Иоел 3 bob

Жаратқан Ийе халықларды ҳүким қылады (1-16), Қудай Өз халқын жарылқайды (17-21).

1 «Мине, сол күнлерде, Мен Яҳуда ҳәм Ерусалимди, Қайтадан абаданшылыққа еристиргенимде,
2 Барлық миллетлерди жыйнап, Еҳошафат ойпатлығына алып бараман. Мүлким болған Израил халқын, Миллетлер арасына тарқатып, жеримди бөлисип алғаны ушын, Сол жерде оларды ҳүким қыламан.
3 Олар қул сайлаў ушын шек таслады халқым ушын, Өзлери бузықшылық қылыў ушын, ер балаларды сатты, Ишкен шарабы ушын қызларды төлем орнына берди.
4 Ҳәй, Тир, Сидон ҳәм барлық филист үлкелери, Сизлерге Меннен не керек? Меннен өш алыўды қәлейсизлер ме? Егер Меннен өш алмақшы болсаңыз, Сол ўақыттың өзинде өз қылмысыңызды, Қайтарып өз басыңызға саламан.
5 Сизлер тонап алдыңыз гүмис ҳәм алтынымды, Алып кеттиңиз өз ибадатханаларыңызға қымбат баҳалы затларымды.
6 Яҳуда ҳәм Ерусалим халқын греклерге сатып, Оларды өз ўатанынан узақластырдыңыз.
7 Көресизлер, Яҳуда ҳәм Ерусалим халқын, Алып шығаман сизлер сатқан жерлерден. Қылмысыңызды өз басыңызға саламан.
8 Енди ул ҳәм қызларыңызды Яҳуда халқына тапсыраман, Оларды узақ бир журтқа – шебалыларға сатады. Буларды Жаратқан Ийе болған Мен айттым».
9 Миллетлер арасында былай деп жәриялаң: «Саўашқа таярланып, батырларыңызды шақырың. Барлық әскерлериңиз атланып, ҳүжимге шықсын!
10 Пазнаңыздан қылышлар, Орағыңыздан найзалар соғың. Ҳәлсизлер: „Жаўынгермен“, – десин.
11 Ҳәй, дөгеректеги барлық миллетлер, асығың, Ҳәммеңиз жылдам келиң». Жаратқан Ийеден Өз батырларын сол жерге әкелиўин сораң.
12 Жаратқан Ийе былай дейди: «Миллетлер аяққа турсын, Еҳошафат ойпатлығына топлансын. Себеби дөгеректеги барлық миллетлерди, Ҳүким етиў ушын сол жерде боламан.
13 Қәне, орақ салыңлар, егинлер писти, Келиңлер, жүзим искенжелери толып кетти, Басып жүзимлерди сығыңлар. Өйткени олардың жаўызлықлары толып кетти».
14 Ҳүким ойпатлығына, Сансыз аламан жыйналды, Ҳүким ойпатлығына, Жақынласты Жаратқан Ийениң күни.
15 Қуяш ҳәм ай қараңғыласқан, Жулдызлардың нуры сөнип қалған.
16 Жаратқан Ийе Сионда турып бақырады, Ерусалимнен гүркиреген даўыс шығарады. Аспан ҳәм жер шайқалады. Бирақ Жаратқан Ийе Өз халқын панасына алады, Израил халқының қорғаны болады.
17 Жаратқан Ийе және былай дейди: «Сол ўақытта сизлер билетуғын боласыз, Мухаддес таўым болған Сионды мәкан еткен, Қудайыңыз Жаратқан Ийе – Мен екенимди. Ерусалим мухаддес қала, Басқа халықлар оны енди ҳасла басып алмайды.
18 Сол күни мазалы жүзим шарабы ағар таўлардан, Сүт ағып турар төбешиклерден, Яҳудадағы ҳәмме суўсыз өзеклер суўға толады, Жаратқан Ийениң үйинен бир булақ шығады, Шиттим ойпатлығын суўғарады.
19 Бирақ Мысыр ўайран болады, Эдом изсиз шөлге айланады, Себеби олар яҳудалылардың жерине ҳүжим қылып, Айыпсыз адамлардың қанын төкти.
20 Ал Яҳуда адамның мәңги мәканлайтуғын жери болады, Ерусалим әўладтан-әўладқа турады.
21 Төгилген қанлар ушын жаза бермеген едим, Енди олардың қанының өшин аламан. Жаратқан Ийеңиз болған Мен Сионды мәканлайман».



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16