Малахия 1 bob
1 Пайғамбаршылық сөзи. Жаратқан Ийе Малахия арқалы Израил халқына мына сөзлерди хабарлады:
2 Жаратқан Ийе: «Мен сизлерди сүйип келемен», – дейди. Ал сизлер болсаңыз: «Бизлерге болған сүйиспеншилигиңди қалайынша көрсеткен едиң?» – деп сорайсыз. Жаратқан Ийе: «Эсаў Яқыптың ағасы емес пе еди? Сондай болса да, Мен Яқыпты сүйдим,
3 ал Эсаўды болса, жек көрдим. Эсаўдың таўлы үлкелерин ўайран қылып, елин шөлдиң сағалларына тапсырдым», – деп жуўап береди.
4 Егер Эсаўдың урпағы эдомлылар: «Бизлер бүлгиншиликке ушырадық, бирақ ўайран болған жерлеримизди қайта тиклеп аламыз», – деп айтса, Әлемниң Жаратқан Ийеси былай деп жуўап береди: «Олар қайта қурса да, Мен және ўайран қыламан. Сонда олардың үлкеси Жаўызлық үлкеси деп аталып, ал өзлери Жаратқан Ийениң қәҳәрине мәңги ушыраған халық болады.
5 Буны өз көзлериңиз бенен көрип, сизлер: „Жаратқан Ийе Израил шегараларының сыртында да даңққа ийе!“ – деп айтатуғын боласыз».
6 – Руўханийлер! Ул әкесине, қул хожайынына ҳүрмет көрсетеди. Егер Мен сизлердиң әкеңиз болсам, сизлердиң Маған көрсеткен ҳүрметиңиз қаяқта? Егер хожайыныңыз болсам, Меннен қорққаныңыз қаяқта? – деди Әлемниң Жаратқан Ийеси. – Ҳәй, руўханийлер, сизлер Мениң атымды ҳүрметлемей қойдыңыз. Деген менен, сизлер: «Сениң атыңа қалайынша ҳүрмет көрсетпедик?» – деп сорайсыз.
7 Сизлер қурбанлық орныма ҳарам садақалар алып келесизлер. Солай ислесеңиз де, «Бизлер Сениң қурбанлық орныңды қалай ҳарамладық?» – деп сорайсызлар. Бирақ «Жаратқан Ийениң дастурханын қәдирлемесек те болады», – деп айтасыз.
8 Соқыр малды қурбанлық қылыў надурыс емес пе? Майып ямаса аўырыў ҳайўанды қурбанлық қылыў надурыс емес пе? Усындай бир ҳайўанды өз ҳәкимиңизге апарып көриң! Оның сеннен кеўли толар ма екен ямаса ол сени жақсы қабыллай ма екен? – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси.
9 – Енди сизлерге Өз мийрим-шәпәәтимди көрсетиўим ушын, Маған, Қудайға жалбарының. Бирақ сизлер Маған сондай қурбанлықларды усынсаңыз, онда Мен сизлерге мийримимди түсирип, қабыл етер ме едим? – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси.
10 – Қәне енди, араңыздағы бириңиз бийкарға қурбанлық орында от жағылмасын, деп Ибадатхананың есигин жаўып тасласа, жақсы болар еди! Мениң кеўлим сизлерден тоқ емес, – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси. – Сизлердиң садақаларыңызды қабыл етпеймен.
11 Өйткени шығыстан батысқа дейинги халықлардың арасында Мениң атым уллы болады! Ҳәмме жерде Мениң атыма арнап, түтетки түтетиледи, таза қурбанлықлар бериледи. Себеби халықлар арасында Мениң атым уллы болады! – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси.
12 – Ал сизлер болсаңыз: «Жаратқан Ийениң дастурханы қәдирсиз, ондағы садақалар арзымас», – деп Мениң атыма тил тийгизесиз.
13 Соның менен бирге, «Қандай аўыр жүк!» – деп Маған мурынларыңызды гиржийтесиз, – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси. – Қурбанлық ушын урланған, майып ҳәм аўырыў ҳайўанларды алып келгениңизде, Мен соларды сизлердиң қолыңыздан қабыл етиўим керек пе? – дейди Жаратқан Ийе.
14 – Өз сүриўиңизден Маған, Жаратқан Ийеге бағышлап усыныўға ўәде берип қойған еркек ҳайўанның орнына кемшилиги бар ҳайўанды қурбанлық қылған өтирикшиге нәлет болсын! Себеби Мен уллы Патшаман. Халықлар Мениң атымнан қорқады, – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси.