Хабаққуқ 3 bob

Хабаққуқтың дуўасы (1-19).

1 Пайғамбар Хабаққуқтың жыр менен айтылатуғын дуўасы.
2 Жаратқан Ийе, даңқыңды еситтим, Сениң ислеген ислериңе таң қалдым, Бизиң заманымызда да сондай ислерди және исле, о, Жаратқан Ийе, Енди ҳәммеге мәлим болсын нелер ислей алатуғының. Мийрим-шәпәәтиңди умытпа ғәзепленгениңде!
3 Қудай жәрдемге келеди Теманнан, Мухаддес Қудай келер Паран таўынан. Оның уллылығы қаплайды аспанды, Оған арналған алғыс-мақтаўлар дүньяны толтырады.
4 Оның нуры жылдырымдай жарқырар, Нур шашылар Оның қолларынан, Күш-қүдирети қолларында жасырынғандур.
5 Ол Өзиниң алдынан кеселликлер жиберер, Өлтиретуғын обаға изинен жүриўди буйырар.
6 Ол турғанда жер силкинеди, Нәзер таслағанда, халықлар титирейди. Әййемнен киятырған таўлар қулап түсип, Бурыннан бар болған төбешиклер шөгип, Оған бас ийеди, Мәңгидур Қудайдың жоллары.
7 Кушан адамларының өз шатырларында қорққанын, Мидян жеринде жасайтуғын адамлардың титирегенин көремен.
8 Жаратқан Ийе, сайларға ашыўландың ба? Ғәзеплендиң бе дәрьяларға? Ямаса өшиң бар ма еди теңизде? Халқың ушын миндиң бе жеңилмес атларыңа ҳәм саўаш арбаларыңа?
9 Сен атыў ушын оқ жайыңды аласаң, Оқларыңды атыўға таярлайсаң. Жер жүзин дәрьялар менен қақ бөлип таслайсаң.
10 Титиреп кетер таўлар Сени көргенде, Селлер тасып, барлық нәрсени жуўып кетер, Теңиз түплери шырқырап, толқынлары көтерилер.
11 Сениң оқларыңның ушқан нурынан, Жылтыраған найзаңның жылтыраўынан, Өз орнында қатып қалар қуяш пенен ай.
12 Сен басып өтерсең жер жүзин ғәзеп пенен, Халықларды қәҳәриң менен басып езерсең.
13 Өзиң таңлаған халықты ҳәм тайынлаған патшаны қутқарыў ушын келесең, Жаўыз елдиң басшысын тас-талқан етесең, Толық жоқ қыласаң жаўыз патшалықтың күшлерин.
14 Душпан әскерлери бизлерди дағытыў ушын қуйындай болып келер, Буққы таслап, ҳәлсиз адамларды талан-тараж етер, Сөйтип, олар шадланып қуўанар. Ал Сен олардың басшысын өз найзасы менен өлтиресең.
15 Атларың менен теңизди басып, Уллы суўларды үйир етип, айландырасаң.
16 Буларды еситкенимде, ләрзеге келди денем, Қалтырап кетти мениң еринлерим, Ерип кеткендей болды сүйеклерим, Дәрмансызлықтан дизелерим титиреди. Бирақ бизлерге ҳүжим қылғанлардың апатшылық күнин, Күтемен мен сабырлылық пенен.
17 Ҳәттеки, әнжир ағашы мийўелемей қалса, Жүзим ағашлары жүзим бермесе, Өним бермесе де зәйтүн ағашлары, Атызларда зүрәәт болмай қалса да, Қой қоралар босап қалса да, Падада маллар қалмаса да,
18 Мен бәри бир Жаратқан Ийениң саясында шадланаман, Қутқарыўшым Қудайыма қуўанаман.
19 Ийем, Жаратқан Ийе күшимдур мениң, Ол аяқларымды кийиктиң аяғындай шаққан қылар. Таўлардың үстинен мени жүргизер.Сазшылар басшысына: тарлы саз әсбаплар менен айтылады.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16