Сефания 1 bob

Яҳуданың ҳүким етилиўи (2-13), Жаратқан Ийениң ҳүким күни (14-18).

1 Яҳуда патшасы Амон улы Иошия дәўиринде Хизкия әўладынан болған Кушийдиң улы, Гедалияның ақлығы, Амарияның шаўлығы Сефанияға Жаратқан Ийеден мынадай сөз түсти:
2 «Жер жүзинен ҳәмме нәрсени сыпырып таслайман, – Дейди Жаратқан Ийе, –
3 Адамларды, ҳайўанларды, Аспандағы қусларды, теңиздеги балықларды, Азғыратуғын затларды ҳәм жаўыз адамларды сыпырып таслайман. Жоқ етемен жер жүзинен адамзатты». Бул Жаратқан Ийениң сөзи.
4 «Мен Яҳудаға ҳәм Ерусалим турғынларына қарсы қол көтеремен. Баалға табыныўшылықтың излерин, Бут руўханийлериниң ҳәм Өз руўханийлеримниң атларын өширемен.
5 Тамға шығып, аспан денелерине табынатуғынларды, Маған да, Молох бутына да бирдей табынып, Мениң атым менен де, Молохтың аты менен де ант ишетуғынларды жоқ қыламан.
6 Олар Меннен жүз бурды, изимнен жүрмеди, Меннен жәрдем де, жол-жорық та сораўды қәлемейди».
7 Қудай Ийениң алдында үнсизлик сақлаң, Өйткени Оның ҳүким күни жақынласты. Жаратқан Ийе қурбанлық асын таярлап, Мийманларын мирәт етти.
8 Жаратқан Ийе былай дейди: «Сол қурбанлық күни, Ҳәмелдарларды, патша улларын, Жат халықтың кийимлерин кийгенлердиң ҳәммесин жазалайман.
9 Босағадан атлап өтетуғынларды, Зорлық ҳәм алдаў жолы менен, Хожайынларының үйлерин байлыққа толтырғанларды, Сол күни жазалайман».
10 Жаратқан Ийе былай дейди: «Сол күни Ерусалимниң Балық дәрўазасынан дад, Қаланың таза бөлиминен пәрияд, Төбешиклерден күшли ўайрангершилик даўысы еситиледи.
11 Қаланың базар тәрепинде жасайтуғынлар, пәрияд шегиң. Барлық саўдагерлериңиз жоқ болады, Алды-сатты қылатуғынлар қырып тасланады.
12 Сол күни шыра менен Ерусалимди аралап излеймен, „Жаратқан Ийениң қолынан жақсылық та, жаманлық та келмейди“, Деп өзлеринше ойлағанларды, Өмирден заўықланып, бийғам жүргенлерди жазалайман.
13 Олардың байлығы талан-тараж болып, Үйлери ўайран етип бузылады. Қурған үйлеринде жасамайды, Тиккен жүзимзарларының шарабынан ишпейди».
14 Жаратқан Ийениң уллы ҳүким күни жақынласты, Аз қалды, ол жүдә тез киятыр. Қулақ салың! Жаратқан Ийениң күни келди, Жаўынгерлердиң даўысы ашшы болады.
15 Сол күн Қудайдың ғәзеп күни! Қайғы ҳәм азап күн, Қыйраў ҳәм апат күн, Тас түнек ҳәм қараңғы күн, Бултлы ҳәм гүңгиртли күн болады.
16 Сол күни саўаш кәрнайлары шалынып, саўаш даўыслары шығады, Қорғанлы қалалар менен минараларға қарсы шабыўыл жасалады.
17 Жаратқан Ийе былай дейди: «Адамлардың басына апат келтиремен, Соқыр адамдай олар сүрнигеди, Себеби олар Маған қарсы гүна иследи. Олардың қаны суўдай ағады, Денелери жерде қый сыяқлы шашылып жатады».
18 Жаратқан Ийениң ғәзеп күни, Гүмис ҳәм алтынлары оларды қутқара алмайды. Жаратқан Ийениң қызғаныш оты пүткил дүньяны жандырып, жоқ қылады. Жаратқан Ийе жер жүзинде жасап атырғанлардың ҳәммесин, Қорқынышлы тәризде қыйратады.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16