Санлар 33 bob
1 Муўса ҳәм Харонның жетекшилиги астында топ-тобы менен Мысырдан шыққан израиллылар төмендеги жоллар менен жүрип өтти.
2 Муўса Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша көшип-қонып жүрген жолларында қоныс басқан жерлериниң атларын жазып барды. Бул жерлер мыналар еди:
3 Израиллылар Қутқарылыў асынан кейинги күни, биринши айдың он бесинши күни мысырлылардың көз алдында нық қәдем атып, Рамсес қаласынан жолға шықты.
4 Сол ўақытта мысырлылар Жаратқан Ийениң өлтирген туңғыш улларын жерлеп атырған еди. Себеби Жаратқан Ийе олардың қудайларын жазалаған еди.
5 Солай етип, израиллылар Рамсестен жолға шығып кеткеннен кейин, олар Суккотқа орналасты.
6 Кейин олар Суккоттан шығып, шөлдиң шетиндеги Этамға орналасты.
7 Этамнан шығып, олар Баал-Сефонның шығысындағы Пий-Ҳахиротқа қарай бурылып, Мигдолға жақын жерге орналасты.
8 Пий-Ҳахироттан шығып, теңиз арқалы өтип, шөлге қарай жол алды. Этам шөлинде үш күн жол жүргеннен соң, олар Мараға орналасты.
9 Марадан шығып, олар он еки суў булағы ҳәм жетпис пальма ағашы болған Элимге барып, сол жерде орналасты.
10 Олар Элимнен шығып, Қамыс теңизиниң бойына орналасты.
11 Қамыс теңизиниң бойынан шығып, Син шөлине орналасты.
12 Син шөлинен шығып, олар Дофқаға орналасты.
13 Дофқадан шығып, Алушқа орналасты.
14 Алуштан шығып, Рефидимге орналасты. Бирақ ол жерде халық ушын ишетуғын суў жоқ еди.
15 Рефидимнен шығып, Синай шөлине орналасты.
16 Синай шөлинен шығып, Киброт-Ҳаттааўаға орналасты.
17 Киброт-Ҳаттааўадан шығып, Хасеротқа орналасты.
18 Хасероттан шығып, Ритмаға орналасты.
19 Ритмадан шығып, Риммон-Переске орналасты.
20 Риммон-Перестен шығып, Либнаға орналасты.
21 Либнадан шығып, Риссаға орналасты.
22 Риссадан шығып, Кеҳелатаға орналасты.
23 Кеҳелатадан шығып, Шефер таўына орналасты.
24 Шефер таўынан шығып, Харадаға орналасты.
25 Харададан шығып, Мақҳелотқа орналасты.
26 Мақҳелоттан шығып, Тахатқа орналасты.
27 Тахаттан шығып, Терахқа орналасты.
28 Терахтан шығып, Митқаға орналасты.
29 Митқадан шығып, Хашмонаға орналасты.
30 Хашмонадан шығып, Мосеротқа орналасты.
31 Мосероттан шығып, Бене-Яақанға орналасты.
32 Бене-Яақаннан шығып, Хор-Ҳагидгадқа орналасты.
33 Хор-Ҳагидгадтан шығып, Иотбатаға орналасты.
34 Иотбатадан шығып, Абронаға орналасты.
35 Абронадан шығып, Эсион-Геберге орналасты.
36 Эсион-Геберден шығып, Зин шөлиндеги Қадешке орналасты.
37 Қадештен шығып, олар Эдом шегарасындағы Ҳор таўының қасына орналасты.
38 Руўханий Харон Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша Ҳор таўына шығып, сол жерде қайтыс болды. Бул ўақыя израиллылар Мысырдан шыққаннан кейин қырқыншы жылы, бесинши айдың биринши күнинде болды.
39 Харон Ҳор таўында қайтыс болғанда 123 жаста еди.
40 Қанан елиниң Негебте жасайтуғын қананлы Арад патшасы израиллылардың сол жерге келгенинен хабар тапты.
41 Израиллылар Ҳор таўынан шығып, Салмонаға орналасты.
42 Салмонадан шығып, Пунонға орналасты.
43 Пуноннан шығып, Оботқа орналасты.
44 Оботтан шығып, Моаб шегарасындағы Ийе-Абаримге орналасты.
45 Ийе-Абаримнен шығып, Дибон-Гадқа орналасты.
46 Дибон-Гадтан шығып, Алмон-Диблатайымға орналасты.
47 Алмон-Диблатайымнан шығып, Небоға жақын Абарим таўларында орналасты.
48 Абарим таўларынан шығып, ойпатлықтың Моабқа тийисли бөлегине, Ерихоның қарсысындағы Иорданның бойына орналасты.
49 Олар ойпатлықтың Моабқа тийисли бөлегинде Иордан бойлап, Бейт-Ешимоттан Абел-Шиттимге дейин орналасып барды.
50 Сол жерде, ойпатлықтың Моабқа тийисли бөлегинде, Ерихоның қарсысындағы Иорданның бойында Жаратқан Ийе Муўсаға былай деп айтты:
51 – Израиллыларға былай деп айт: «Сизлер Иордан дәрьясынан өтип, Қанан елине киргениңизде,
52 сол елде жасайтуғын барлық халықты қуўып жибериң, бут сүўретлерин ҳәм мүсинлерин жоқ қылып, сыйыныў орынларын бузып таслаң.
53 Елди ийелеп алып, ол жерге орналасып алың, өйткени Мен сизлерге сол жерди мүлик қылып бердим.
54 Жерлерди урыўлар ара шек таслап бөлисип алың. Үлкен урыўға үлкен үлес жер, киши урыўға киши үлес жер бериң. Шек бойынша кимге қайсы жер түссе, сол жер сол урыўға тийисли болады. Үлес жерлерди ата-бабаларыңыздан тараған урыўлар бойынша бөлистирип бериң.
55 Егер сол елдиң турғынларын қуўып шығармасаңыз, онда сол жерде қалған халық көзлериңизге түскен шөп, бүйирлериңизге кирген тикендей болады. Олар жасайтуғын жериңизде сизлерди қысқыға алады.
56 Сонда Мен оларға не ислеўди нийетлеген болсам, сизлерге соны ислеймен».