Еремия 6 bob

Ерусалимниң қамал қылыныўы (1-30).

1 – Ҳәй, Бенямин халқы, жаныңызды қутқарыў ушын, Ерусалимнен қашып кетиң! Теқоада кәрнай шалың! Бейт-Ҳаккеремде от жағып, белги бериң! Арқадан апатшылық, уллы қырғын көринбекте.
2 Сулыў ҳәм нәзик қызды, Қыз Сионды жоқ қыламан.
3 Шопанлар сүриўи менен оған келип, Дөгерегине шатырларын тигеди. Ҳәр ким үлесине тийген жерде сүриўин жаяды.
4 «Ерусалимге қарсы урысқа таярланың! Турыңлар, күндиз ҳүжимге шығайық! Ўай-буў, күн батыўға мейил берипти, Кеш түсип, көлеңкелер узайыпты.
5 Турыңлар, түнде ҳүжим жасап, Оның қорғанларын қыйратайық!»
6 Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: – Тереклерин кесиң, Ерусалимге минетуғын топырақ үйиң. Бул қала жазаланады, Онда зорлық-зомбылықтан басқа ҳеш нәрсе жоқ.
7 Булақтан суў шыға бергениндей, Бул қалада да жаўызлық солай шыға береди. Оннан зорлық ҳәм зулымлықтың даўысы еситилип тур, Кеселлик ҳәм жараларды көрип турман.
8 Ерусалим, ескертиўиме қулақ сал, Болмаса, сеннен жүз бураман. Сени қаңыратып, Адам жасамайтуғын жерге айландыраман.
9 Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: – Жүзимниң соңғы солқымына дейин терилгениндей, Душпанлар Израилды аман қалғанларынан журдай қылады. Сонлықтан жүзим териўши сыяқлы, Қолыңды иске салып шақаларды қайта көрип шық.
10 – Мен кимге айтып, кимди қәўиптен сақлайын? Ким маған қулақ асады? Олардың қулақлары жабық, еситпейди. Жаратқан Ийениң сөзи оларға шерменделиктей түйиледи, Оннан рәҳәтленбейди.
11 Сол себепли мен Жаратқан Ийениң ғәзебине толдым, Қәҳәримди баса алмайман. – Бул ғәзепти көшедеги балалардың, Жыйналып турған жигитлердиң үстине төк. Ол еркек ҳәм ҳаялларға жаўады, Қартайғанлар ҳәм күни жақынласқанлар да оннан қутыла алмайды.
12 Олардың үйлери, атызлары ҳәм ҳаяллары, Басқаларға бериледи. Себеби Мен бул жердиң турғынларына қарсы қолымды көтеремен, – дейди Жаратқан Ийе. –
13 Кишкенесинен үлкенине шекем, Ҳарам дүнья табыўға ҳәўес, Пайғамбарларынан руўханийлерине шекем, Ҳәммеси ҳийле менен ис тутады.
14 Тынышлық болмаса да: «Тынышлық, тынышлық», – деп, Халқымның қәўипли жарасын жүзеки емлейди.
15 Ислеген жеркенишли ислери ушын олар уялды ма? Яқ, ҳеш те уялмады, Қызарыў не екенин де билмеди. Сонлықтан олар да қулағанлар менен қулайды, Жазалағанымда, жер менен жексен болады, – дейди Жаратқан Ийе.
16 Жаратқан Ийе былай дейди: – Дәрбент жолларда турып, қараң, Әййемги соқпақлар ҳаққында сорап, Жақсы жолдың қай жерде екенин үйрениң. Оннан жүриң, жаныңыз рәҳәт табады. Бирақ сизлер: «Оннан жүрмеймиз», – дедиңиз.
17 Мен сизлердиң үстиңизден гүзетши қойып: «Кәрнайдың даўысына қулақ салың», – дедим. Бирақ сизлер: «Тыңламаймыз», – дедиңиз.
18 Соның ушын, миллетлер, қулақ салың, Қарап турғанлар, олардың басына нелер түсетуғынын билиң.
19 Тыңла, жер жүзи! Бул халықтың басына апатшылық жаўдыраман, Бул олардың жаман нийетлериниң мийўеси болады. Олар Мениң сөзлериме қулақ аспады, Нызамымды қабыл етпеди.
20 Не ушын Маған Шебадан хош ийисли түтетки, Узақ еллерден хош ийисли қамыс алып келинеди? Жандырылатуғын қурбанлықларыңызды қабыл етпеймен, Сизлердиң қурбанлықларыңыз Маған унамайды.
21 Сонлықтан Жаратқан Ийе былай дейди: – Бул халықтың алдына сүрнигетуғын тас қояман, Әкелер балалары менен бирге сүрнигип жығылады, Қоңсылар дослары менен бирге набыт болады.
22 Жаратқан Ийе былай дейди: – Мине, арқадан бир халық киятыр, Дүньяның шетинен бир уллы миллет аяққа турмақта.
23 Олар оқ жай ҳәм семсер менен қуралланған, Өзлери де залым ҳәм реҳимсиз. Атларға минип шаўған сести, Теңиз сыяқлы шуўылдайды. Қыз Сион! Саған ҳүжим қылыў ушын, Олар бир адамдай сап тартып киятыр.
24 – Олар ҳаққындағы бул хабарды еситип, Қолларымызда дәрман қалмады. Толғақ тутқан ҳаялдай, Шаншыў ҳәм азап бийлеп алды.
25 Атызларға шықпаң, жолларда жүрмең! Душпанның қолында қылыш бар, Әтирапты қорқыныш орап алған.
26 Ҳәй, мениң халқым! Аза кийимин кийип, күлге отыр. Жалғыз перзент ушын аза тутқандай, Ашшы-ашшы көз жас төк. Себеби үстимизге тосаттан набыт қылыўшы келеди.
27 – Мен сени халқым арасына, Темирди сынағандай етип, Халқымды сынаў ушын қойдым. Сен оларды бақлап, жолларына баҳа бересең.
28 Олардың ҳәммеси бағынбайтуғын қозғалаңшы, Өсекши адамлар. Олар қола ҳәм темирдей қатты, Бәри жолдан шыққан.
29 Көрик тоқтаўсыз үпленип, Отта қорғасын ерип атыр. Бирақ зергердиң бул иси бийҳуда кетти, Сонда да жаўызлықтан ажыратылмады.
30 Оларды «сыпатсыз гүмис» деп атайды. Өйткени Мен, Жаратқан Ийе олардан жүз бурдым.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16