Санлар 1 bob

Израил халқының биринши мәрте дизимге алыныўы (1-54).

1 Израиллылар Мысырдан шыққаннан кейинги екинши жылдың екинши айының биринши күни Жаратқан Ийе Синай шөлинде, Ушырасыў шатырында Муўсаға былай деди:
2 – Сен Харон менен бирге пүткил Израил жәмийетин тийрелери ҳәм әўладлары бойынша санап шық. Саўашқа жарамлы болған жигирма ҳәм оннан жоқары жастағы барлық еркеклерди бөлимлерге бөлип, бирме-бир атларын жазып дизимге алың
3 .
4 Сизлерге жәрдем бериўи ушын жаныңызда ҳәр бир урыўдан бир адамнан болсын. Олар әўлад басшыларынан болсын.
5 Сизлерге жәрдем беретуғын адамлардың атлары мыналар: Рубен урыўынан Шедеур улы Элисур,
6 Шимон урыўынан Суришаддай улы Шелумиел,
7 Яҳуда урыўынан Амминадаб улы Нахшон,
8 Иссахар урыўынан Суар улы Нетанел,
9 Зебулон урыўынан Хелон улы Элиаб,
10 Юсуп урпағынан болған Эфрайым урыўынан Аммиҳуд улы Элишама, Юсуп урпағынан болған Менашше урыўынан Педасур улы Гамалиел, +
11 Бенямин урыўынан Гидоний улы Абидан,
12 Дан урыўынан Аммишаддай улы Ахиезер,
13 Ашер урыўынан Охран улы Пагиел,
14 Гад урыўынан Деўел улы Элясаф,
15 Нафталий урыўынан Энан улы Ахира
16 Халық арасынан таңлап алынған бул адамлар өз урыўының көсемлери болып, Израилдың тийре басшылары еди.
17 Муўса менен Харон атлары аталған усы адамларды шақыртып алды.
18 Олар Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша екинши айдың биринши күни пүткил халықты жыйнады. Жигирма ҳәм оннан жоқары жастағы ер адамларды тийрелери, әўладлары бойынша атларын бирме-бир дизимге алды. Солай етип, Муўса Синай шөлинде халықты санап шықты
19 .
20 Тийре ҳәм әўладлары бойынша бирме-бир атлары дизимге алынған жигирма ҳәм оннан жоқары жастағы урысқа жарамлы ер адамлардың саны төмендегидей еди: Израилдың туңғыш улы Рубен урыўынан – 46 500 адам
21 ,
22 Шимон урыўынан – 59 300 адам
23 ,
24 Гад урыўынан – 45 650 адам
25 ,
26 Яҳуда урыўынан – 74 600 адам
27 ,
28 Иссахар урыўынан – 54 400 адам
29 ,
30 Зебулон урыўынан – 57 400 адам
31 ,
32 Юсуп улы Эфрайым урыўынан – 40 500 адам
33 ,
34 Юсуп улы Менашше урыўынан – 32 200 адам
35 ,
36 Бенямин урыўынан – 35 400 адам
37 ,
38 Дан урыўынан – 62 700 адам
39 ,
40 Ашер урыўынан – 41 500 адам
41 ,
42 Нафталий урыўынан – 53 400 адам
43 .
44 Муўса, Харон ҳәм Израилдың он еки урыўының көсемлери тәрепинен дизимге алынғанлар усылар еди. Ҳәр бир көсем өз урыўының ўәкили еди.
45 Израилда жигирма ҳәм оннан жоқары жастағы урысқа жарамлы барлық израиллылар өзлериниң әўладлары бойынша есапқа алынды.
46 Есапқа алынғанлардың барлығы 603 550 адам болды.
47 Бирақ Лебий урыўы басқалар менен бирге дизимге алынбады.
48 Себеби Жаратқан Ийе Муўсаға былай деген еди:
49 «Тек Лебий урыўының есабын алма ҳәм оларды басқа израиллылар менен бирге дизимге киргизбе.
50 Лебийлилерди ишинде буйрықлар жазылған еки тас турған Мухаддес шатырға, оған тийисли ҳәр бир буйым ҳәм затларға жуўапкер қылып қой. Олар Шатырды ҳәм оның барлық буйымларын көтерип алып жүрсин ҳәм абайлап қарап жүрсин. Оның дөгерегине өз шатырларын қурсын.
51 Мухаддес шатыр көширилгенде, оны лебийлилер жыйнасын, тоқтаған ўақытта да, оны лебийлилер қурсын. Лебийлилерден басқа Шатырға жақынласқан ҳәр бир адам өлтирилсин.
52 Израиллылар бөлимлерге бөлинип, шатырларын қурсын. Ҳәр бир адам өз ордасында ҳәм өз байрағы астында орналассын.
53 Ал Израил жәмийети Жаратқан Ийениң ғәзебине ушырамаўы ушын, лебийлилер буйрықлар қойылған Шатырдың дөгерегине өз шатырларын қурсын ҳәм оны қараўылласын».
54 Израиллылар булардың барлығын Жаратқан Ийе Муўсаға қалай буйырған болса, анық сондай етип орынлады.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16