Лебийлилер 18 bob

1 Қадаған етилген жынысый қатнаслар

1 Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2 – Израил халқына былай деп айт: «Қудайыңыз Жаратқан Ийе – Мен боламан.
3 Өзлериңиз бурын арасында жасаған Мысыр халқының ҳәм Мениң сизлерди апаратырған Қанан жериниң үрп-әдетлерине әмел қылып, олар сыяқлы жасамаңлар.
4 Мениң нызамларымды орынлап, қағыйдаларым бойынша жасаңлар. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен.
5 Қағыйда ҳәм нызамларыма әмел қылың. Өйткени адам оларды орынлаўы арқалы өмир сүреди. Мен – Жаратқан Ийемен.
6 Ҳеш ким жынысый қатнас жасаў ушын өз ағайинине жақынламасын. Мен – Жаратқан Ийемен.
7 Анаң менен жынысый қатнас қылып, әкеңди шерменде қылма. Ол анаң болғаны ушын, оның етегин ашпа.
8 Әкеңниң намысына тиймеўиң ушын, оның ҳеш бир ҳаялы менен жынысый қатнас қылма.
9 Сениң менен бир үйде туўылсын, басқа жерде туўылсын, анаңнан ямаса әкеңнен туўылған өгей қарындасларыңның ҳеш бири менен жынысый қатнас қылма.
10 Қызыңнан ямаса улыңнан туўылған ақлық қызың менен жынысый қатнас қылма. Өйткени олар сениң туўған қаналасларың болады.
11 Әкеңниң басқа ҳаялынан туўылған қыз бенен жынысый қатнас қылма. Себеби ол әкеңнен туўылған, сениң қарындасың болады.
12 Әкеңниң әжапасы ямаса қарындасы менен жынысый қатнас қылма. Өйткени ол әкеңниң жақын қаналасы болады.
13 Анаңның әжапасы ямаса сиңлиси менен жынысый қатнас қылма. Себеби ол анаңның жақын қаналасы болады.
14 Әкеңниң ағасының яки инисиниң ҳаялы менен жатып, оларды шерменде қылма. Себеби ол сениң жеңгең болады.
15 Келиниң менен жынысый қатнас қылма. Ол балаңның ҳаялы. Оның менен жатпа.
16 Ағаңның яки иниңниң ҳаялы менен жынысый қатнас қылма. Болмаса олардың намысына тийесең.
17 Бир ҳаялдың өзи менен жынысый қатнаста болып, оның қызы менен де жынысый қатнас қылма. Ҳаялдың қызынан ямаса улынан туўылған ақлық қызы менен жынысый қатнас қылма. Себеби олар ҳаялдың жақын қанласлары. Бул уятсыз ис.
18 Ҳаялың тири ўақтында, оның әжапасын ямаса сиңлисин ҳаяллыққа алма ҳәм оның менен жынысый қатнас қылма.
19 Етеги келип жүргени ушын ҳарам саналған ҳаял менен жынысый қатнас қылма.
20 Басқа биреўдиң ҳаялы менен жынысый қатнас қылып, өзиңди ҳарамлама.
21 Балаларыңның ҳеш бирин Молох қудайына арнап, қурбанлыққа берме ҳәм усылай ислеп, Қудайыңның атына тил тийгизбе. Мен – Жаратқан Ийемен.
22 Ҳаял менен жатқандай қылып, еркек пенен жатпа. Бул жеркенишли ис.
23 Ҳеш қандай ҳайўан менен жынысый қатнас қылып, өзиңди ҳарамлама. Ҳаяллар да жынысый қатнас қылыў ушын ҳеш қандай ҳайўанға жақынламасын. Бул – бузықлық болады.
24 Усы ис-ҳәрекетлердиң ҳеш бири менен өзлериңизди ҳарамламаң. Мен сизлердиң алдыңыздан қуўып шығарып атырған халық усындай ислер менен өзлерин ҳарамлаған еди.
25 Олар себепли ел де ҳарамланған. Олардың гүнасы себепли сол жерди жазаладым. Елдиң өзи турғынларынан кеўли айнып, оларды қусып таслады.
26 Сизлер Мениң қағыйда ҳәм нызамларыма әмел қылып жасаңлар. Израиллы болсын, араңызда жасап атырған келгинди болсын, ҳеш бир адам бундай жеркенишли исти ислемесин.
27 Сизлерден алдын бул елде жасаған адамлар усы барлық жеркенишли ислерди ислеп, елди ҳарамлады.
28 Егер сизлер де елди ҳарамласаңыз, сизлерден алдынғы халыққа ислегениндей, ел сизлерди де қусып шығарып жибереди.
29 Ким де ким усы жеркенишли ислердиң биреўин ислесе, халықтың арасынан жоқ қылынады.
30 Мениң буйрықларымды орынлаңлар, сизлерден алдын елде жасаған адамлардың жеркенишли үрп-әдетлерине әмел қылып, өзлериңизди ҳарамламаң. Мен – Қудайыңыз, Жаратқан Ийемен».



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16