Санлар 13 bob
1 Соннан кейин, халық Хасероттан шығып, Паран шөлине барып, қоныс басты.
2 Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
3 – Мен Израил халқына берип атырған Қанан жерин көзден өткериў ушын адамлар жибер. Аталарынан тараған ҳәр бир урыўдан бир басшыдан жибер.
4 Муўса Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша Паран шөлинен адамларды жиберди. Булардың ҳәммеси Израил халқының басшылары еди.
5 Олардың атлары мынадай еди: Рубен урыўынан Заккур улы Шаммуа,
6 Шимон урыўынан Хорий улы Шафат,
7 Яҳуда урыўынан Ефунне улы Калеб,
8 Иссахар урыўынан Юсуп улы Игал,
9 Эфрайым урыўынан Нун улы Ҳошеа,
10 Бенямин урыўынан Рафу улы Палтий,
11 Зебулон урыўынан Содий улы Гаддиел,
12 Юсуп урыўынан, яғный Менашше урыўынан Сусий улы Гаддий,
13 Дан урыўынан Гемаллий улы Аммиел,
14 Ашер урыўынан Михаил улы Сетур,
15 Нафталий урыўынан Ўофсий улы Нахбий,
16 Гад урыўынан Махий улы Геуел.
17 Елди көзден өткериў ушын Муўсаның жиберген адамлары усылар еди. Сол ўақытта Муўса Нун улы Ҳошеаға Ешуа, деп ат берди*.
18 Муўса оларды Қанан жерин көзден өткериў ушын жиберип атырып, оларға былай деди: – Негеб арқалы жүрип, таўлы жерлерге барың.
19 Ол жерлер қандай екенин, ол жерде жасап атырған халық күшли ме, ямаса ҳәлсиз бе, олар көп пе, ямаса аз ба, билип алың.
20 Олардың жасап атырған жери жақсы ма, ямаса жаман ба, қалалары қорғансыз ба, ямаса қорғанлы ма, көриң.
21 Топырағы өнимдарлы ма, ямаса өнимсиз бе, дөгереги терекли ме, ямаса жоқ па, билип келиң. Қолыңыздан келгенинше, ол жердиң жетистирген мийўелеринен алып келиң! Сол ўақытта жүзим писиги енди басланып атырған еди.
22 Солай етип, сол адамлар жолға шығып, елди Зин шөлинен баслап, Лебо-Хаматқа жақын болған Рехобқа дейин көзден өткерди.
23 Олар Негебти кесип өтип, анақлардың Ахиман, Шешай ҳәм Талмай деген тийрелери жасап атырған Хеброн қаласына барды. Хеброн Мысырдағы Соан қаласынан жети жыл алдын қурылған еди.
24 Жансызлар Эшкол сайына жетип барғанда, ол жерден бир солқым жүзимди кесип алды. Олардан екеўи бир қада ағашқа жүзимди илдирип алып жүрди. Соның менен бирге, анар ҳәм әнжир мийўесин де алды.
25 Израиллылардың кесип алған жүзим солқымы себепли, сол сай Эшкол деп аталды.
26 Жансызлар қырық күн жерди аралап шыққаннан кейин излерине қайтты.
27 Олар Паран шөлиндеги Қадешке, Муўса менен Харонның ҳәм Израил жәмийетиниң жанына келди. Оларға ҳәм пүткил жәмийетке көрген-билгенлерин айтып, сол жердиң мийўелерин көрсетти.
28 Олар Муўсаға былай деп баянлады: – Бизлерди жиберген жерге бардық. Ол жерде шынында да сүт ҳәм пал ағып турған екен! Мине, мынаў сол жердиң мийўелеринен!
29 Бирақ ол жерде жасап атырған халық күшли, қалалары да қорғанлы ҳәм жүдә үлкен екен. Ҳәттеки, ол жерде Анақ әўладынан шыққан дәў адамларды да көрдик.
30 Амалек халқы Негебте, хет, ебус ҳәм амор халықлары таўлы үлкеде, қанан халқы теңиздиң бойында ҳәм Иордан дәрьясының жағасында жасайды екен.
31 Калеб Муўсаның алдында халықты тынышландырып: – Ол жерге барып, елди қолға киргизейик. Әлбетте, буған жетерли күшимиз бар, – деди.
32 Деген менен, оның менен бирге барған адамлар: – Бул халыққа қарсы гүресе алмаймыз, олар бизлерден гөре күшлирек, – деди.
33 Олар өзлери көзден өткерип келген ел ҳаққында израиллылардың арасында мынадай жаман мыш-мышлар тарқатып жүрди: – Бизлер көзден өткерип келген ел, ишине мәкан басатуғынларды жеп питиретуғын ел екен. Сол елде жасап атырған ҳәр бир адам бойшаң ҳәм ири.
34 Дәўлерди, дәўлердиң әўладынан болған анақларды көрдик. Олардың қасында өзлеримизди шегиртке сыяқлы сездик, оларға да сондай болып көриндик.