Зехария 6 bob
1 Мен және нәзер таслағанымда, еки қола таўдың арасынан шығып киятырған төрт саўаш арбасын көрдим.
2 Биринши саўаш арба қызыл атларға, екиншиси қара атларға,
3 үшиншиси ақ атларға, төртиншиси ала-шубар атларға жегилген еди. Бул атлардың ҳәммеси күшли еди.
4 Мен өзим менен сөйлесип турған периштеден: – Мырзам, булар не? – деп сорадым.
5 Периште былай деп жуўап берди: – Булар көктеги төрт самал. Олар пүткил дүньяның Ийесиниң дәргайында болғаннан кейин, айланыўға шығады.
6 Қара атларға жегилген саўаш арбасы арқаға, ақ атларға жегилген арба оның изинен барады, ал ала-шубар атларға жегилген арба қублаға кетеди.
7 Сол күшли атлар жолға шығып, жер жүзин айланып шығыўға асықты. Периште оларға: – Барыңлар, жер жүзин айланып шығыңлар, – деди. Сонда олар айланып шығыўға кетти.
8 Кейин периште маған даўыслап: – Қара! Атлар арқадағы елге барды. Ол жерде Жаратқан Ийениң еркин орынлады, Жаратқан Ийе ғәзептен қайтты, – деди.
9 Жаратқан Ийеден маған төмендеги сөз түсти:
10 – Бабилон сүргининен қайтып келген Хелдай, Тобия ҳәм Едаядан саўғаларын алып, сол күни-ақ, Сефания улы Иошияның үйине бар.
11 Берилген гүмис ҳәм алтыннан таж соғып, оны Иосадақ улы бас руўханий Ешуаның басына кийгиз.
12 Оған былай деп айт: «Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Мине, Нәл деген адам! Ол турған жеринен шақалап, Мениң Ибадатханамды қурады.
13 Аўа, Жаратқан Ийениң, яғный Мениң Ибадатханамды қуратуғын ол болады. Ол уллылыққа бөленеди, тахтында отырып, ҳүкимдарлық қылады. Руўханий де өз тахтында отырады, екеўиниң арасында бирлик орнайды».
14 Бул таж Хелем, Тобия, Едая ҳәм Сефания улы Хенниң ғамхорлығына тапсырылып, Жаратқан Ийениң, яғный Мениң Ибадатханамда естелик болып қалады.
15 Узақта жасайтуғынлар келип, Жаратқан Ийениң Ибадатханасының қурылысына қатнасады. Солай етип, мени сизлерге Әлемниң Жаратқан Ийесиниң жибергенин билип аласыз. Егер Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сөзлерин булжытпай орынласаңыз, усылардың ҳәммеси орынланады.