Лебийлилер 9 bob

1 Руўханийлердиң өз хызметин баслаўы

1 Сегизинши күни Муўса Харонды, оның улларын ҳәм Израилдың ақсақалларын шақырды.
2 Сонда Муўса Харонға былай деди: – Гүна қурбанлығы ушын минсиз бир тана, жандырылатуғын қурбанлық ушын минсиз бир қошқар алып, оларды Жаратқан Ийеге усын.
3 Соңынан Израил халқына айт, олар да гүна қурбанлығы ушын бир теке, жандырылатуғын қурбанлық ушын бир жасар минсиз тана менен бир жасар минсиз тоқлы әкелсин.
4 Жаратқан Ийениң алдында татыўлық қурбанлығы ушын бир буға ҳәм бир қошқар алып, буған қоса зәйтүн майы менен араластырылған ғәлле садақасын усынсын. Өйткени бүгин оларға Жаратқан Ийе көринеди.
5 Олар Муўсаның буйырғанларының ҳәммесин Ушырасыў шатырының алдына алып келди. Ҳәмме жақын келип, Жаратқан Ийениң алдында турды.
6 Сонда Муўса оларға: – Жаратқан Ийениң салтанаты сизлерге көриниўи ушын, Ол сизлерге мыналарды ислеўди буйырмақта, – деп,
7 Харонға былай деди: – Қурбанлық орынға жақынлап, гүна қурбанлығын ҳәм жандырылатуғын қурбанлығыңды бер. Усылай етип, өзиңди де, халқыңды да гүналардан тазала. Соннан кейин, Жаратқан Ийе буйырғанындай, халқыңның қурбанлығын берип, оларды гүналардан тазала.
8 Солай етип, Харон қурбанлық орынға жақынласып, өзи ушын гүна қурбанлығына алып келген тананы шалды.
9 Уллары оған тананың қанын алып келди. Харон бармағын қанға батырып, қурбанлық орынның шақларына сүртти. Аўысқан қанды қурбанлық орынның түбине төкти.
10 Жаратқан Ийениң Муўсаға берген буйрығы бойынша, ол гүна қурбанлығының майын, еки бөтекесин ҳәм баўырының төменги ушын қурбанлық орында түтетип жандырды.
11 Ал тананың гөши менен терисин орданың сыртында жағып жиберди.
12 Кейин Харон жандырылатуғын қурбанлықты шалды. Оның уллары қурбанлықтың қанын оған берди ҳәм ол қанды қурбанлық орынның төрт қапталына серпип жиберди.
13 Соңынан уллары оған жандырылатуғын қурбанлықтың барлық жиликлерин ҳәм басын әкелип берди. Харон ҳәммесин қурбанлық орынның үстинде түтетип жандырды.
14 Ал қурбанлықтың ишек-қарнын ҳәм туяқларын жуўып, қурбанлық орында жандырылатуғын қурбанлыққа қосып түтетип жандырды.
15 Буннан соң, Харон халықтың қурбанлығын алып келди. Халықтың гүналары ушын берилген текени шалды ҳәм биринши қурбанлық сыяқлы буны да гүна қурбанлығы сыпатында усынды.
16 Харон жандырылатуғын қурбанлықты да қағыйдаға сай тәризде берди.
17 Соңынан ол ғәлле садақасын берди. Оннан бир уўыс алып, оны азанда берилетуғын жандырылатуғын қурбанлыққа қоса қурбанлық орынның үстинде түтетип жандырды.
18 Харон халықтың татыўлық қурбанлығы ушын алып келген буғасы менен қошқарын да шалды. Уллары қурбанлықлардың қанын оған әкелип берди. Ол қанды қурбанлық орынның төрт қапталына серпип жиберди.
19 Харонның уллары буға менен қошқардың майын, яғный қуйрық майын, ишек-қарынларындағы майларын, еки бөтекесин ҳәм баўырының төменги ушын
20 төслердиң үстине қойды. Харон усы майлы бөлеклерди алып, қурбанлық орында түтетип жандырды.
21 Соннан кейин, Муўсаның буйырғанындай, ол төслерди ҳәм оң санды Жаратқан Ийениң алдында жоқары көтерип усынды.
22 Харон гүна, жандырылатуғын ҳәм татыўлық қурбанлықларын берип болғаннан соң, қолларын жайып, халыққа пәтия берди. Соннан соң, ол төменге түсти.
23 Муўса менен Харон Ушырасыў шатырына кирди ҳәм олар сыртқа шыққаннан соң, халыққа пәтиясын берди. Сонда Жаратқан Ийениң салтанаты пүткил халыққа көринди
24 ҳәм Жаратқан Ийениң оты пайда болып, қурбанлық орынның үстиндеги жандырылатуғын қурбанлықты ҳәм майларды жандырып жиберди. Буны көрген пүткил халық шадланып бақырысып, ет бетинен жерге жығылды.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16