Санлар 28 bob

Күнделикли қурбанлықлар (1-8). Шаббат қурбанлықлары (9-10). Жаңа ай қурбанлықлары (11-15). Қутқарылыў асы (16-25). Ҳәптелер байрамында берилетуғын қурбанлықлар (26-31).

 
1 Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2 – Израиллыларға буйрық берип, былай деп айт: «Маған усынатуғын қурбанлықты, яғный аўқатты хош ийисли сый ретинде белгиленген ўақытта алып келиң»+.
3 Оларға және былай деп айт: «Жаратқан Ийеге беретуғын сый мынадан ибарат: күнделикли берилетуғын жандырылатуғын қурбанлық ушын ҳәр күни бир жасар еки минсиз еркек тоқлы алып келиң.
4 Тоқлылардың биреўин азанда, екиншисин кеште қурбанлық қылың.
5 Ҳәр бир тоқлы менен бирге ғәлле садақасы етип төрттен бир ҳин сапалы зәйтүн майы менен оннан бир эфа сапалы уннан усының.
6 Бул – Синай таўында буйырылған күнделикли берилетуғын жандырылатуғын қурбанлық, Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болады.
7 Ҳәр бир тоқлы менен бирге ишимлик садақасы ушын төрттен бир ҳин шарап усының. Ишимлик садақасын Жаратқан Ийеге арнап Мухаддес жерде қуйың.
8 Екинши тоқлыны кеште қурбанлық қылың. Азанғы қурбанлық сыяқлы, бул қурбанлыққа қосып, белгиленген муғдарда ғәлле ҳәм ишимлик садақасын бериң. Бул қурбанлықты Жаратқан Ийеге хош ийисли сый ретинде усының».
9 «Ал Шаббат күни бир жасар минсиз еки еркек тоқлы менен бирге ғәлле садақасы етип зәйтүн майы араластырылған оннан еки эфа сапалы ун ҳәм ишимлик садақасын бериң.
10 Күнделикли берилетуғын жандырылатуғын қурбанлық пенен ишимлик садақасынан тысқары ҳәр Шаббат күни берилетуғын жандырылатуғын қурбанлық усыдан ибарат»+.
11 «Ҳәр айдың биринши күни Жаратқан Ийеге арнап жандырылатуғын қурбанлық ушын ҳәр бири минсиз болған еки буға, бир қошқар ҳәм бир жасардан болған жети еркек тоқлы усының+.
12 Бул қурбанлықларға қосып белгиленген муғдарда зәйтүн майы араластырылған сапалы унды ғәлле садақасы етип усының: ҳәр бир буға менен оннан үш эфа ун, қошқар менен оннан еки эфа ун,
13 ҳәр бир тоқлы менен оннан бир эфа ун. Бул – Жаратқан Ийеге хош ийисли сый ҳәм жандырылатуғын қурбанлық болады.
14 Ҳәр бир буға менен бирге ишимлик садақасы етип ярым ҳин, ҳәр бир қошқар менен бирге үштен бир ҳин, ҳәр бир тоқлы менен бирге төрттен бир ҳин шарап усының. Бул жыл даўамында жаңа айда берилетуғын жандырылатуғын қурбанлық болады.
15 Күнделикли берилетуғын жандырылатуғын қурбанлық пенен ишимлик садақасынан тысқары, Жаратқан Ийеге гүна қурбанлығы ушын бир теке усының».
16 «Жаратқан Ийениң Қутқарылыў асына арналған қурбанлық биринши айдың он төртинши күни шалынсын+.
17 Он бесинши күни жети күнлик байрам басланады, сизлер усы жети күн даўамында ашытқысыз нан жеўиңиз керек+.
18 Байрамның биринши күни мухаддес жыйналыс қылың, күнделикли жумысыңызды ислемең.
19 Жаратқан Ийе ушын жандырылатуғын қурбанлық етип еки буға, бир қошқар ҳәм бир жасардан болған жети еркек тоқлы усының. Бул ҳайўанлардың ҳәммеси минсиз болсын.
20 Ҳәр бир буға менен бирге ғәлле садақасы етип, зәйтүн майы араластырылған оннан үш эфа сапалы ун, ҳәр бир қошқар менен бирге оннан еки эфа сапалы ун,
21 ҳәр бир тоқлы менен бирге оннан бир эфа сапалы уннан алып келиң.
22 Өзлериңизди гүнадан пәклеў ушын гүна қурбанлығы етип бир теке усының.
23 Буларды ҳәр күни азанда усынатуғын жандырылатуғын қурбанлығыңыз бенен бирге усының.
24 Солай етип, жети күн даўамында ҳәр күни Жаратқан Ийеге аўқат сыпатында хош ийисли сый усының. Буны күнделикли жандырылатуғын қурбанлық пенен ишимлик садақасынан тысқары усының.
25 Жетинши күни мухаддес жыйналыс қылып, күнделикли жумысларыңызды ислемеңлер».
26 «Дәслепки өнимди нышанлайтуғын Ҳәптелер байрамында Жаратқан Ийеге таза бийдай зүрәәтинен садақа усынғаныңызда, мухаддес жыйналыс қылың. Сол күни күнделикли жумысларыңызды ислемеңлер.
27 Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болыўы ушын еки буға, бир қошқар ҳәм бир жасардан болған жети еркек тоқлыны жандырылатуғын қурбанлық етип усының.
28 Бул қурбанлықларға қосып белгиленген муғдарда зәйтүн майы араластырылған сапалы уннан ғәлле садақасы етип усының: ҳәр бир буға менен оннан үш эфа ун, қошқар менен оннан еки эфа ун,
29 ҳәр бир тоқлы менен оннан бир эфа ун.
30 Өзлериңизди гүнадан пәклеўиңиз ушын бир теке усының.
31 Бул қурбанлықларды ҳәм оған қосып берилетуғын ишимлик садақаларын күнделикли жандырылатуғын қурбанлық пенен ғәлле садақасынан тысқары усының. Қурбанлыққа алып келетуғын ҳайўанларыңыз минсиз болсын».



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16