Санлар 27 bob

Селофехадтың қызлары (1-11). Ешуаның Муўсаның орнына тайынланыўы (12-23).

 
1 Юсуп улы Менашшениң урыўынан болған Махирдиң шаўлығы, Гиладтың ақлығы, Хефердиң улы болған Селофехад деген адамның қызлары бар еди. Олардың атлары Махла, Ноа, Хогла, Милка ҳәм Тирса еди.
2 Бир күни Селофехадтың қызлары Ушырасыў шатырының алдына, Муўсаның, руўханий Элазардың, көсемлердиң ҳәм пүткил жәмийеттиң алдына келип, былай деди:
3 – Әкемиз шөлде қайтыс болған еди. Ол Жаратқан Ийеге көтерилис қылған Қорахтың шериклеслериниң арасында болған жоқ еди, ал өз гүнасы себепли қайтыс болған еди. Оның ул перзенти болмады.
4 Ул перзенти болмағаны ушын әкемиздиң аты өз тийреси арасынан өшип қалыўы керек пе? Әкемиздиң туўысқанлары менен қоса бизлерге де жер үлес бериң.
5 Муўса олардың талабын Жаратқан Ийеге жеткерди.
6 Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
7 – Селофехадтың қызлары дурыс айтып атыр. Оларға әкесиниң туўысқанлары менен бир қатар мийрас қылып, үлес жер бер. Әкесиниң жер үлеси оларға берилсин.
8 Израиллыларға былай деп айт: Егер ким де ким ул перзенти болмай қайтыс болса, оның мүлки қызына берилсин.
9 Егер қызы болмаса, оның мүлки туўысқанларына берилсин.
10 Егер оның туўысқанлары болмаса, әкесиниң туўысқанларына берилсин.
11 Ал егер әкесиниң туўысқанлары болмаса, оның мүлки өзине ең жақын болған тийрелес ағайинине берилсин. Сол ағайини мийрасхор болсын. Муўсаға буйырғанымдай, бул израиллылар ушын қағыйда болып қалсын.
12 Соннан соң, Жаратқан Ийе Муўсаға: – Абарим таўына шығып, израиллыларға беретуғын елге қара.
13 Сол елди көргениңнен соң, әжағаң Харон сыяқлы сен де өлип, ата-бабаларыңа қосыласаң.
14 Себеби Харон екеўиңиз де Зин шөлинде буйрығыма қарсы шыққан едиңиз. Жәмийет суў бойында Маған көтерилис қылғанда, сизлер олардың көз алдында Мениң мухаддеслигиме ҳүрмет көрсетпедиңлер, – деди. Бул ўақыя Зин шөлинде, Қадештеги Мериба суўлары бойында болған еди.
15 Муўса Жаратқан Ийеге былай деди:
16 – Жаратқан Ийе, пүткил адамзатқа жан берген Қудай, бул жәмийетке бир басшы тайынла.
17 Ол адам жәмийеттиң алдында жүрип, оларға басшылық қылсын. Солай етип, Жаратқан Ийениң, яғный Сениң жәмийетиң шопансыз қойлардай болып қалмасын.
18 Сонда Жаратқан Ийе былай деди: – Руўхый күшли адамды – Нун улы Ешуаны жаныңа ал ҳәм оған қолыңды қой.
19 Соннан кейин, оны руўханий Элазар менен пүткил жәмийеттиң алдында шығарып, олардың көз алдында оны хызметке тайынла.
20 Пүткил Израил жәмийети оған бойсыныўы ушын, Ешуаға өз бийлигиңнен бер.
21 Бирақ Ешуа руўханий Элазардың алдына барып, хабарласатуғын болсын. Элазар Урим арқалы Ешуа ушын Мениң еркимди билип берсин. Усылай етип, Ешуа ҳәм пүткил Израил жәмийети барлық жағдайда усыған қарап ис тутсын.
22 Муўса Жаратқан Ийениң өзине буйырғанындай етип орынлады. Ол Ешуаны руўханий Элазардың ҳәм пүткил жәмийеттиң алдына тик турғызып қойды.
23 Кейин Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша Муўса Ешуаның үстине қолларын қойып, оны хызметке тайынлады.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16