап бергенин көрип: – Сен Қудай Патшалығынан алыс емессең, – деди. Соннан соң, Оған сораў бериўге ҳеш кимниң батылы бармады.
35 Ийса Ибадатханада адамларға тәлим берип атырып: – Қалайынша диний муғаллимлер Масихты Даўыттың Урпағы дейди?
36 Даўыттың өзи Мухаддес Руўхтан илҳамланып, былай деген-ғо: «Ийем мениң Ийеме айтты: „Душпанларыңды аяғыңның астына бастырмағанымша, Мениң оң жағымда отыр!“»
37 Даўыттың өзи Оны «Ийем» деп атаған болса, Ол қалайынша оның Урпағы болады? – деп сорады. Көп халық Оны қуўаныш пенен тыңлады.
38 Ийса тәлим берип: – Диний муғаллимлерден сақ болыңлар! Олар узын кийим кийип жүриўди, базар майданларында өзлерине сәлем берилиўин,
39 мәжилисханаларда сыйлы орында, зыяпатларда төрде отырыўды жақсы көреди.
40 Олар жесир ҳаяллардың үйлерин жалмап жутып, көзге көриниў ушын узын дуўа етеди. Бундай адамлар ең аўыр жаза алады, – деди.
41 Ийса Ибадатханадағы садақа қутысының қарсысында халықтың қутыға ақша салыўына қарап отырды. Байлардың көбиси көп ақша салды.
42 Сонда бир жарлы жесир ҳаял келип, еки тийин салды.
43 Ийса шәкиртлерин қасына шақырып алып: – Сизлерге шынын айтып турман: бул жарлы жесир ҳаял қутыға ақша салғанлардың ҳәммесинен көп салды.
44 Себеби олардың ҳәммеси өз байлықларынан аўысқанын салды. Ал бул ҳаял жарлы болса да, күн көрисине керекли барлық ақшасын салды, – деди.