Даниел 1 bob

Даниелдиң Бабилонға алып кетилиўи (1-21).

1 Яҳуда патшасы Еҳоякимниң патшалығының үшинши жылында Бабилон патшасы Набуходоносор Ерусалимге жүрис қылып, қаланы қамал қылды.
2 Жаратқан Ийе Набуходоносордың Яҳуда патшасы Еҳоякимди тутқынға алыўына ҳәм Қудайдың Ибадатханасындағы базы ыдысларды алып кетиўине жол қойды. Набуходоносор ыдысларды Бабилонияға алып барып, оларды өз қудайының ибадатханасының ғәзийнеханасына жайластырды.
3 Бабилон патшасы сарайының бас хызметшиси Ашпеназға Израил халқынан алып келинген тутқынлардың ишинен патшаға ҳәм ақ сүйеклердиң шаңарағына тийисли болған жас жигитлерди алып келиўди буйырды.
4 Булар минсиз, келбетли, ҳәр тәреплеме ақылпарасатлы, билимли, жақсы түсиникке ийе ҳәм патша сарайында хызмет етиўге ылайықлы болыўы керек еди. Және де Ашпеназ оларға калдейлердиң тилин ҳәм әдебиятын үйретиўи тийис еди.
5 Патша олар ушын өз дастурханынан аўқат ҳәм шарап ажыратып қойды. Сол жас жигитлер үш жыл даўамында тәлим алғаннан кейин, патшаның алдында хызметке тайын болыўы керек еди.
6 Таңланған жаслардың арасында Яҳуда урыўынан болған Даниел, Ханания, Мишаел ҳәм Азария бар еди.
7 Сарайдың бас хызметшиси олардың атларын өзгертип, Даниелди Белтешассар, Хананияны Шадрах, Мишаелди Мешах, Азарияны болса Абед-Него деп атады.
8 Даниел өзин ҳарамламаўды шешти ҳәм ол сарай бас хызметшисинен патша дастурханынан берилетуғын аўқат ҳәм шараптан әкелмеўди өтиниш қылды.
9 Қудай Даниелдиң сарай бас хызметшисиниң кеўлинен шығыўына ҳәм реҳимине миясар болыўына жол қойды.
10 Сарайдың бас хызметшиси Даниелге былай деди: «Яқ, сизлерге берилетуғын аўқат пенен ишимликлерди уллы мәртебели патшамыздың өзи белгилеп берди. Оның буйрықларынан бас тартыўдан қорқаман. Егер ол жүзиңиздиң көриниси басқа жас жигитлердиң жүзинен гөре солғын екенин көрсе, онда жанымды қәўип астына қойған боласыз».
11 Даниел усы мәселе бойынша сарай бас хызметшиси тайынлаған сақшы менен сөйлести, себеби бул сақшы Даниел, Ханания, Мишаел ҳәм Азария ушын жуўапкер адам еди. Ол сақшыға былай деди:
12 «Илтимас, қулларыңызға он күн даўамында жеўге палыз өнимлерин ҳәм ишиўге суў берип, сынап көриң.
13 Кейин бизлердиң көринисимизди патша дастурханынан аўқат жеген жигитлердиң көриниси менен салыстырып көриң, усыдан кейин өз билгениңизди қылың».
14 Солай етип, сақшы буған ыразы болып, оларды он күн даўамында сынап көрди.
15 Он күн өткеннен кейин, олардың қәдди-қәўметлери толысып, патша дастурханынан берилген аўқатларды жеген жигитлерден әдеўир келбетли ҳәм толығырақ болып көринди.
16 Солай етип, сол күннен баслап сақшы патша дастурханынан олар ушын алып келинген аўқатлар менен шарапларды былай қойып, оларға тек ғана палыз өнимлерин беретуғын болды.
17 Қудай бул төрт жигитке ҳәр тәреплеме билим ҳәм әдебият пенен даналықты үйрениўде уқып берген еди. Оннан қала берсе, Даниел ҳәр түрли аян ҳәм түслерди жорыў қәбилетине ийе еди.
18 Патша белгилеген мүддет тамам болғанда, сарай бас хызметшиси барлық жигитлерди Набуходоносордың алдына алып барды.
19 Патша олар менен сөйлести ҳәм олардың арасынан Даниел, Ханания, Мишаел ҳәм Азарияға тең келетуғыны табылмады. Соның ушын, олар патшаның хызметине тайынланды.
20 Патша қандай сораў бермесин, олардың даналығы, түсиниги пүткил патшалықтағы палкерлерден ҳәм порханлардан он есе үстин болып шықты.
21 Патша Кирдиң патшалығының биринши жылына дейин Даниел сарайда хызмет етти.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16