1 Ҳәсирет шегесең, ҳәй, қоллары қан қала! Жалғанға ҳәм талан-тараж етилген затларға толған қала. Ол жердеги тонаўшылық ҳеш қашан таўысылмас.
2 Еситилер қамшының тарсылдысы ҳәм дөңгелеклердиң дүсирлиси, Шаўып баратырған ат туяқларының даўысы, Саўаш арбаларының тасыр-тусырлысы.
3 Ҳүжимге кирди атлы әскерлер, Қылышлар жалт-жулт етер, найзалар жылтырар, Үйилип кетти өли денелер, Сансыз болып кетти өликлер, Буларға сүрнигип атыр адамлар.
4 Сен, суйық аяқлық пенен шексиз бузықшылық қылған сыйқыршы ҳаялсаң, Бузықлығың менен халықларды өзиңе тутқын қылып, Сыйқыршылығың менен өзиңе қул еткен едиң.
5 Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Саған қарсыман, ҳәй Ниневия! Мен сениң көйлегиңниң етегин жоқары көтерип, Миллетлерге жалаңаш денеңди көрсетип, Патшалықлардың алдында шерменде қыламан.
6 Үстиңе тасланды таслап, сени хорлайман, Адамларға тамаша боласаң сен.
7 Сени ким көрсе де артқа шегинип, былай дейди: „Ўайран болды Ниневия, Ол ушын кимниң жаны ашыйды екен?“ Сени жубататуғын ҳеш ким жоқ».
8 Мысырдың бас қаласы Тебестен сениң қай жериң артық еди? Дәрья бойында жайласқан еди сол қала да, Суў менен қоршалып, қорғаны Нил дәрьясы еди, Суўлар оның қорған дийўаллары болған еди.
9 Куш ҳәм Мысыр оның шексиз күшиниң булағы еди, Пут ҳәм Ливия да оның аўқамласлары еди.
10 Солай болса да, Тебес халқы сүргин етилип, тутқынға алып кетилди, Ҳәр бир көшениң басында тасқа урып өлтирилди нәрестелери. Ақсүйек беклери ушын шек тасланды, Шынжыр менен кисенленди барлық уллы адамлары.
11 Ҳәй, Ниневия, сен де мәс болып, тентиреклеп жүресең, Сен де душпанларыңнан жасырынатуғын жер излейсең.
12 Сениң барлық қорғанларың, Әнжир ағашының биринши пискен мийўесине мегзер. Ағашты силкиткенде, әнжирлер жейтуғынның аўзына түсер.
13 Әскерлериңе қара! Ҳаял адамнан парқы жоқ олардың, Дәрўазаларың душпанлар ушын кең ашылар. От жағып жоқ қылды дәрўазаларыңның тәмбилерин.
14 Қамалға түсетуғын ўақтың ушын суўыңды толтыр, Беккемле қорғанларыңды! Гербиш таярлаў ушын ылайды ийле, Қуятуғын қәлиплериңди таярла.
15 Бәри бир от жалмап сени жутып жибереди, Қылыш сени қырып таслайды. Жас шегирткелер егинлерди жеп жоқ қылғандай, Душпанларың сени жоқ қылады. Сизлер шегирткелердей көбейе бериңлер!
16 Аспандағы жулдызлардан да көп саўдагерлериң, Олар жас шегирткелер яңлы елиңди талан-тараж етер, Кейин қанат қағып ушып кетер.
17 Сениң ҳүкимдар ҳәм хызметкерлериң, Суўық күнде дийўалларға қонатуғын, Ал қуяш шыққанда ушып кетип, ғайып болатуғын шегирткелерге уқсайды.
18 Ҳәй, Ассирия патшасы, ел басқарыўшыларың өлди, Ақсүйеклериң болса, мәңги уйқыға кетти, Тарап кетти халқың таўларға. Оларды жыйнайтуғын ҳеш ким қалмады.
19 Жарақатыңның даўасы жоқ, жараларың өлимге алып барар. Сениң аўҳалыңды еситкен барлық адамлар, Шадланып қолларын шаппатлар. Өйткени сениң шексиз жаўызлығыңнан азап шекпеген адам бар ма еди? Ҳеш ким қашып қутыла алмаған еди.