Малахия 3 bob
1 – Мине, Мен Өз хабаршымды жиберип атырман. Ол Мениң алдымда жол таярлайды. Сизлер көриўди аңсап жүрген келисимниң хабаршысы киятыр. Сизлер излеп атырған Ийе тосаттан Өз Ибадатханасына келеди, – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси.
2 – Бирақ Ол келгенде, ким шыдай алады? Ол пайда болғанда, ким тура алады? Себеби Ол таплап тазалайтуғын от сыяқлы, кир жуўыўшының сабыны сыяқлы болады.
3 Ол гүмисти еритип тазалап алатуғын адам сыяқлы ҳүким тахтына отырып, лебийлилерди пәклейди. Аўа, алтын ҳәм гүмисти тазалағандай етип, тазалайды. Сонда олар Жаратқан Ийеге туўры жол менен қурбанлықлар усынатуғын болады.
4 Кейин өткен күнлердегидей, бурынғы жыллардағы сыяқлы, Яҳуда ҳәм Ерусалимде усынылған садақалар Жаратқан Ийеге мақул болады.
5 – Сонда сизлерди ҳүким қылыў ушын бараман. Меннен қорқпағанларға: жулдыз изертлеўшилерге, бузықлық қылғанларға, жалған ант ишкенлерге, жумысшының ис ҳақысын бермегенлерге, жетим-жесирлерди езиўшилерге ҳәм келгиндилердиң ҳуқықын шеклегенлерге қарсы шығып, оларды тезлик пенен әшкаралайман, – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси.
6 – Мен Жаратқан Ийемен, Мен ҳеш ўақытта өзгермеймен. Соның ушын, сизлер жоқ болып кетпедиңлер, ҳәй, Яқып урпақлары!
7 Сизлер ата-бабаларыңыздың дәўиринен баслап, Мениң қағыйдаларымнан жүз бурып, оған әмел қылмай киятырсыз. Енди тәўбе қылып, Мениң алдыма келиңлер. Сонда Мен де сизлерге қайтып бараман, – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси. – Бирақ сизлер: «Не себептен тәўбе қылыўымыз керек?» – деп сорайсызлар.
8 Адамзат Қудайдан бир нәрсе урлаўы мүмкин бе? Ал сизлер болса, Меннен урлап атырсызлар. «Сеннен не урлаппыз?» – деп сорайсыз. Сизлер үсирлер ҳәм садақаларды урлап атырсызлар!
9 Сизлер ғарғысқа ушырадыңлар. Себеби сизлер – пүткил халық Меннен урлап атырсыз.
10 Ибадатханамда азық-аўқат болыўы ушын, барлық оннан бирлериңизди затлар сақланатуғын бөлмеге алып келиңлер. Мени усылайынша сынап көриңлер, – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси. – Сонда аспан қақпақларын ашаман, сизлердиң үстиңизге берекет жаўдырып, толып-тастыраман.
11 Егинлериңизди шегирткелердиң жеп кетиўине жол қоймайман ҳәм жүзим бағларыңыз жемиссиз қалмайды, – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси.
12 – Сонда барлық халықлар сизлерди: «Қандай бахытлы халық» – деп атайды. Себеби сизлердиң елиңиз әжайып бир жер болады, – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси.
13 Сизлер Маған қарсы жаман сөзлер сөйледиңиз, – дейди Жаратқан Ийе. – Сонда да сизлер: «Бизлер Саған қарсы не айтып едик?» – деп сорайсыз.
14 Сизлер былай деп айтқан едиңиз: «Қудайға хызмет етиўдиң пайдасы жоқ. Әлемниң Жаратқан Ийесиниң талапларын орынлаўдың, Оның алдында аза тутқан адамдай болып жүриўдиң бизлерге не кереги бар+?
15 Ал енди бизлер менменлерди бахытлы деп есаплаймыз. Жаўызлық қылыўшылар табысқа ерисип атыр. Мине, Қудайды сынағанлар жазадан аман қалып атыр».
16 Бирақ Жаратқан Ийеден қорқатуғынлар өз ара сәўбетлести. Жаратқан Ийе олардың сәўбетине қулақ салып, тыңлады. Жаратқан Ийеден қорқып, Оның атын сыйлағанлар ушын, Оның алдында бир естелик китабы жазылды.
17 – Мен белгилеген сол күнде, олар Мениң ғәзийнем болады, – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси, – Әке өзине бойсынған улына қандай мийрим көрсетсе, Мен де оларға сондай мийрим көрсетемен.
18 Сол ўақытта сизлер әдил адам менен жаўыз адамның, Қудайға хызмет еткен адам менен хызмет етпеген адамның арасындағы айырмашылықты және көресиз.