Матта 9 bob

Ләң адамның шыпа табыўы (1-8), Маттаның шәкирт болыўы (9-13), Ораза ҳаққында сораў (14-17), Басшының қызы ҳәм ҳаялдың исеними (18-26), Еки соқырдың шыпа табыўы (27-31), Жин урған бир гүңелектиң шыпа табыўы (32-34), Ийсаның адамларға жаны ашыўы (35-38).

1 Соңынан Ийса қайыққа минип, теңиздиң арғы жағасына өтти де, Өз қаласына қайтып келди.
2 Сонда адамлар төсегинде жатырған бир ләң адамды көтерип, Оған алып келди. Ийса олардың исенимин көрип, ләң адамға: – Балам, жигерли бол, гүналарың кеширилди! – деди.
3 Сонда диний муғаллимлердиң гейбиреўлери ишлеринен: «Бул Қудайға тил тийгизип тур-ғо!» – деди.
4 Ийса олардың не ойлағанын билип, оларға: – Ишлериңизден неге жаманлық ойлап турсызлар?
5 Қайсысын айтыў аңсатырақ: «Гүналарың кеширилди», – деў ме ямаса «Орныңнан турып жүре бер», – деў ме?
6 Бирақ, Адам Улының жер бетинде гүналарды кешириўге бийлиги бар екенин билип қойыңлар, – деди де, ләң адамға: – Орныңнан турып төсегиңди ал да, үйиңе бар! – деди.
7 Ләң адам орнынан турып, үйине кетти.
8 Буны көрген адамларды қорқыныш бийлеп, адамларға усындай бийлик берген Қудайды мақтады.
9 Ийса сол жерден кетип баратырып салық кеңсесинде отырған Матта атлы адамды көрди де, оған: – Мениң изиме ер, – деди. Ол орнынан турып, Ийсаның изине ерди.
10 Ийса оның үйинде дастурхан басында отырғанда, көплеген салықшылар менен гүнакарлар келип, Ол ҳәм Оның шәкиртлери менен бирге дастурханлас болды.
11 Парисейлер буны көрип, Оның шәкиртлеринен: – Сизлердиң Устазыңыз неге салықшылар ҳәм гүнакарлар менен бирге ас ишип отыр? – деп сорады.
12 Буны еситкен Ийса оларға: – Шыпакерге дени саўлар емес, ал аўырыўлар мүтәж.
13 Сизлер барып: «Мен қурбанлық емес, ал мийрим-шәпәәт тилеймен», – деген сөзлердиң мәнисин билип алыңлар. Себеби Мен ҳақ адамларды емес, ал гүнакарларды шақырыў ушын келдим, – деди.
14 Сол ўақытта Яқыяның шәкиртлери келип, Ийсадан: – Бизлер де, парисейлер де жийи-жийи ораза тутамыз, ал Сениң шәкиртлериң неге ораза тутпайды? – деп сорады.
15 Ийса оларға: – Тойға келгенлер күйеў олар менен бирге болған ўақытта қайғыра ала ма? Бирақ, олардан күйеўди тартып алып кетилетуғын күнлер келеди, сонда олар ораза тутады.
16 Ҳеш ким ески кийимге жаңа таўардан жамаў жамамайды, өйткени жаңа жамаў ески кийимнен жыртылып қалып, жыртық бурынғысынан бетер болады.
17 Жаңа шарапты да ҳеш ким ески меске қуймайды. Олай етсе, мес жарылып, шарап та ағып кетеди, мес те бузылады. Жаңа шарап жаңа меске қуйылады, сонда екеўи де сақланады, – деди.
18 Ийса оларға усыларды айтып турғанда қасына бир мәжилисхананың басшысы келип, Оның аяғына жығылды да: – Мениң қызым жаңа ғана өлди. Сен келип оған қолыңды тийгиз, сонда ол тириледи, – деди.
19 Ийса орнынан турып, шәкиртлери менен бирге оған ерди.
20 Сонда он еки жыл бойы қан кетип аўырған бир ҳаял Ийсаның артына жақынлап келип, Оның кийиминиң шетине қолын тийгизди.
21 Себеби ҳаял ишинен: «Оның кийимине ғана қолымды тийгизсем, шыпа табаман», – деген еди.
22 Ийса бурылып, оны көрди де: – Қызым, жигерли бол, исенимиң сени қутқарды! – деди. Ҳаял сол ўақытта-ақ шыпа тапты.
23 Ийса басшының үйине келгенде, сыбызғышыларды ҳәм тынышсызланып турған адамларды көрип,
24 оларға: – Шығыңлар! Қыз өлген жоқ, тек уйықлап атыр, – деди. Олар Ийсаның үстинен күлди.
25 Адамлар сыртқа шығарылғаннан кейин, Ийса ишке кирип қыздың қолын услағанда, қыз орнынан турды.
26 Бул ўақыя туўралы хабар пүткил дөгерекке жайылды.
27 Ийса сол жерден кетип баратырғанда Оның изине еки соқыр адам ерип, Оған: – Даўыттың Урпағы! Бизлерге реҳим ете гөр! – деп бақырысты.
28 Ол үйге киргенде, Оның қасына соқырлар да келди. Ийса оларға: – Мениң буны ислей алатуғыныма исенесизлер ме? – деп сорады. Олар: – Аўа, Ийем, исенемиз, – деп жуўап берди.
29 Сонда Ийса олардың көзлерине қолын тийгизип: – Сизлерге исенимиңиз бойынша болсын, – дегенде,
30 олардың көзлери көре баслады. Ийса оларға: – Абайлаң, буны ҳеш ким билмесин! – деп қатаң тапсырды.
31 Бирақ олар сыртқа шығып, Ийса туўралы хабарды пүткил дөгерекке жайды.
32 Олар шығып кетейин деп атырған ўақытта адамлар Ийсаға жин урғаны себепли гүңелек болған бир адамды алып келди.
33 Жин қуўып шығарылғаннан кейин, гүңелек адам сөйлей баслады. Адамлар таң қалысып: – Бундай ўақыя Израилда ҳеш қашан болған емес еди, – дести.
34 Бирақ парисейлер: – Ол жинлерди жинлердиң баслығының күши менен қуўып шығарып жүр, – дести.
35 Соннан соң, Ийса барлық қала ҳәм аўылларды аралап жүрди. Яҳудийлердиң мәжилисханаларында тәлим берди ҳәм Аспан Патшалығы туўралы Хош Хабарды жәриялап, барлық аўырыўларға ҳәм ҳәмме ҳәлсиз адамларға шыпа берди.
36 Ол көп халықты көрип, оларға жаны ашыды, өйткени олар шопансыз қойларға уқсап қыйналған ҳәм пытыраңқы еди.
37 Сонда Ол шәкиртлерине: – Орылатуғын егин көп, бирақ жумысшылар аз.
38 Сонлықтан зүрәәттиң ийеси болған Ийемизден Өзиниң атызына егинди оратуғын жумысшылар жибериўин дуўа етип сораңлар, – деди.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16