Жоқлаў 1 bob

Ерусалимди жоқлаў (1-22).

1 Әттегене-ай! Бир ўақытлары адамға толы қала, Қалайынша енди жалғызланып қалды! Миллетлер арасында уллы саналған, Жесир ҳаялға уқсап қалды. Ўәлаятлардың ханымы болған, Енди күңге айланды.
2 Түн бойы ол зар жылайды, Көз жаслары шекелеринен ағады. Барлық ойнаслары арасында, Оны жубататуғыны жоқ. Барлық дослары сатқынлық етти, Оның душпанларына айланды.
3 Яҳуда апатшылық ҳәм аўыр қуллық астында, Сүргин қылып алып кетилди. Ол басқа миллетлер арасында жасап, Ҳеш тынышлық таппады. Ол қысқыға ушырағанда, Қуўғын қылыўшылардың қолына түсти.
4 Сионға баратуғын жоллар аза тутпақта, Себеби белгиленген байрамларға келетуғын ҳеш ким жоқ. Барлық дәрўазалары ҳүўлеп қалды, Руўханийлери аўыр гүрсинбекте. Бул қаланың қызлары қайғы-азап шекпекте, Қаланың өзи де ғамға батқан.
5 Душпанлары басшы болып алған, Жаўлары берекет таппақта. Қылмысының аўырлығы себепли, Жаратқан Ийе бул азапты Сионға жаўдырды. Балалары душпанның алдына салынып, Тутқын қылып алып кетилди.
6 Қыз Сион өз саўлатын жойтты. Басшылары жайлаў таппаған суўын яңлы, Аңшыдан қашыўға мәдары қалмады.
7 Азап ҳәм сергизданлық күнлеринде, Ерусалим бурын ийелеген барлық ғәзийнелерин еске алады. Халқы жаў қолына түскенде, Оған жәрдем берген болмады. Оның қулағанын тамашалап, Душпанлар үстинен күлди.
8 Ерусалим аўыр гүна иследи, Сол себепли ҳарам болды. Оны ҳүрмет еткенлер жалаңашлығын көрип, Оған жек көриўшилик пенен қарады. Енди болса ол гүрсинип, Ҳәммеден жүзин жасырмақта.
9 Оның жазығы аўыр еди, Бирақ ақыбетин ойламады. Ол жан түршигерли тәризде қулады, Оған тәселле бериўши болмады. «О, Жаратқан Ийе, аўыр аўҳалыма бир нәзер сал, Себеби душпан меннен үстин шықты!»
10 Душпан оның ең қымбатлы затларына қол салды, Басқа миллетлерге Өз жыйыныңа кириўди қадаған қылған болсаң да, Ерусалим олардың Мухаддес мәканға киргенин көрди.
11 Қаланың пүткил халқы нан излеп аҳ урмақта, Жүрек жалғаў ушын, бар байлығын бермекте. «О, Жаратқан Ийе, нәзер салып, Қандай хорланғанымды көр!
12 Ҳәй, жолдан өтип баратырғанлар! Сизлерге бәри бир ме? Аўҳалыма бир қарап көриң, Мен жолыққан дәрттей дәрт бар ма? Жаратқан Ийе ғәзеби лаўлаған күни, Бул дәртти басыма төкти.
13 Ол жоқарыдан от жиберип, Сүйеклеримди күйдирди. Аяқларыма тор таслап, Мени артқа қайтарды. Мени ўайран етип, Күн бойы ҳалдан тайдырды.
14 Гүналарымнан маған мойынтырық иследи, Ийе оларды Өз қоллары менен бириктирип байлап, Оны мениң мойныма асып қойды, Оның менен күшимди ҳәлсиретти. Мени өзим қарсы тура алмайтуғын, Душпанларымның қолына берди.
15 Ийе мендеги барлық батырларымды жерге урды, Жигитлеримди қырыў ушын маған қарсы ләшкер топлады. Ийе пәк қыз Яҳуданы, Жүзим сыққандай етип женишти.
16 Булар ушын еңиреймен, Көзимнен жас сел болып ағады. Қасымда мени жубатып, Жанымды жай таптырар ҳеш ким жоқ. Балаларым ўайран болды, Себеби душпан үстин келди».
17 Сион қолларын созады, Бирақ оған тәселле беретуғын жоқ. Яқыпқа душпан болыўды, Жаратқан Ийе буйырды қоңсы халықларға. Ерусалим олардың арасында ҳарам нәрсеге айланды.
18 «Аўа, Жаратқан Ийе әдил, Мен Оның буйрығына қарсы шықтым. Ҳәй барлық халықлар, маған қулақ салың, Мениң шегип атырған азабыма қараң. Жас қызлар менен жигитлерим сүргин қылынды.
19 Мен ойнасларымды шақырдым, Бирақ олар мени сатты. Руўханийлерим менен ақсақалларым, Жан сақлаў ушын азық излеп жүрип, Қала ишинде жан тапсырды.
20 Қара, Жаратқан Ийе, қандай азап шегип атырман, Ишим жанып, жүрегим қақ айырылмақта, Себеби Саған қарсы бас көтердим. Сыртта қылыш балаларымнан айырмақта, Иште өлим ҳүким сүрмекте.
21 Адамлар аҳыў-наламды еситти, Бирақ маған тәселле бериўши жоқ. Барлық душпанларым апатшылығымнан хабар тапты, Маған ислегенлериңнен шад болды. Сен жәриялаған сол күнди алып кел, Олар да мениң аўҳалыма түссин.
22 Пүткил жаўызлықлары нәзериңнен қашпасын, Барлық қылмысларым ушын маған не қылған болсаң, Оларға да соны исле. Аҳыў-налам көп, Жүрегимде мәдарым қалмады».



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16