Лебийлилер 1 bob

1 Жандырылатуғын қурбанлықлар

 

1 Жаратқан Ийе Муўсаны шақырып алып, Ушырасыў шатырынан оған былай деди:
2 – Сен Израил халқына жәриялап мыналарды айт: «Араңыздағы бириңиз Жаратқан Ийеге қурбанлық бермекши болса, ол ири ямаса майда мал усынсын.
3 Егер ири малдан жандырылатуғын қурбанлық беретуғын болса, онда ол минсиз ҳәм еркек мал усынсын. Жаратқан Ийениң бул қурбанлықты қабыл етиўи ушын, қурбанлықты Ушырасыў шатырының алдына алып келсин.
4 Сол адам қурбанлық малдың басына қолын қойсын. Сонда қурбанлық адамның гүналарының жуўылыўы ушын қабыл етиледи.
5 Кейин ол буғаны Жаратқан Ийениң алдында шалсын. Харонның уллары болған руўханийлер буғаның қанын алып келип, қанды Ушырасыў шатырының кирер аўзының алдындағы қурбанлық орынның төрт қапталына серпип жиберсин.
6 Соңынан қурбанлық берип атырған адам жандырылатуғын қурбанлықтың терисин сыйырып алып, оны жиликлеп бөлсин.
7 Ал руўханий Харонның уллары қурбанлық орында от жағып, үстине отын қаласын.
8 Кейин малдың жиликлерин, басын ҳәм иш майларын сол оттың үстине жайластырсын.
9 Малдың ишек-қарны ҳәм туяқлары суў менен жуўылсын. Ал руўханий олардың барлығын қурбанлық орынның үстинде түтетип жандырсын. Бул – жандырылатуғын қурбанлық, Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болады.
10 Егер майда малдан жандырылатуғын қурбанлық беретуғын болса, онда ол минсиз болған еркек тоқлы ямаса теке усынсын.
11 Оны қурбанлық орынның арқа тәрепинде, Жаратқан Ийениң алдында шалсын. Харонның уллары болған руўханийлер қанды қурбанлық орынның төрт қапталына серпип жиберсин.
12 Адам қурбанлықты жиликлеп, басын ҳәм иш майларын айырып алсын. Руўханий оларды қурбанлық орындағы жанып турған оттың үстине жайластырсын.
13 Қурбанлықтың ишек-қарны ҳәм туяқлары суў менен жуўылсын. Ал руўханий олардың барлығын қурбанлық орынның үстинде түтетип жандырсын. Бул – жандырылатуғын қурбанлық, Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болады.
14 Егер ким де ким жандырылатуғын қурбанлық етип Жаратқан Ийеге қус бермекши болса, онда ол қумыры ямаса жас кептер усынсын.
15 Руўханий оны қурбанлық орынға әкелип, басын үзип алсын ҳәм басын қурбанлық орынның үстинде түтетип жандырсын. Ал қустың қанын қурбанлық орынның қапталына сығып, ағызсын.
16 Руўханий қустың жемсегин ишиндеги нәрселери менен бирге шығарып, қурбанлық орынның шығыс тәрепиндеги күл төгилетуғын жерге тасласын.
17 Соң қустың қанатларынан услап, қусты қақ айырсын, бирақ оны екиге бөлип тасламасын. Кейин қусты қурбанлық орындағы жанып турған оттың үстине қойып түтетип жандырсын. Бул – жандырылатуғын қурбанлық, Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болады».



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16