Лебийлилер 26 bob

1 Қудайға бойсынғанлардың жарылқаныўы. 14 Қудайға бойсынбаўшылықтың жазасы

1 «Өзлериңизге жалған қудайлардың мүсинлерин ислемеңлер, кийели тасларды ямаса ойып исленген тасларды орнатпаңлар. Себеби Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен.
2 Мениң Шаббатыма әмел қылып, Мухаддес мәканыма ҳүрмет көрсетиң. Мен – Жаратқан Ийемен.
3 Егер қағыйдаларым бойынша жасап, буйрықларымды дыққат пенен орынлап жүрсеңиз,
4 жаўынды өз ўақтында жаўдыраман. Жер өз зүрәәтин, мийўе ағашлар өз мийўелерин береди.
5 Зүрәәтиңиз соншелли мол болғанлықтан, жүзим жыйнайтуғын ўақытқа дейин қырман айдайсызлар, егис ўақтына дейин жүзим жыйнайсызлар. Азық-аўқатыңыз көп болады ҳәм елиңизде қәўипсиз жасайсызлар.
6 Елиңизде тынышлық сақлайман, тыныш жатып-турасызлар, ҳеш ким сизлерди қорқыта алмайды. Жыртқыш ҳайўанларды жериңизден қуўып шығараман. Жериңиз саўаш себепли ўайран болмайды.
7 Душпанларыңызды қуўасызлар, олар сизлердиң қылышларыңыздың соққысынан алдыңызда жерге қулайды.
8 Бесеўиңиз жүз адамды, жүзиңиз он мың адамды қуўатуғын боласызлар. Душпанларыңызды қылыштан өткерип, жеңиске ерисесизлер.
9 Сизлерге Өз нәзеримди саламан, сизлерди өсип-өндирип, көбейтемен. Сизлер менен дүзген келисимиме садық қаламан.
10 Бурынғы зүрәәтиңизди жеп таўыса алмайсызлар. Жаңадан алған зүрәәтиңизге орын босатыў ушын бурынғы зүрәәтиңизди шығарып таслайтуғын боласызлар.
11 Мәкан жайымды сизлердиң араңызға қураман, сизлерден жеркенип, жүз бурмайман.
12 Сизлердиң араңызда жасайтуғын Қудайыңыз боламан. Сизлер де Мениң халқым боласызлар.
13 Мен сизлерди Мысыр елиндеги қуллықтан қутқарған Қудайыңыз Жаратқан Ийемен. Мойынтырығыңызды сындырып тасладым ҳәм басларыңызды көтерип жүриўге мүмкиншилик бердим».
14 «Бирақ Маған қулақ аспай, пүткил буйрықларымды орынламасаңыз, жазаланасызлар.
15 Қағыйдаларымнан жүз бурып, нызамларымнан жеркенип, буйрықларыма бойсынбасаңыз ҳәм келисимимди бузсаңыз,
16 онда сизлерге мынадай жаза жиберемен: үстиңизге қорқыныш дөндиремен. Өкпе кеселлиги ҳәм ысытпа көзлериңиздиң нурын сөндирип, жаныңызды кемиреди. Туқымды босқа егетуғын боласызлар, себеби зүрәәтиңизди душпанларыңыз жейтуғын болады.
17 Сизлерге Өзим қарсы шығаман. Душпанларыңыз сизлердиң үстиңизден жеңиске ериседи. Сизлерди жек көретуғынлар сизлерге ҳүкимдарлық қылады ҳәм изиңизден ҳеш ким қуўмаса да, қашатуғын боласызлар.
18 Егер буларға да қарамай, Маған қулақ салмасаңыз, гүналарыңыздың жазасын жети есе арттыраман.
19 Қайсар менменлигиңизди жоқ қыламан. Аспаныңызды темир сыяқлы, жериңизди қола сыяқлы қыламан.
20 Күшиңизди босқа сарплайсызлар, жериңиз өз зүрәәтин, мийўе ағашларыңыз мийўесин бермейтуғын болады.
21 Егер буннан кейин де қарсы шығыўды даўам етсеңиз, Маған қулақ салыўды қәлемесеңиз, гүналарыңыздың жазасын жети есеге арттыраман.
22 Сизлерге қарсы жабайы ҳайўанларды жиберемен. Олар сизлерди балаларыңыздан айырып, малларыңызды қырып таслайды. Сонда сизлердиң саныңыз азайып, жолларыңыз босап қалады.
23 Буның менен де туўры жолға түспей, Маған қарсы шығыўды даўам етсеңиз,
24 Мен де сизлерге қарсы шығып, гүналарыңыз ушын сизлерди жети есе жазалайман.
25 Келисимимди бузғаныңыз ушын басыңызға саўаш дөндирип, жазалайман. Қалаларыңызға шегинип, тығылсаңыз, араңызға иллет жиберемен ҳәм сизлерди душпаныңызға тәслим қыламан.
26 Бир тислем нанға зар қыламан. Сонда он ҳаял нанларын бир тандырда жабатуғын болады. Наныңыз аз-аздан, өлшеп берилетуғын болады. Сизлер буны жегениңиз бенен де, буған тоймайсызлар.
27 Булардан кейин де Маған және қулақ салмай, Маған қарсы шықсаңыз,
28 онда Мен де ғәзеп пенен сизлерге қарсы шығаман ҳәм гүналарыңыздың жазасын жети есеге көбейтемен.
29 Ашлық себепли ул-қызларыңыздың денесин жейтуғын боласызлар.
30 Табынатуғын орынларыңызды қулатып, түтетки түтетилетуғын орынларыңызды жоқ қыламан. Өликлериңизди жансыз бутларыңызға қосып үйемен, сизлерден жеркенетуғын боламан.
31 Қалаларыңызды ўайран қылып, мухаддес орынларыңызды бузып таслайман. Маған усынған хош ийисли садақаларыңызды қабыл етпеймен.
32 Елиңизди ўайран қыламан, ол жерге жайласатуғын душпанларыңыз бул аўҳалға қатты таң қалысатуғын болады.
33 Сизлерди болса, басқа халықлардың арасына тарқатып жиберип, қылышым менен сизлердиң изиңизге түсип аламан. Елиңиз босап қалады, қалаларыңыз ўайран болады.
34 Сизлер душпанларыңыздың елинде жасап атырғаныңызда, жериңиз босап қалады. Сол ўақытлары Шаббат жылларының орнын толтырып, дем алады.
35 Жериңиз ўайран болып, босап қалған ўақытта дем алады. Себеби сизлер елиңизде жасап атырған ўақтыңызда, Шаббат жыллары жериңизге дем бермеген едиңиз.
36 Душпанларыңыздың жерлеринде аман қалғанларыңыздың жүрегине сондай бир қорқыныш саламан, ҳәттеки, жапырақтың сытырлысынан да қылыштан қашқандай болып қашасызлар. Сизлердиң изиңизден ҳеш ким түспесе де, қашып, жығыласызлар.
37 Сизлерди ҳеш ким қуўмаса да, қылыштан қашқандай болып, бир-бириңизге сүрнигип жығыласызлар. Душпанларыңызға қарсы тура алмайсызлар.
38 Солай етип, басқа халықлардың арасында жоқ боласызлар. Душпанларыңыздың жерлери сизлерди жутып жибереди.
39 Аман қалғанларыңыз болса, душпан жерлеринде өзлериниң ҳәм ата-бабаларының гүналары себепли димарыңыз қурып, азап шегесизлер.
40 Бирақ сизлер өзлериңиздиң ҳәм ата-бабаларыңыздың гүналарын, Маған қыянет еткенлериңизди ҳәм Маған қарсы ислеген ислериңизди тән аласызлар.
41 Себеби гүналарыңыз себепли сизлерге қарсы шығып, душпанларыңыздың жерине алып бардым. Енди тас жүреклериңизди жумсартып, айыпларыңыздың жазасын өтейсизлер.
42 Сонда Мен де Яқып, Ысақ ҳәм Ибрайым менен дүзген келисимимди ҳәм сизлерге ўәде қылып берген жерди еслеймен.
43 Ел ўайран болып, босап қалған ўақытлары Шаббат жылларының орнын толтырып, дем алады. Сизлер ислеген гүналарыңыздың жаза мүддетин өтейсизлер, өйткени сизлер нызамларымнан бас тартып, қағыйдаларымнан жеркендиңиз.
44 Буларға қарамай, Мен душпан жерлеринде болған сизлерден бас тартпайман, сизлерден жеркенип, толығы менен қырып тасламайман. Сизлер менен дүзген келисимимди бузбайман. Себеби Мен сизлердиң Қудайыңыз Жаратқан Ийемен.
45 Қудайыңыз болыў ушын, басқа халықлардың көз алдында Мысырдан алып шыққан ата-бабаларыңыз бенен дүзген келисимимди сизлер ушын еслеймен. Мен – Жаратқан Ийемен».
46 Жаратқан Ийениң Синай таўында Муўса арқалы Израил халқына берген қағыйдалары, нызамлары ҳәм көрсетпелери усылардан ибарат еди.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16