Санлар 8 bob

Шыралардың орнатылыўы (1-4). Лебийлилердиң бағышланып, хызметке қойылыўы (5-26).

 
1 Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2 – Харонға айт, ол жети шыраны шыра қойғышқа орнатқанда, шыра қойғыштың алдынғы тәрепине жақтылық түсип туратуғын қылып орнатсын.
3 Харон айтылғандай етип иследи. Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай, шыраларды шыра қойғыштың алдынғы тәрепине жақты түсетуғын қылып орналастырды.
4 Шыра қойғыш Жаратқан Ийениң Муўсаға көрсеткен үлгиси бойынша, ултанынан баслап, гүллерине дейин алтыннан шөккишлеп исленген еди.
5 Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
6 – Лебийлилерди Израил халқының арасынан айырып алып, оларды пәклеў рәсиминен өткиз.
7 Оларды пәклеў ушын былай ислейсең: пәклейтуғын суўды олардың үстине серп. Олар шашлары менен барлық жүнлерин қырып тасласын ҳәм кийимлерин жуўсын. Усылайынша, олар пәк болады.
8 Кейин олар бир буға менен ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы араластырылған сапалы ун алып келсин. Гүна қурбанлығы ушын сен де басқа бир буға алып кел.
9 Лебийлилерди Ушырасыў шатырының алдына алып келип, барлық Израил жәмийетин жыйна.
10 Лебийлилерди Жаратқан Ийениң, яғный Мениң алдыма әкелгениңде, израиллылар олардың үстине қолларын қойсын.
11 Жаратқан Ийеге хызмет етиўи ушын, Харон израиллылардың арасынан лебийлилерди садақа сыпатында Маған бағышласын.
12 Лебийлилер қолларын буғалардың басына қойсын ҳәм олардың гүналары кеширилиўи ушын, буғалардың биреўи гүна қурбанлығы ушын, екиншиси жандырылатуғын қурбанлық ушын Жаратқан Ийеге усынылсын.
13 Лебийлилерди Харон ҳәм оның улларының алдында турғыз. Оларды садақа сыпатында Жаратқан Ийеге, Маған бағышла.
14 Лебийлилерди басқа израиллылардың арасынан усы тәризде бөлип ал. Лебийлилер Маған тийисли болады.
15 Сен лебийлилерди пәклеп, садақа сыпатында бағышлағаннан соң, олар Ушырасыў шатырындағы хызметин баслаўына болады.
16 Израиллылар арасында лебийлилер толығы менен Маған тийисли. Себеби қарыннан биринши шыққан барлық уллардың орнына оларды Өзиме таңлап алдым.
17 Израил халқының арасындағы барлық биринши туўылғанлар адам болсын, ҳайўан болсын – олар Меники. Өйткени Мен Мысырда биринши туўылғанларды жоқ қылған күни, оларды Өзиме айырып алдым.
18 Солай етип, Израил халқында барлық биринши туўылған уллардың орнына лебийлилерди таңладым.
19 Израиллылар Мухаддес орынға жақынласып, бәлеге дуўшар болмаўы ушын, олардың орнына Ушырасыў шатырындағы хызметти ислеп, израиллылардың гүналарын тазалаў ушын, лебийлилерди Харон ҳәм оның улларының қолларына тапсырдым.
20 Муўса, Харон ҳәм пүткил Израил жәмийети Жаратқан Ийениң лебийлилерге байланыслы Муўсаға берген ҳәр бир буйрығын толығы менен орынлады.
21 Лебийлилер өзлерин пәклеп, кийимлерин жуўды. Харон оларды Жаратқан Ийениң алдында арнаўлы түрде бағышлады ҳәм оларды тазалаў ушын, гүналарынан пәкледи.
22 Буннан соң, лебийлилер Харон ҳәм оның улларының қол астында Ушырасыў шатырындағы өзлерине тийисли хызметлерин орынлаўға келди. Солай етип, Жаратқан Ийе лебийлилерге тийисли Муўсаға қандай буйрық берген болса, Израил халқы сол буйрықларды орынлады.
23 Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
24 – Лебийлилерге тийисли қағыйда мынадай: Жигирма бес ҳәм оннан жоқары жастағылар Ушырасыў шатырындағы хызметин басласын.
25 Ал елиў жасқа келгенде, сол хызметинен босап, артық хызметте болмасын.
26 Хызметтен босаған лебийлилер Ушырасыў шатырында хызмет етип атырған туўысқанларына жәрдем бериўине болады, бирақ өзлери артық хызмет ислемесин. Лебийлилердиң ўазыйпаларын усылайынша белгилеп бер.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16