Санлар 30 bob

Ўәделерге байланыслы қағыйдалар (2-17).

1 Солай етип, Муўса Жаратқан Ийениң өзине буйырған ҳәр бир сөзин израиллыларға жеткерди.
2 Муўса Израилдың урыў басшыларына былай деди: – Жаратқан Ийе былай деп буйырды:
3 «Егер ким де ким Жаратқан Ийеге ўәде берсе ямаса өзин бир нәрседен тыйыў ушын ант ишсе, ол өз ўәдесин бузбай, айтқан сөзлериниң ҳәммесин орынласын.
4 Егер бир қыз әкесиниң үйинде жасап атырған ўақтында, Жаратқан Ийеге ўәде берсе ямаса өзин бир нәрседен тыйыў ушын ант ишсе,
5 әкеси оның Жаратқан Ийеге берген ўәдесин ямаса өзин бир нәрседен тыйыў ушын берген антын еситип, оған қарсы шықпаса, онда қыздың берген ўәдеси ҳәм анты өз күшинде қалады.
6 Ал егер қыздың әкеси оның берген ўәдесин ҳәм өзин бир нәрседен тыйыў ушын берген антын еситкен күни қадаған қылса, қыздың берген ўәдеси ҳәм анты өз күшинде қалмайды. Әкеси қызының антын қадаған қылғаны ушын, Жаратқан Ийе қызды кеширеди.
7 Егер қыз ўәде бергеннен соң ямаса ойланбастан өзин бир нәрседен тыйыў ушын ант ишкеннен кейин турмысқа шықса,
8 оның күйеўи усы ҳаққында еситкен күни қарсы шықпаса, онда қыздың берген ўәдеси ҳәм анты өз күшинде қалады.
9 Ал егер қыздың күйеўи усы ҳаққында еситкен күни қадаған қылса, қыздың берген ўәдеси ҳәм анты өз күшинде қалмайды. Жаратқан Ийе қызды кеширеди.
10 Жесир яки күйеўинен айырылысқан ҳаялдың берген ўәдеси ямаса өзин бир нәрседен тыйыў ушын берген анты өз күшинде қалады.
11 Егер күйеўи менен бирге жасап атырған ҳаял ўәде берсе ямаса бир нәрседен өзин тыйыў ушын ант ишсе,
12 оның күйеўи бул ҳаққында еситип, оған қарсы шықпаса, онда ҳаялдың берген ўәдеси ҳәм ишкен ҳәр бир анты өз күшинде қалады.
13 Ал егер оның күйеўи бул ҳаққында еситкен күни буны бийкарласа, ҳаялдың берген ўәдеси ҳәм ишкен анты өз күшинде қалмайды. Күйеўи буларды бийкарлағаны ушын, Жаратқан Ийе ҳаялды кеширеди.
14 Солай етип, күйеўи ҳаялының берген ўәдесин ямаса бир нәрседен өзин тыйыў ушын ишкен антын орынлаўына рухсат бериўи де, оны бийкар қылыўы да мүмкин.
15 Егер күйеўи бир күн ишинде бул мәселеде ҳаялына қарсы шықпаса, онда ҳаялының берген барлық ўәделерин ямаса бир нәрседен өзин тыйыўы ушын ишкен антын тастыйықлап, рухсат берген болады. Себеби ол буларды еситкен күни ҳаялына қарсы шықпай, оны мақуллаған болып есапланады.
16 Бирақ күйеўи буларды еситкеннен кейин ертеңине бийкарласа, ол ҳаялының айыбына өзи жуўапкер болады».
17 Ерли-зайыплылардың ҳәм әкеси менен үйинде жасап атырған қыздың арасындағы қарым-қатнасларға тийисли Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырған нызамлары усылардан ибарат.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16